Кɵпшилик шаңарақларда ата-ана ҳәм перзент ортасындағы шегараларға итибарсыз қаралады. Дәстурхан басында шаңарақлық, турмыслық темалардың орнына ата–ана тәрепинен бүгин ким менен келисе алмай қалғанын, жумысындағы унамсыз жағдайлар, қарызлар, кредитлер, ары барса қоңсы-қобаларын жаманлаў т.б. әңгимелер орынлы-орынсыз айтыла береди. Егер аўқат ўақтында ата-ана бир-бири менен келисе алмай урысып қалса перзентлер ушын буннан жаманы жоқ. Себеби, ҳеш бир перзент қандай жағдай болсада, ата-анасының жәнжеллескенин кɵргиси келмейди. Тилекке қарсы, айырым ата-аналар бир-бири менен гәп таласқанда перзентлери бақлап отырғанын елестирмейди дә. Бул жағдай әсиресе ɵспиримлерде агрессияны күшейтип жибереди. Ата-ана менен перзентлер ортасындағы шегараның жоқлығын ата-анасының ханасына рухсатсыз яки сүңгип кирип кете бериўинен де билиўге болады. Ɵспиримлер курсы қатнасыўшыларынан бул жағдайға мүнәсибетин сорағанымда әпиўайы қарады. Бул шаңарақ ағзаларының ɵз ара мүнәсибетлерде ҳеш қандай шегара жоқлығын билдиреди. Бундай шанарақларда ɵсип атырған перзентлер теңлеслеринеде усындай мүнәсибетте болыўы кɵринип турады. Яғный, досларын ашықтан ашық кемситиў яки қопал сɵйлеў, нәрселерине рухсатсыз тийисиў олар ушын норма жағдай болып қалады. Негизи бүгинги заман әўладлары тәрбиясында итибар қаратыў керек болған нәрсе туўысқанлар арасында шегара сақлаўды талап етеди. Нәрселерин сорамай алыў, пайдаланыў, бир бириниң пикири менен есапласпаў жағдайлары ɵз ара мүнәсибетлерге кери тәсирин тийгизеди.