Саўатсызлық иллети
Саўатсызлық иллети ең үлкен бузғыншы иллет есапланады. Себеби, бузғыншы иллетлердиң бәршеси саўатсызлық иллетинен басланады. Саўатсызлық иллети инфекцион кеселликке уқсайды, дәслеп бир жерде ошаққа айланып, соң әтирапқа тарқалып эпидемияға айланады. Бүгинги күнде бизиң елде саўатсызлық эпидемияға айланып баратыр. Саўатсызлық дәслеп шаңарақларда пайда болады, соң медицина ҳәм билимлендириў, илим тараўында пайда болады, соң ғалаба хабар қуралларында, соң ҳуқық ҳәм экономика тараўында, соң мәденият тараўында пайда болады. Коллеж-лицейлерде, институтларда, университетлерде оқыўшылардың оқыўға деген, билим алыўға деген қызығыўшылығы жылдан-жылға тɵменлеп, оқыўға қуры барып-келетуғын болып баратыр. Оқытыўшылардада оқыўшыларға, студентлерге билим бериўге мотивациясы, оқыўшыларда болса баҳа алыўға деген мотивациясы жоғалып баратыр. Бизлердиң ўақтымызда оқыўға деген, баҳа алыўға деген мотивация азмаз болсада бар еди. Магистратурада, аспирантурада оқып жүргенлердиң саны сол дәрежеде кɵбейип кетти, бирақ сапасы жоқ. Олар не ушын оқып жүргенин, не ушын илим менен шуғылланып жүргенин түсинеме екен? Олардың профессор-оқытыўшылары, илимий басшылары саўатсызлардың кɵбейип атырғанын кɵрип ҳүжданы қыйналмайма екен яки ɵзлериде оқыўшыларындай саўатсыз болып баратырма?
Олардың ата-аналарыда перзентлерин пәлен миллион контракт тɵлеп оқытып атыр, не ушын оқытып атыр? Себеби, ата-аналары саўатсыз болса, перзентлериде саўатсыз боладыда. Алдынғы арба қайдан жүрсе- кейинги арба изинен жүреди. Бирақ перзент тәрбиялап атырған ата-аналар булай ойламайды. Перзент тәрбиялаў ушын саўатлы болыў керек, китап оқыў керек деп ойламайды. Бирақ бүгин адамлар ɵзине яки перзентине бир нәрсе болса биреўлерди айыплаўға, критикалаўға шебер болып кеткен. Кеселленсе шыпакерлерди айыплайды, критикалайды, «Саўаты жоқ, диагноз қойып билмейди, дурыслап емлеп билмейди»-деп. Перзенти оқымаса оқытыўшыларды айыплайды, критикалайды, «Саўаты жоқ, оқытпайды, оқытып билмейди»- деп, тап ɵзлери саўатлыдай, ɵзлери китап оқыйтуғындай, ɵз үстинде шуғылланып, саўатын асырып жүргендей, денсаўлығы менен шуғылланатуғындай сɵйлейди. Биреўлерди критикаламастан алдын дәслеп, айнаны ɵзиңе қаратып кɵр. Адам биринши гезекте ɵзиниң саўатсызлығынан, ериншеклигинен, жалқаўлығынан, жуўапкерсизлигинен ɵзи ҳәм перзенти бахытсыз ҳәдийсеге, машқалаға, кеселликке жолығады.
Ɵзиниң қәте- кемшилигин дүзетиўди ойлайтуғын, жуўапкершиликли адамлар билим алады, саўатын асырып жүреди. Егер адам бундай болмаса ол ɵзиниң машқаласында, кеселлигинде, бахытсызлығында тек биреўлерди айыплайды. Бирақ буның менен адам бахытлы болып қалмайды, саламат болып қалмайды, машқаласы шешилмейди, саўатлы, парасатлы, жуўапкершиликли болып қалмайды. Бүгин бизиң елде кɵшелерге, базарларға қарасаң адым жерде аптекаларға кɵзиң түседи ҳәм ҳәр қайсысында қурым-қурым адамларды кɵресең. Бүгинги күнде Ɵзбекстан халқы дәри-дәрмаққа ең кɵп пул сарыплайтуғын халықлардың ишинде алдағы орынларда турыпты. Нɵкисте китап сататуғын дүканларды бармақ бүгип санасаң 10 ға жетпейди, бирақ аптекаларды ҳәм косметикалық салонларды санасаң, санап таўыса алмайсаң. Себеби, халықта соларға деген талап бар. Бул талап биринши гезекте халықтың саўатсызлығынан пайда болып атырған жоқпа?