Кәсибимди жақсы көремен
Үлкейсем әдиўли устазға уқсап,
Муғаллим болыўды әрманлар едим.
Қызықлы сабақлар кеўлиме унап,
Мың шүкир, бул кәсипти ийеледим.
Жанымды бир жыллы сезим кернеди,
Мөрленди тахтаға аппақ нийетим.
Тема шеңберинде қалғым келмеди,
Көбирек турмысты келди үйретким.
Қыйындур өзиңе бермеклик баҳа,
Оқытқан оқыўшым айтар ырасын.
Әзиз болса ата-анаға бала,
Сондай бийик болар устаз ықласы.
Жақсы көрип перзентлерин халықтың,
Билим усыныўды санадым ығбал.
Шеберлигим жетиспесе жабықтым,
Тырыстым минимди дүзеўге дәрҳал.
Кәсиплестиң искерлигин гүзетип,
Унаған тәрепин бардым қолланып.
Ҳеш сабаққа қарамадым жүзеки,
Қызықтырыў ушын жүрдим ойланып.
Қолымнан келмейди болмақлық қатал,
Шәкиртлерге болдым бәрҳа мийримли.
Тәўир көрдим қарым-қатнасты мақпал,
Жасырмайман бос екенин ийимниң.
Кәсип машақатлы, мийнети аўыр,
Бул бир ийне менен қазғандай қудық.
Деген менен, басып қалыппан баўыр,
Жақсы көргенликтен түйилер қызық.
Оқыўшым - өмирим, шадлығым, бахтым,
Кеўлим шөкти оннан кеткенде узақ.
Қыйналдым мийўесиз қалғандай бағым,
Намысшыл жүрегим аўырды сызлап.
Инсан сағынғаны киби жақынын,
Ҳәтте, кәсибин де сағынар екен.
Кеше-күндиз Жаратқанға табынып,
Сорандым қайтыўды исиме сүйген.
Билгениңди шынтлап үйретиў парыз,
Ийелеген билим болмағай обал.
Көп ана халқыма қайтарар қарыз,
Кәсибимнен тапқым келеди камал!
5-январь, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Үлкейсем әдиўли устазға уқсап,
Муғаллим болыўды әрманлар едим.
Қызықлы сабақлар кеўлиме унап,
Мың шүкир, бул кәсипти ийеледим.
Жанымды бир жыллы сезим кернеди,
Мөрленди тахтаға аппақ нийетим.
Тема шеңберинде қалғым келмеди,
Көбирек турмысты келди үйретким.
Қыйындур өзиңе бермеклик баҳа,
Оқытқан оқыўшым айтар ырасын.
Әзиз болса ата-анаға бала,
Сондай бийик болар устаз ықласы.
Жақсы көрип перзентлерин халықтың,
Билим усыныўды санадым ығбал.
Шеберлигим жетиспесе жабықтым,
Тырыстым минимди дүзеўге дәрҳал.
Кәсиплестиң искерлигин гүзетип,
Унаған тәрепин бардым қолланып.
Ҳеш сабаққа қарамадым жүзеки,
Қызықтырыў ушын жүрдим ойланып.
Қолымнан келмейди болмақлық қатал,
Шәкиртлерге болдым бәрҳа мийримли.
Тәўир көрдим қарым-қатнасты мақпал,
Жасырмайман бос екенин ийимниң.
Кәсип машақатлы, мийнети аўыр,
Бул бир ийне менен қазғандай қудық.
Деген менен, басып қалыппан баўыр,
Жақсы көргенликтен түйилер қызық.
Оқыўшым - өмирим, шадлығым, бахтым,
Кеўлим шөкти оннан кеткенде узақ.
Қыйналдым мийўесиз қалғандай бағым,
Намысшыл жүрегим аўырды сызлап.
Инсан сағынғаны киби жақынын,
Ҳәтте, кәсибин де сағынар екен.
Кеше-күндиз Жаратқанға табынып,
Сорандым қайтыўды исиме сүйген.
Билгениңди шынтлап үйретиў парыз,
Ийелеген билим болмағай обал.
Көп ана халқыма қайтарар қарыз,
Кәсибимнен тапқым келеди камал!
5-январь, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev