Репост из: Шайыр Крамов Абатбай Телеграм каналы ✍
ШЫПАКЕРИМЕ.
Мен аўырып келдим бүгин өзиңе,
Үмит болып көринерсең көзиме.
Не айтсаң да исенемен сөзиңе,
Жаным көзлериме көрингенинде.
Ақ халатың бойларыңа жарасып,
Бийтаплардың бәри саған қарасып.
Турмыз толып қабылыңа таласып,
Саўлықтың қәдири билингенинде.
Күлип келдиң кеўлимизди жайнатып,
Күлгишлериң әлле нени ойлатып.
Бийтапты өзиңе қойдың байлатып,
Шыпакерим саған көрингенимде.
Қан басымды өлшеп, жүрек тыңладың,
Әтириңнен бийҳуш бола жазладым.
Күлип турып дәри-дәрмақ таңладың,
Кеўлимде бир туйғы сезингенимде.
Ақ төсекте азарланып қыйландым,
Шыпакерим сени еслеп ойландым.
Тәўир болмас бийтабыңа айландым,
Сениң қармағыңа илингенимде.
Сен келсең кеселим жоғалып кетер,
Шаншыў, азарларым тарқалып кетер.
Шыққан бийтапларың сағынып кетер,
Әжайып даўа бар күлгишлериңде.
2022-жыл. 15-ноябрь.
Абат Крамов.
Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya
Мен аўырып келдим бүгин өзиңе,
Үмит болып көринерсең көзиме.
Не айтсаң да исенемен сөзиңе,
Жаным көзлериме көрингенинде.
Ақ халатың бойларыңа жарасып,
Бийтаплардың бәри саған қарасып.
Турмыз толып қабылыңа таласып,
Саўлықтың қәдири билингенинде.
Күлип келдиң кеўлимизди жайнатып,
Күлгишлериң әлле нени ойлатып.
Бийтапты өзиңе қойдың байлатып,
Шыпакерим саған көрингенимде.
Қан басымды өлшеп, жүрек тыңладың,
Әтириңнен бийҳуш бола жазладым.
Күлип турып дәри-дәрмақ таңладың,
Кеўлимде бир туйғы сезингенимде.
Ақ төсекте азарланып қыйландым,
Шыпакерим сени еслеп ойландым.
Тәўир болмас бийтабыңа айландым,
Сениң қармағыңа илингенимде.
Сен келсең кеселим жоғалып кетер,
Шаншыў, азарларым тарқалып кетер.
Шыққан бийтапларың сағынып кетер,
Әжайып даўа бар күлгишлериңде.
2022-жыл. 15-ноябрь.
Абат Крамов.
Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya