Пулға саналы мүнәсибетте болыў
Адам кимге яки неге аңсыз мүнәсибетте болса онда сол бойынша машқала пайда болады. Бундай жағдайда адам машқаласының себебин түсинбей ɵз билгенинше ҳәрекет етеди, гүреседи, урысады, ɵзин отқа- шоққа урады, кɵнеди, шыдайды, қыйналады, қорқады, ɵкинеди, налынады, айыплайды, ɵкпелейди. Адам пулға саналы мүнәсибетте болса пулға қандай кɵз- қараста болыў кереклигин, пулды қәйтип басқарыў кереклигин биледи. Егер адамда пулға болған негатив кɵз- қарас, жалған түсиниклер болса, адамды сол негатив кɵз- қарасы басқарады. Сол себепли адамда пул бойынша ҳәр қыйлы машқалалар келип шыға береди.
Бүгинги күнде адамларда пул бойынша, материаллық нәрселер бойынша машқалалар кɵп. Себеби, адамлардың санасында пул бойынша, материаллық нәрселер бойынша жалған түсиниклер, исенимлер кɵп, қанша кɵп болса, сонша кɵп машқала болады. Егер ерли-зайып пулдың үстинде, материаллық нәрселердиң үстинде урыса беретуғын болса ɵзлери яки перзентлери кесел болады. Еркектиң жумысында машқалалар болады, еркек арақхор, қатынпаз, қумарпаз, мошенник, жуўапкерсиз еркекке айланып қалады, гейбиреўлериниң шаңарағы бузылады. Гейбиреўлер жақынына пул жағынан, материаллық жақтан жәрдем бере бергенликтен олар тәғдир нызамарын бузып, жәрдем берген адамның ɵзинде яки сол жақынында қандайда бир бахытсыз ҳәдийсе яки кеселлик болады.
Бүгинги күнде адамларда машина сатып алыў бойынша усындай машқалалар кɵп гүзетилип атыр. Яғный, ер адам машинасын ɵзиниң мийнет етип тапқан пулына сатып алмай, оған ата-анасы, ҳаялы, туўысқаны жәрдем берсе бул еркекте ҳәр қыйлы машқалалар пайда болады, еркек бузылып баслайды. Автоаварияға ушырап жүргенлердиң турмысын жақсылап үйренсеңиз оларда кɵбинесе пул бойынша машқалалар яки жақынлары менен мүнәсибетте машқалалар болады, кɵбинесе екеўиде болады. Жуўапкерсиз, машқалалы, арақ ишетуғын еркеклер машина айдаўы себепли жол транспортында бахытсыз ҳәдийселер кɵп ушырасып атыр. Пулға саналы мүнәсибетте болыўды билмейтуғын адамлардың денсаўлығында, шаңарағында, тәғдиринде машқалалар, бахытсызлықлар болады.
@psixolog_nukus