Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Books


Сөздиң көрки – мақал.
Нақылды бир айтпаса,
Ақылсыз айтпайды.
Ақыллы адам әңгимесин,
Нақылсыз айтпайды.

Related channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Books
Statistics
Posts filter


ҚАЙЫРЛЫ ТҮН БӘРШЕГЕ

Күн даўамында өзиниң қымбатлы ўақытларын ажыратып, биз бенен бирге болғаныңыз ушын сизлерден миннетдармыз.

Бүгинги түниңиз қайырлы болсын жақсы түслер көриң.

Таңда көрисип дийдарласқанша қәдирданларым


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal 
href='' rel='nofollow'>


#Билип_қойған_жақсы
Ең киши автомобилдиң салмағы тек 59 килограмм.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.
me/karanakilmakal
https://t.me/karana
href='kilmakal ' rel='nofollow'>kilmakal 


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанлы Гулайым Қуўанышбаеваға «Келажак бунёдкори» сыйлығын тапсырды.
Гулайымды каналымыз жәмәәти атынан шын жүректен қутлықлаймыз!
👏👏👏

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal 
href='' rel='nofollow'>

2k 0 10 9 29

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
«Баланы ойын ойнаўдан тосыў ҳәм тынымсыз билим алыўға мәжбүрлеў баланың кеўлин өлтиреди, зейнин төменлетеди, өмирин зәҳәрлейди».

✍Имам Ғаззолий

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https:/ rel=/b'nofollow'>i>/t.me/karanakilmakal  href='' rel='nofollow'>


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#Даналық_сөзлер

Ең күшли адам - ғәзебин жасыра алған адам.

Ең сабырлы адам - машқаласын жасыра алған адам.

Ең ҳәлсиз адам - сыр сақлай алмайтуғын адам.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https
rel='nofollow'>://t.me/karanakilmakal  href='' rel='nio/ifollow'>


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қарақалпақстанның әийемги қалалары болған "Аяз қала" "Жампық қала" "Қызыл қала" "Гәўир қала" "Топырақ қала".

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https
rel='nofollow'>://t.me/karanakilmakal  href='' rel='nio/ifollow'>


📚ТИЛ, СӨЗ ӨНЕРИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР.

Шеберден – олжа,
Шешеннен – саўға.

Кеўилли сөз жүйесин табады,
Кеўилсиз сөз ийесин табады.

Журттың аўзы ҳаўалы,
Шешенниң аўзы дуўалы.

Жақсының сөзи жетеди,
Жаманның сөзи өтеди.

Көрдим деген көп сөз,
Көрмедим деген бир сөз.

Аўыз – дәрўаза,
Сөз – шамал.

Дурыс сөз қылыштан өткир.

Туўры сөз тас жарады.
Тас жармаса бас жарады.

Тил ерди жәбирге салады.
Нарды қазанға салады.

Табылған сөзге даўа жоқ,
Мақул сөзге не қарыў?

Гей жақсының сөзи бар,
Қозы-көрпеш Баяндай.
Гей жаманның сөзи бар,
Шағып алған шаяндай,

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal 
href='' rel='nofollow'>


#Ибрат

Насыр кеше ғана қыз апасының жағдайынан хабар алып келген еди. Өзи ҳәр Жума барып ҳабар алар еди. Көп ўақыттан берли жумысы көбейип айда бир баратуғын болды. Сонда да қыз апасы қуўанып қпмалады.
Наима апа басқа үкелеринен де гөре сол инисин басқаша көреди. Жаслығынан жүдә меҳрибан еди, Насыржан.
Кешки пайыт қыз апасы жылап келди. Насыржанды баўырына басып та жылады. Насыржан ҳайран, қәўетерленип қыз апасынан:
- Тынышлықпа апа, не болды сизге. Бир жағдай болдыма үйде?
- Жоқ жайша сени көргим келди иним. Газетада бир мақаланы оқып, сен есиме түсип кеттиң. Соған келдим. Иним мен сеннен разыман. Илая Алла қолласын сени.
Наима апа инисине мақаланы оқытты.
Газетада сондай жазылған еди.
Бир киси түс көрипти. Түсинде өлип, дозаққа түсипти. Ҳәмме жери жаныпты да, тек көрсеткиш бармағы жанбаған емиш. Неге көрсеткиш бармағы жанбағанлығына ҳайран болып турған екен, бир даўыс еситилипти.
«Сениң есиңдеме, тири ўақтыңда машинада кетип баратырғаныңда қасыңдағы шеригиңе көрсеткиш бармағың менен көрсетип "Ана үйде мениң сиңлим жасайды" деген едиң, сол себепли сол бармағың жанбады. Егер сонда сиңлиңниң жағдайынан хабар алғаныңда  сыйлығын ҳәзир көрер едиң» депти.

Насыржанныңда да көзлери жасланып қыз апасын баўырына басты...

Сизше? Сиз баўырларыңыздан қашан хабар алдыңыз?


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https
rel='nofollow'>://t.me/karanakilmakal  href='' rel='nofollow'>


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Ҳәр бир сынақтың ақыры бар..! Ҳәмме нәрсе өтеди, дерлик умытылады, азапланыўды тоқтатады.
Ертеме-кешпе, жүзиңизде күлимлеў менен өткен аўыр күнлериңизди еслейсиз.
Сол себепли қорықпаң!.. шоршымаң ҳәм ҳеш қашан Тәңирдиң рахметинен үмитиңизди үзбең...

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https
rel='nofollow'>://t.me/karanakilmakal  href='' rel='nofollow'>


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🕋Бәршемизге усындай муҳаддес жерлерге барып зыяратлаў, жума намазын оқыў несип етсин.

ЖУМА әйямыңыз мүбәрек болсын ҚӘДИРДАНЛ
АР!!!

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https
rel='nofollow'>://t.me/karanakilmakal  href='' rel='nofollow'>


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https
rel='nofollow'>://t.me/karanakilmakal  href='' rel='nofollow'>


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕРИМ!

      Бүгинги қасийетли жума таңы бәршеңизге мүбарек болсын!

    Алла  сизлердиң бәршеңизге денсаўлық,
үйиңизге шадлық,
шаңарағыңызға бахыт,
ислериңизге әўмет,
дастурханыңызға берекет,
қолыңызға дәрамат,
жақынларыңызға  мийрим,
бир-бириңизге исеним инәм етсин!

       Алла сизлерди өзиниң сүйген қулы қатарынан етсин!

       ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!!!


Саратан айының 28-сәнеси.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal 
href='' rel='nofollow'>


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Түн уйқылатсын, айдай жамалы менен,
Таң оятсын, жипек самалы менен,
Енди уйқылаң, Алланың Каламы менен,
Сәҳәрде ерте турың, Алла сәлеми менен!

Каналымызды гүзетип ықлас пенен қарап отырғанларға еки дүнья бахытын тилеп қаламыз!

Қайырлы түн қәдирданлар,  түниңиз тыныш болсын, жақсы түслер көриң.

Таңда дийдарласқанша  жақсы дем алың.

Қайырлы түн!

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal 
href='' rel='nofollow'>




Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Адамлар еки түрли болады: бири океандағы үлкен толқыннан тири шықса, екиншиси кеседеги суўға шөгип кетеди.

✍Нажип Сурур

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://
t.me/karanakilmakal href='' rel='nofollow'>


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Басқа инсанға жәрдем бериў ушын, әлбетте күшли ямаса бай болыў шәрт емес. Буның ушын мийриман кеўил ийеси болыў жетерли!

     Жақсылық ҳеш қашан өз жемисин бермей қалмайды.

Басқаларға бахыт үлесиўден қорықпаң, ол әлбетте өзиңизге қайтады.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal
href='' rel='nofollow'>


Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни

27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни менен қутлықлаймыз.
Қарақалпақ халқының миллийлигин, үрп-әдетлерин, халқымыздың нақыл-мақалларын халыққа жеткерип бериўде сиз қәдирданларға табыслар тилеймен.

Сизлерди Ғалаба хабар қураллары күни менен шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.

https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


📚ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРЫ.

Мешкей тоймайды,
Тойса да жутынғанын қоймайды.

Басы аўырмаған бақсыға барады.

Тәўекел қылда тас жут,
Әжел жетпей өлмейсең.

Жойылып табылған мал олжа,
Аўырып жазылған жан олжа.

Жаны ашымастың қасында,
Басың аўырмасын.

Қаранған қарап қалмас.
Қармақ салған қартаймас,
Арғымақ минген ҳарымас.


Достыңның кеўлин билерсең,
Көкирекке аяндай.

Гәп жақсысын қулақ биледи,
Жол жақсысын туяқ биледи.

Ҳәр сөздиң бир мәниси бар,
Ҳәр гүлдиң бир ийиси бар.

Әўелги сөзиң рас болса,
Соңғы сөзиңниң өтими жақсы.

Адамның сөзи – аптаптан ыссы.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://
t.me/karanakilmakal href='' rel='nofollow'>


#Ибратлы_рәўият...

Үш жас жигит узақ қалаға сапар етипти. Олардың қоныў ушын барған жери жетпис бес қабатлы қонақ жай еди. Өкинишлиси, оларға сол қонақжайдын жетпис бесинши қабатынан ғана бос бөлме табылыпты. Олар буған илажсыз келисипти. Мийманхана хизметкери оларды бул орынның қағыйдалары менен таныстырып былай  депти: “Бул мийманхананың лифт есиклери кешки саат онда автоматик түрде қулыпланатуғын етип программаластырылған. Сол себепли саат оннан кешикпей кириўиңиз керек.  Егер лифт есиклери  қулыпланып қалса, ашыўдың улыўма илажы жоқ. Оларды басқарыўшы компьютер бизден алыста жайласқан. Бул сизлерге түсиникли ме?”. Жигитлер түсингенин билдирип бәри бирдей бас шайқады.

Биринши күни сейил етиў ушын шығып, белгиленген ўақытта, яғный саат оннан алдын мийманханаға жетип келди. Бирақ кейинги күни саат оннан бес минут өткенде келди. Бар күшлери менен жуўырса да, лифтке жеткенде оның есиги қулыпланып болған екен. Хызметкерге қатты өтиниш етсе де,  барлығы пайдасыз еди. Ақыры жигитлер  текшелер арқалы жетпис бесинши қабатқа пияда көтерилиўге мәжбүр болыпты.

Олардан бири усыныс билдирди: “Келиңлер, биреўимиз жигирма бесинши қабатқа шекем бир гүрриң ямаса қандайда бир қызықлы ўақыя айтамыз.  Елиўинши қабатқа шекем екиншимиз айтамыз. Сонда шаршағанымыз билинбейди, жетпис бесинши қабатқа шекем жетип алыўымыз аңсат болады. Не дейсизлер?!” - депти. Қалған еки жигитке де бул усыныс мақул болыпты.
Усынысты айтқан  жигит биринши болып өзи  баслапты. Оларға ҳәр түрли күлкили, қызықлы ўақыяларды айтып шаршағанын билдирмей, улыўма жигирма бесинши қабатқа шекем қалай шыққанын билмей қалыпты. Ҳәтте олардың күлкисинен мийманхана дийўаллары да қыймылдар дәрежеде болыпты.

Кейин екинши жигит гәп баслапты : “Бирақ енди оның әңгимеси ондай дәрежеде күлкили емес, бираз  салдаманлылаў еди. Солай етип олар тағы жигирма бес қабатты артта қалдырып елиўинши қабатқа жетип алды.

Гезек үшинши жигитке келди. Ол болса досларына ең қайғылы ўақыяларды, руўхый азапға толы гүрриңлерди, ҳәтте ҳүкимдарлардың турмысын да жоқ етип жиберетуғын қыссаларды айтып берди. Олар шаршай баслаған еди, қызықлы нәрселер айтыўға да, оған күлиўге де шамасы қалмаған еди.Ақырында олар бөлмесиниң есигине жетти. Олар жүдә  ҳалдан тайған еди.
Сонда үшинши жигит сондай деди: “Сизлерге соңғы гүрриңимди айтып беремен. Ол өмиримиздиң ең қайғылы қыссасы болады. Билесизлер ме, биринши қабатта хызметкердиң алдында бөлмемиздиң гилтин алыўды умытыппыз!”.  Олар бул сөзди еситип есинен танып жерге жығылды...


Ибрат:

Биз өмиримиздиң биринши жигирма бес жылын ойын-күлки, қуўаныш пенен өткеремиз. Негизинде, жигирма беске шекемги аралық өмиримиздиң ең гөззал жылларыдур. Ол ўақытта ибадат ҳәм шырайлы, саўаплы әмеллер ислеўге кеўил бөле бермеймиз.

Кейин өмиримиздиң екинши жигирма бес жыллығы басланады. Онда инсанлар шаңарақ қурады, перзентлерин тәрбиялайды, жумыс пенен бәнт болады.Түрли тәшўишлер менен араласып елиў жасқа да жетип қалады.

Елиўден кейинги жигирма бес жыл болса өкиниш, ғам-қайғылар менен, өтип баратырған өмирдиң есап-китабы менен өтип кетеди.

Солай екен, биз өмиримизди бийкар нәрселерге жумсамайық. Өйткени, өлим есигин қашан ашатуғын ўақтымызды ҳеш қайсымыз билмеймиз. Бәлким, сол есикке тек бир текше қалғандур...
Тек Аллаҳ билиўши.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal
href='' rel='nofollow'>


#ҲИКМЕТ

Ашық жүзли адам — жүзегөйлик сыяқлы кемшиликтен жырақ болады…
Ашық жүзинен, жыллы сөзинен халайыққа қуўаныш, адамгершилиги менен кеўиллерге ардақлы; инсаныйлық пенен жанларға жағымлы.
Одан дос-душпан қәтиржам.
Бундай инсан өмиринен берекет тапқай.

✍АЛИШЕР НАЎАЙЫ


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal
href='' rel='nofollow'>

20 last posts shown.