Балаңның кеўлине қарай берсең оны эгоист, ҳәлсиз, ериншек, жалқаў адам қылып қоясаң
Баласы ҳәлсиз, жалқаў, ериншек, қосжақпас, эгоист болса ата-анасы, әсиресе анасы баласының кеўлине қарай беретуғын, баласын әширеплей беретуғын болады. Бундай жағдайда ана баласына байланып қалып, оны аяп атырған болады. Аяў сезими,- бул муҳаббат емес, унамсыз, негатив, зыянлы сезим есапланады. Аналар кɵбинесе ул баласына байланып қалғанлықтан улының кеўлине қарай берип, улын аяй берип оның ҳәлсиз, жуўапкерсиз еркек болып ɵсиўине себепши болады. Егер әкесиде улына бослық қылса, улының кеўлине қарай берсе онда улының тәрбиясында машқала болады, бул бала қатты эгоист, ҳәлсиз еркек болып ɵседи.
Ул баланың тәрбиясы менен тийкарынан әкеси шуғылланыўы керек, керек жеринде улына қаттылаў турып, жуўапкершиликли болыўды үйретиўи керек. Себеби, кɵпшилик аналар улына қатты тура алмайды. Егер анасы улына қатты турса улы анасының (ҳаялдың) сызған- сызығы менен жүриўге үйренип қалады, ɵзинше еркек болып, жуўапкершиликти мойнына алалмайтуғын болып қалады. Сонлықтан ул бала 7 жасынан баслап әкесиниң тәрбиясында болмаса ɵспирим ўақтынан баслап ул бала анасын тыңламай баслайды, анасына қарсыласып баслайды. Бул жағдай шаңарақта перзентлер ушын әкесиниң, ҳаял ушын болса күйеўиниң қәдири, ҳүрмети тɵмен екенин кɵрсетеди.
«Сонда балаға қаттықол болыў керекпе яки еркин қылып тәрбиялаў керекпе?»- деген, сораў пайда болады. Русшада «золотая середина»- деген түсиник бар. Яғный, ҳәмме нәрседе «аралығын, орташасын, нормасын, шегарасын» таўып, билип, түсинип, сақлап үйрениў керек. Балаға жүдә қаттықол бола бериўгеде болмайды, жүдә бос бола бериўгеде болмайды, орташа болыў керек. Баланың кеўлине жүдә қарай бериўгеде болмайды, балаға тек ɵзиңниң қәлеўиңди, пикириңди сиңдире бериўгеде болмайды, орташа болыў керек. Балаға жүдә еркинлик бере бериўгеде болмайды, баланы жүдә қатты қыса бериўге болмайды, орталығын табыў керек, сақлап билиў керек.