Кафе, ресторанлар, аўқатланатуғын, арақ-пиво ишетуғын, шағал мәслик қылатуғын жерлерге барсаңда қурым-қурым адамлар. Адамлар жарыспаққа не болса соған той берип, ол жерлердеде қурым-қурым адамлар. Бирақ театр, музейлерге барсаң аз санлы адамды кɵресең. Бүгин адамлар, кɵпшилиги оқыған, жоқары мағлыўматлылар отырыспаққа, играға, туўылған күнге, шақырыққа, шағал-мәсликке ўақыт табады, бирақ китап оқыўға, ɵз үстинде шуғылланыўға, перзентлери тәрбиясы менен шуғылланыўға ўақты жоқ. Булда саўатсызлықтан емеспе? Сен ɵзиң адамларды ɵсек қылғанда, критикалағанда аўызыңды толтырып сɵйлейсең. Бирақ ɵзиң қандайсаң? Халқың ушын пайдалы ис қылып атырсаңба, халқыңның саўатлы болыўы ушын, ертең гүллеп-жайнап жасаўы ушын бир нәрсе ислеп атырсаңба? Себеби, бәрше усы халықтың ишинен шығады. Саўатсыз шыпакерлерде усы халықтың ишинен шығады, саўатсыз педагогларда усы халықтың ишинен шығады, саўатсыз илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, юристлер, экономистлер, басшылар, режиссерлар, актерлар, артистлер, бизнесменлер, блогерлерде усы халықтың ишинен шығады.
Егер ҳәр бир адам ɵзиниң билимин, саўатын асырыўды ойлағанында бүгингидей жағдайға келип қалмаған болар едик. Не ушын бундай? Себеби, бүгинги заман адамларында эгоизм, кɵкиреклик күшейип баратыр, китап оқымасада ҳәмме ɵзинше билгиш, ɵзинше ақыллы. Интернеттен бир-еки қатар нәрсени оқып алып яки шала саўат блогерлерди тыңлап алып «Мен билемен»- деп, кɵкирегин кере береди. Егер сен тек ɵзиңниң ҳәм перзентлериңниң ғамын ойлап жасайтуғын болсаң, балаларыңды жақсы ишип-жедириў, кийиндириў, оқытыў, жарыспаққа машина алыў, жай салыў, тек айлық ушын, кредитлериңди тɵлеў ушын жумыс ислейтуғын болсаң, онда халықты ким ойлайды? Сенде ҳәм перзентлериңде усы халық пенен жасап атырсаң, ҳәммемиз бир-биримиз бенен байланыслымыз, бир қазанның ишинде жасап атырмыз.
Халқын ойламайтуғын, халқына пайдалы ислер менен шуғылланбайтуғын адамның ɵзинде ҳәм перзентлеринде машқалалар, бахытсызлықлар болады. Себеби, ертең перзентлериң усы халық пенен бирге жасайды. Халқың ушын пайда келтирмеген болсаң, перзентлериңеде пайда келтирмеген боласаң. Жаратылыс нызамлары бойынша ҳәр бир тири жан, адам әтирапындағыларға я пайдасын тийгизип яки зыянын тийгизип жасайды. Халқына зыянлы ислер менен шуғылланған- саўатсызлықтың, парахорлықтың, арақхорлықтың, қумарпазлықтың, бузықшылықтың кɵбейиўине үлесин қосып атырғанлар ертең ɵзлерине ҳәм перзентлерине не болатуғынын түсинбейди. Буны түсиниў ушын ўақтында сондай ислер менен шуғылланған адамлардың қартайғандағы ɵмирине, перзентлериниң, ақлықларының тәғдирине қызығып кɵриң. Адамның ɵзи менен, перзентлери менен болып атырған бахытсызлықлар қурыдан-қуры болмайды. Халқына пайдасын тийгизип жасаған адамның перзентлериде жақсы жасайды. Әсиресе, халқының саўатлы, илимли, билимли болыўына, руўхый раўажланыўына үлесин қосатуғынлардың ɵзиниң ҳәм перзентлериниң тәғдири жақсы болады. Адамда дәслеп билим алыўға деген қызығыўшылық, сүйиспеншилик пайда болады. Ўақыт ɵтип адамның жүрегинде ҳақыйқый муҳаббат пайда болып, ол тек нәпси- эгоизми менен жасамайтуғын болады. Бәрше жақсылықлар билим алыўдан басланған.
@psixolog_nukus