Урысыў, айтысыў, даўласыў, гүресиў, қарсыласыў, қырсығыў, ɵшегисиў, жазыў, дәлийиллеў, ɵш алыў, үстем болыў, ҳақынан шығыў, ақланыў, жала жабыў, айыплаў, қорқыў, қорқытыў, мәжбүрлеў…
Адамлардың турмысына жақсылап итибар берсеңиз, кɵпшилик басына машқала түскенде усындай жолды тутады. Олар «Мен усындай жол менен машқаламды шешемен, усыны ислесем дурыс болады, басқа жолы қалмады, иләжым қалмады»- деп ойлайды. Бирақ «Буның кейини не болады, ақыбети қандай болады?»- деп ойламайды. Себеби, бундай гезде адамды нәпси, кɵкиреклиги, менменлиги, аңсызлығы, жуўапкерсизлиги басқарып кетеди, адам кеўлине-интуициясына қулақ аспайды. Адамның самооценкасының адекватлығы қай дәрежеде тɵмен болса, адамгершилиги, жуўапкершилиги, интуициясы тɵмен болса онда усындай жағдайлар, машқалалар кɵп болады.
Сол себепли кɵпшилик усындай жолды тутып шаңарағынан ажыралған. Кɵпшилик усындай жолды тутып денсаўлығынан айырылған. Кɵпшилик усындай жолды тутып туўысқанлары, таныслары менен жүз кɵрмес болып кеткен. Кɵпшилик усындай жолды тутып жумысынан айырылған. Кɵпшилик усындай жолды тутып банкрот болған, қарызға батқан, штраф тɵлеген, аварияға ушыраған, емлеўханаға түсип қалған, жынаят ислеген, кɵп қәтелерге жол қойған.
Ɵмир тәрезиге уқсайды ўақыт ҳәмме нәрсени ɵз орнына қояды. Бүгинги күнде кɵпшилик тек ғана тилиниң ушында «Алла» дейди, бирақ әмелде (жеме-жемеге келгенде) басқаша ис тутады. Егер адамның жүрегинде ҳақыйқаттанда ийманы болса, ол жоқарыдағыдай жолды тутпайды, ɵмирде бундай болып жасамайды. Себеби, бундай адам бул ɵмирдиң Жаратыўшысы ҳәмме нәрсени ɵз орнына қоятуғынына, бул нәрселер ɵзинен-ɵзи болып атырған жоқ, ɵз себеби менен болып атырғанына исенеди ҳәм буларды билиўге, аңлаўға, үйрениўге ҳәрекет етеди. Адамның ɵмиринде болып атырған машқалалар биринши гезекте ɵзиниң кɵкиреклиги, жалқаўлығы, ериншеклиги, саўатсызлығы, жуўапкерсизлиги, сабырсызлығы себепли келип шығады. Адамда таңлаў еркинлиги ҳәмийше болады. Бирақ адамда саналы ҳәм санасыз таңлаў болады. Машқалалар, бахытсызлықлар, кеселликлер адамның санасыз таңлаўларынан пайда болады.
@psixolog_nukus