Бахытты бир жерден излемейсең, бахыт бир жақларда емес.
Данышпан ҳаял Рабия қартайғанда кешке таман кɵшеде тентиреклеп бир нәрсени излеп жүрген еди.
Адамлар оны кɵрип «Рабия не излеп жүрсең»- деп сорайды.
Рабия «Мен ийнемди жойытып алып едим, соны излеп жүрмен»- деп жуўап береди.
Адамлар оның менен бирге қосылып ийнесин излеп баслайды. Қараса күн батып баратыр, ийнени таба алмай атыр. Бир киси Рабияға қарап «Ийнени қай жерде жойытып алып едиңиз, сол жерден излейик. Себеби, ийне кишкене болса, оны табыў аңсат емес»- деп айтады.
Рабия «Мен ийнемди үйде жойытып алдым»- дейди.
Адамлар оның бул гәпине таңланып, «Ийнеңди үйиңде жойытып алған болсаң, неге оны сырттан излеп жүрсең»- деп сорайды.
Рабия «Мен сизлерге не ушын екенин айтқаным менен бәри-бир түсинбейсиз»- деп айтады.
Рабия оларға қарап, «Себеби, үйдиң иши қараңғы, сырт болса жақты, соның ушын ийнени сырттан излеп жүриппен»- деп, жуўап береди.
Рабияның бул астарлы гәпин сол гезде адамлар түсинбеген болса керек. Себеби, ҳәзирги замандада адамлар әсирлер даўамында қылған қәтелерин, бахытсызлықларын қайталап жасап атыр. Яғный, адам бахытты ɵзинен ҳәм үйинен таба алмағанлықтан оны сырттан излейди, кимдур атақтан, абыройдан, әмелден излесе, кимдур пулдан, материаллық нәрселерден, модадан излейди, кимдур илимнен, кимдур диннен, кимдур жумыстан, кимдур қатнасықлардан, жәмийеттен излейди. Сɵйтип оларда Рәбияға уқсап жойытқан ийнесин бир ɵмир таба алмай излеп жүре береди. Буны қартайған адамлардың ɵмиринде кɵрсеңиз болады. Олар қартайған гезинде жүдә бахытсыз болып жасайды. Демек, оларда сол жасына шекем бахытты бир жақлардан излеп жасаған, «Мен бахытлыман, шүкирмен»- деп ɵзлерин алдап жасаған.
@psixolog_nukus