Ақыллыға сɵз керек, ақмаққа таяқ керек, парасатлыға…
Бул ɵмирде ɵзине-ɵзи зыян жеткизиў бойынша адамға тең келетуғын тири жан жоқ. Тек ғана адам ɵмири даўамында ɵзине зыян жеткизип жасайды ҳәм жақынларынада, басқа адамларғада зыян жеткизеди. Ақыллы адамға сɵз бенен түсиндириўге болады. Ҳәр ким ɵз ақылы жететуғынын түсинеди, арғы жағын түсиниўи ушын билим алыўы, излениўи, ɵз үстинде шуғылланыўы керек.
Ақмақ адам сɵзге түсинбейди, сонлықтан бундайлар таяқ жейди, турмыста кɵп сүрнигеди, маңлайын дийўалға урады, мурны қанайды, кɵзи кɵгереди. Сондада турмыста кɵзи ашылмайтуғынлары кɵп. Кɵзи ашылғанлардың ақылы кирип психологларды оқып баслайды. Ақыллылар ушын психологлар керек, ақмақлар ушын сыйқырлы дәри, сыйқырлы дуўа, пал, демлеме, ɵтирик пәтия, ырым-сырым керек. Себеби олар ақылын ислеткиси келмейди, жуўапкершиликти мойнына алғысы келмейди, оның машқаласын биреў шешип бериўи керек.
Ақмақ адам ушын бул ɵмир қыйыншылық, азапланыў, қорланыў, әўметсизлик, бахытсызлық, шағал мәслик, қаңғырыў, кеселликлерден ибарат. Ақыллы адам ушын бул ɵмир оқыў, жумыс, жарыспақ, ким озар, ким күшли, ким билгиш, ким ақыллы, ким искер, атақ, абырой, әмел сыяқлы материаллық нәрселерден ибарат. Парасатлы адам ушын ɵмир- бул мектеп. Бахыт, муҳаббат жаратыў мектеби, билим алыў- раўажланыў мектеби. Ақмақ адам ɵз қәтесинен сабақ алыўды билмейди, сонлықтан ол биреўлерди айыплайды. Ақыллы адам ɵзиниң, жақынларының ҳәм адамлардың қәтелеринен сабақ алыўды биледи, сонлықтан ол кɵбинесе ɵзин айыплайды. Парасатлы адам ɵмирден, турмыстан, тәғдирден сабақ алыўды биледи, сонлықтан ол ҳеш кимди айыпламайды. Ақмақ ушын таяқ керек, ақыллы ушын сɵз керек, парасатлы адам ушын даналық керек.
@psixolog_nukus