Перзентиңе «Балам китап оқы»- деп айтпастан алдын, дәслеп ɵзиңе қараўың керек. Егер ɵзиң китап оқымаған болсаң онда дәслеп ɵзиң оқы, перзентлер китап оқыўды ата-анасынан кɵрип ɵседи. Әсиресе, анасы китап оқыйтуғынлардың перзентлериде китап оқыйтуғын болады. Егер ана китап оқымай, оның орнына ɵсек айтыўдан, отырыспақтан, қыдырыспақтан, иградан, жумыстан, телефоннан қолы босамаса, оның перзентлери тәрбиясы жақсы емес дегени, олар ертең ер жеткен соң машқалалы, бахытсыз адам болады.
Перзентиңди мектеп, репетитор, институт билимли қылып бере алмайды, кɵп болса китап оқыўды билмейтуғын дипломы бар жоқары мағлыўматлы, тек айлық ушын, кредитлерин тɵлеў ушын жумыс ислейтуғын, арақ ишетуғын адам болыўы мүмкин. Перзентиңди муҳаббат билимли қылады, парасатлы қылады. Муҳаббатты дәслеп ана тилиңнен изле, ана тилиңде жазылған китапларды оқы.
Бүгинги күнде халқымыз ушын шет тиллерин үйрениў, сертификат алыў, шет елде оқыў модаға айланып қалды. Бул бир жағынан жақсы, бирақ екинши тәрептен балалар балалығынан баслап шет тиллердиң тәсирине түсип ɵз ана тилин жақсы билмеўи, қызықпаўы, ана тилинде жазылған китапларды оқымаўы себепли, олар ертең ана тилин умытып, олардың балалары кишкенелигинен ата-анасынан басқа тилди еситип ɵсип, ɵзиниң негизги тили қандай екенин билмей, ана тили умыт болып бара береди. Мине усылайынша дүнья жүзинде усы күнге шекем неше мыңлаған тиллер жоғалып кеткен.
Буннан 2 жыл алдын бир муғаллимнен еситип едим. Уллы шайыр атамыз Ибрайым Юсупов атындағы мектепте оқыйтуғын оқыўшылар қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша саўатлы емес екен, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша ɵткерилген жарыста орын алалмапты, тɵменги орынларды ийелепти. Себеби, ол мектепте тийкарынан шет тиллерине кɵплеў итибар береди екен. Бирақ мектеп не ушын қарақалпақ халқы шайыры атына қойылған, не ушын Уильям Шекспир атындағы мектеп деп қойылмаған? Буны сол мектеп жәмааты ҳәм оқыўшылардың ата-аналары ойлайма екен?
Ана тилим сен басқадан айырмам,
Сен турғанда менде әдеўир шайырман.
Сонша қатал сүргинлерден жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.
Ибрайым Юсупов.
Гүллән қарақалпақ халқын 1-жедди қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.
Ҳүрмет пенен Саўлат Мамбетназаров.