Ҳаялдың ақылы
Ҳаялдың жүрегинде муҳаббат болмаса оның ақылы қәўипли ақылға айланады. Бул жағдайда ҳаял ɵз ақылына күши жетпей, тек ғана ɵзине машқала жаратып қоймай жақынлары ушында машқалалар жаратады. Ол урысқақ, қақбас яки мызылдаўық адамға айланады. Бул жағдай даўам ете берсе ҳаял ɵзин жойытып,- «Мен бул жүрисимде жинли болып кетпесем болар»- деп, айтады ямаса күйеўи, перзентлери,- «Сен бизлерди жинли қылатуғын болдың»- деп айтады. Жақынлары бул ҳаялды кɵргеннен басын алып қашатуғын болады, «бир нәрсе айтпағай»- деп, тиленип отыратуғын болады.
Психологлар бир неше мыңлаған ҳаяллар арасында сораў-жуўап ɵткерип кɵрди. Олар ҳаялларға «Сизиң күйеўиңиз қандай адам, оның кемшиликлери барма?»- деп, сорағанда ҳаяллардың барлығы «Мениң күйеўимде кемшилик кɵп, күйеўим ондай-бундай»- деп, ҳеш бир ҳаял күйеўин мақтамаған, күйеўинен кеўили толмайтуғынын айтқан, бәршеси күйеўлериниң қәте-кемшиликлерин айта берген. Психологлар бул илимий тексериў жуўмағы бойынша ҳаяллардағы бундай ақылға «Ҳаўа ене синдромы»- деп, атама берди. Яғный, Ҳаўа енеде Адам ата менен жәннетте жасасада буған кеўили толмай, бир нәрсе жетпейтуғындай болып, Қудайға қарсы барып Адам атаны жолдан урған екен.
Мине кɵрип турғаныңыздай Ҳаялдың жүрегинде муҳаббат болмаса ол қәўипли адамға айланады. Сол себепли бул ɵмирде адамлар аналарынан, енелеринен, қәйин апаларынан ҳ.т.б ҳаяллардан кɵп жәбир кɵрген. Не ушын бундай? Неге ҳаяллар ɵзлерине ҳүрметсизлик пенен қарайды? Ɵзиниң ҳаяллығына итибарсызлық, бийпәрўалық пенен қарайды? Не ушын олар «Ҳаял- бир қолы менен бесикти тербетсе, бир қолы менен дүньяны тербетеди. Жәннет- ананың аяғы астында. Ҳаял- шаңарақ уйытқысы. Ерди ер ететуғында, қара жер ететуғында ҳаял»- деген, мыңжыллық даналықларды умытып кетти?
@psixolog_nukus