Бундай аналар қорқыўлары менен перзентлерине жабысып алып перзентлериниң тәрбиясын бузады, перзентлерин кесел қылады, перзентлериниң турмысын бузады, перзентлерин ɵзинен ўақтында сепарация қыла алмайды. Сонлықтан жасы үлкен аналардың, енелердиң бәршеси кесел болады. Себеби, олар сол жасына шекем қәлби кесел болып жасады. Сенде қәлби кесел ата-ананың қолында ɵстиң. Енди ɵзиңде кесел қәлб пенен жасап, перзентлериңниң қәлбинде кесел қылып атырғаныңды аңламайсаң, олардыда ɵзиңе уқсаған кесел, бахытсыз адамға айландырып атырғаныңды аңламайсаң.
Ҳәр қандай кеселлик дәслеп адамның қәлбинде пайда болады, соң нәпске-ақылға ɵтип, адамның нәпси кеселленип ол нервный адам болады, соң нәпстеги кеселлик денеге ɵтип, адамның денесинде кеселллик пайда болады. Не ушын адамның қәлби кесел болады? Адамның қәлбинде муҳаббат болмаса, қәлб бахытсыз болып кеселленеди. Муҳаббатсыз жасайтуғынлар ўақты ɵтип кесел болады. Буны қартайған адамларға қарап кɵрсеңиз болады. Олар не ушын қартайғанда кеселликтен қыйналып жасап атыр? Себеби, олар сол жасына дейин муҳаббатсыз жасады. Ҳаялда муҳаббат болмаса ол ҳақыйқый ҳаял бола алмайды. Еркекте муҳаббат болмаса ол ҳақыйқый еркек бола алмайды.
Сениң дипломың, жумысың, пулларың, атағың, абыройың, әмелиң ҳ.т.б нәрселериң тәғдириңде ҳеш нәрсе шешип бере алмайтуғынын түсинип жетсең, қәлбиң саўалып баслайды, қәлбиңде муҳаббат пайда болады, нәпсиңде жуўапкершилик пайда болады. Буның нәтийжесинде сен ɵз үстиңде шуғылланып, ер жетип, раўажланып баслайсаң, ɵзиңди ҳақыйқый ҳаялдай, ҳақыйқый еркектей сезип баслайсаң. Муҳаббатсыз жасайтуғын адамларды нәпси басқарады, нәпсиниң ашкɵзлиги басқарады, ɵзиниң нәпсине күши жетпейди. Бундай адамды ҳайўаный санада жасап атырған адам деп айтады. Адамның ҳайўаннан парқы адамда саналы муҳаббат болады, аңлы бахыт болады, саналы раўажланыў болады.
@psixolog_nukus