Соқыр ҳәм шолақ
Ашкɵзлик ҳәм сықмарлық
Бир аўылда соқыр адам менен аяғы жоқ шолақ адам екеўи қоңсы болып жасапты. Олардың ɵз-ара басы писпейди екен, ҳеш қашан екеўиниң пикири бир жерден шықпай, бир-бирине қарсыласып, айтыса береди екен. Ҳәр қайсысы ɵзиникин дурыс, ɵзин ҳақпан деп есаплайды екен. Мине усылайынша олар 15 жыл даўамында бир-бири менен урысып жасапты.
Бир күни тоғайға от кетип аўылдың үйлери бир шеттен жанып баслапты. Аўыл адамларының бәршеси басын алып қашып кетипти. Соқыр қашайын десе қай жаққа қашыўын билмепти, себеби оның кɵзи кɵрмейди. Шолақта қашайын десе қаша алмапты, себеби ол жүре алмайды. Сɵйтип ɵрт олардың үйине жақынлаған гезде шолақта бир пикир пайда болыпты, «Мен шолақпан аяғым жоқ, бирақ соқырдың аяғы бар, мениң болса кɵзим кɵреди»- деп, соқырдың үйине барып,- «Мениң кɵзим кɵреди бирақ жүре алмайман, сениң аяғың бар бирақ кɵре алмайсаң. Соның ушын сен мени арқаласаң мен саған жол кɵрсетемен, екеўимиз биргеликте жанымызды сақлап қаламыз»- деп түсиндирипти. Ɵрттен қутылыўдың, жанын сақлап қалыўдың басқа жолы жоқ екенин билген соқыр шолақтың пикирине қосылып, екеўи биргеликте қашып, жанларын сақлап қалыпты. Бирақ олар 15 жыл даўамында бир-бирине қарсы болып жасаған еди.
Мине бул аңыз адамлардың психологиясын үйретеди. Адамларда ашкɵзлиги ҳәм сықмарлығы себепли соқыр ҳәм шолаққа уқсап бир ɵмир урысып-қырылысып жасайды. Соқыр кɵзи кɵрмеседе ɵзин ақыллы-билгиш есаплайды. Ашкɵз адамда соқырға уқсайды. Олда ɵмирдеги ҳақыйқатты кɵре алмайды, ɵмирге, турмысқа, адамларға ɵзиниң ашкɵзлиги менен қарайды. Сықмар адамда шолаққа уқсап ɵзин ақыллы-билгиш есаплайды. Бирақ олда шолаққа уқсап узаққа бара алмайды, ɵзиниң имканиятларын ɵзи шеклей береди.
Бүгинги күнде адамлар молшылық заманда жасап атыр, үйи, машыны, пулы, гази, суўы, тамағы, кийими, дипломы, жумысы ҳ.т.б нәрселери бар. Бирақ олар ашкɵзлиги ҳәм сықмарлығы себепли бир-бирин түсинбей, урысып-қырылысып бахытсыз болып, кесел болып, басына бир дүнья машқалаларды арттырып, шаңарақлары бузылып, перзентлери бахытсыз, кесел, тәрбиясы бузылып жасап атыр. Себеби, бүгинги заман адамларының нәпси күшейип олар ɵзлериниң ашкɵзлигине, сықмарлығына күши жетпей баратыр. Ɵзлериниң нәпсин тәрбиялаўды ойламай атыр.
@psixolog_nukus