Кеңесбай Рахманов


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Music


КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ – драматург,
Қарақалпақстан халық шайыры,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, жазыўшы.
Бул каналларға ағза болыўды да умытпаң! 👇👇👇
@SHawdirbay_Seyitov @Tolepbergen_Matmuratov

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Music
Statistics
Posts filter


Х Х Х
Жаслығым, мен сени сағынып,
Қайрылып қарайман артыма.
Тулпарым жолларда сабылып,
Өзим де келемен тартына.

Изимде қанша жол шаңғытып,
Қанша жол күтеди алдымда?
Жаслығым, сен мени қаңғытып,
Өзимнен жырақта қалдың ба?

Қалдың ба қызлардың көзинде,
Кеттиң бе жаслардың кеўлинде?
Ким болдым? Билмеймен өзим де,
Ғаррылық мәнзилге келдим бе?

Муҳаббат дарағы сарғайды,
Суўылдап жапырақ төгилер.
Күнлерим алдайды, арбайды,
Шақамнан таяқша тигилер.

Болар ма тәғдирге сыйынбай,
Жаслығым – мен ушын пал әрман.
Енди мен суўалған сыйырдай,
Дыққаттан шеткери қаларман…
1993 ж.


Х Х Х
Кеўлимде шер киби буйығып,
Сағыныш уялап жатады.
Көзимнен гейде жас қуйылып,
Боламан адамдай қапалы.

Базда ол оянып кеткенде,
Жүректи өртейди, жағады.
Жеткенде ғаррылық өткелге,
Сарғайған шапанын жабады.

Бул қандай сағыныш? Билмеймен,
Келди ме алыстан, жақыннан?
Әпшери солғынлаў гүлдеймен –
Қыс күни сатылып атырған.

Кимлерди, нелерди сағындым?
Сағыныш – айралық дағы ма?
Сағыныш – балалық ўағымның
Ямаса жаслықтың бағы ма?

Айралық көп болды басымда,
Айрылдым жегимнен, жатымнан.
Досларым азайды қасымда,
Айрылдым көп ғана жақыннан.

Усы ма өртеген сағыныш?
Билмеймен, билмеймен, билмеймен!
Тәғдирим тыңламас жалыныш,
Түнлерде көзимди илмеймен.


Кеўлимнен қус болып айралық,
Ушады, бос қалар төркини.
Сол күни кеўлиме айланып
Келеди сағыныш шер киби…
1993 ж.


* * *

Ҳәр кимде питпеген бир жыр бар,
Биреў билсе, биреў билмеди.
Жигит болған жапакеш жыллар
Менмен қызлар көзге илмеди.

Тусымыздан өткен гезинде,
Аңсарымыз аўып қарасақ,
Таңсық қылып еки көзин де
Қарамады, сақлап парасат.

О, мийримсиз еди қаншама!
Бәлким, жоқдур ышқы кесели...
Жүрегимиз күйип-жанса да,
Түтинимиз дүт бермес еди.

Өтип кетти жыллар қус болып,
Несийе емес, таптық нағын да.
Енди алдымыз қарлы қыс болып,
Мийўе тердик гүздиң бағында.

Киси болдық бәрине көнген,
Биреў билсе, биреў билмейди.
Сол баяғы қызлардай менмен –
Ҳәмелдарлар көзге илмейди...

1993-жыл.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Өтседағы өмиримниң жартысы,
Питер емес қызыл өңеш тартысы.
Өтип кетти бәҳәрим де, жазым да,
Гүзим кирди, гүз артында бар қысы.

Жүреклери суўық жанлар ызғыды,
Пәсеймекте өмиримниң қызғыны.
Уйтқып турған жолға түстим қунысып,
Ҳүўилдейди тумлы – тустан ызғырық.

Аспаныма бултлар зорға сыяды,
Таң азаннан қара нөсер қуяды.
Бир–бирине дасқал ѳскен қызларым
Бирим–бирим таслап барар уяны…

Енди мениң бурынғыдай мазам жоқ,
Қулақ түрер жағымталлы сазам жоқ.
Алдым кем– кем геўгим тартып баратыр,
Қуяш нурын жарқыратқан азан жоқ.

Дәрьям қайтты, суўларым да ақаба,
Жолдан иркер түрли – түрли баҳана.
Әлле қашан бағым қалды сарғайып,
Бүлбил емес, ғарға қонар шақама.

Дүнья маған дүнья емес бурынғы,
Ҳәлекшилик сырқыратар буўынды.
Қыс даўылы пара – пара етежақ –
Сәўир самал желбиреткен туўымды.

Аспанымда ўақыт қағып сом қанат,
Кетти жаслық майданымды бомбалап.
Енди мен де ҳасалы бир ғаррыман –
Киятырған қалың қарда омбалап…

1993 ж.


Х Х Х
Әмиў енди дәрья емес баяғы,
Аралыма жетер – жетпес аяғы.
Адам түўе, тәбияттың басынан
Дәўлети бир ўақытлары таяды.

Тәбиятқа қосылысып шырлаймыз,
Қайғы сазын қолға алып жырлаймыз.
Адам уллы деп айтсақ та қаншама,
Бир қудирет алдындағы қулдаймыз.

Бүгин қарны тойған адам сайрайды,
Билер ме ол: ертең–бир күн жайрайды…
Тәбияттың жылдан–жылға көбейген
Мыңсан тилсиз жаўы тисин қайрайды.

Еркинлик деп сәл нәрсеге мәсирип,
Тәбиятқа еттик талай ҳәсилик.
Ҳәммесин де алып қойған есапқа,
Кеширмейди барғанда да бас урып.

Ана емес кеширимли, мийримли,
Ол айбатлы ағыс толқын, ийримли.
Зил гүнаңды тийеп саўсақ арбаға,
Қос арыстан босатпайды ийниңди.

Толып кеткен көкирегинен шер төгип,
Ол да сеннен сағынады еркелик.
Үйиңе от тийсе, қыйналмайсаң ба?
Неге сонда тоғайларын өртедик?...
1993 ж.


Х Х Х
Кимлер маған тас атса,
Мен оларға ас аттым.
Дос көзинен жас ақса,
Мен де кеўлим босаттым.

Биреў мени жаманлап –
Жипке дизсе өсекти,
Мен ондайға жалаңлап,
Зыңғытпадым кесекти.

«Елдиң аўзын тыйыўға
Еллиғары бөз керек».
Бул дүньяға сыйыўға
Көрмейтуғын көз керек.

Әлўан–әлўан әрман бар,
Аңлып турар жаманлық.
Алда қандай дәўран бар?
Тилеймен тек – аманлық.

Өмир мени өзгеге
Уқсатпаса, болғаны.
Шыдайман көп сөзге де,
Аўызға илип дорбаны.

Шеги болар қай истиң,
Түстим талай күйге мен.
Енди болса майыстым,
Жүктен емес, мийўеден.
1992 ж.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Қаншама қайғырып, қаншама күлдик,
Енди мәдар қалмағандай ширенер.
Сенсиз мынаў әлем ҳәсиреттен мүлгип,
Теңизлер шуўылдап, таўлар гүңиренер.

Олар қосық айтып турған бир гезде,
Бизлер жаслар едик гүлдей доланған.
Бул әлем үстинде түспесең көзге,
Теңиз – толқын, таўлар шадлық соранған.

Теңизимди суўлар менен шалқыт сен,
Таўлар басын нурың менен балқыт сен!

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Қәлем услап шыққан едик мың бала,
Енди азайып қалыппыз – аў дым ғана.
Сорып атыр бул өмирдиң палынан –
Елеспесиз жасағанлар жым ғана.

Тәғдир деген болады екен ун елек,
Айырды ғой ким дилўар, ким гүңелек.
Бул өмирдиң зәҳәрине тап болды –
Даңқ арбасын сүйреген гил сүмелек.

Өзин–өзи аямаған адамды –
(Табыў қайда) аяйтуғын аўанды…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х

Алдымнан аңқырған ешеклер,
Артымнан гүўлеген өсеклер,
Қапталдан зыңғытқан кесеклер,
Мени көп жолымнан қалдырды.

Балалық қаңғырған соқпағым,
Жаслығым өртенген отларым,
Ҳәр күнги жазықсыз тоқпағым,
Мени көп жолымнан қалдырды.

Енди мен асығып нетермен,
Көп жолды көрместен кетермен.

1992-жыл.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Қоллар аз басымнан сыйпаўға,
Қоллар көп жудырық боларлық.
Ўақтында алмадым сый–саўға,
Сөз айтты жазда да тоңарлық.

Жанымды қайрады шартастай,
Қашаўдай ишимди үңгиди.
Жақсылық жаныма жантаспай,
Жаманлық есиктен сүңгиди.

Бәрине шыдайды бирақ, бас,
Дәрьяға кесекти ким атпас?...

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Өмирге келмедик ойынға,
Көп хызмет минип тур мойынға.
Биресе күйдирип жаз мәўсим,
Биресе қыс кирер қойынға.

Келмедик асаўдай туўлаўға,
Дүзиў жол таўып бир зуўлаўға.
Гейде биз шөллерде шөлиркеп,
Гейде биз мантықтық суўларға.

Өмирге келмедик жаныўға,
Келмедик сөнип те қалыўға…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


ШАЙЫР
«Шайырлар аўылда туўылып,
қалада өледи.»
(Е.Евтушенко)
Қустың уйқысындай шайырда уйқы,
Ҳәтте, түслериңде қосық туўылар.
Таңнан шала жансар, қашады сыйқы,
Лекин, батыр яңлы белин буўынар.

Оның көкирегинде өзгеше әлем,
Қайғы – ҳәсиретке бейим болады.
Алдында ақ қағаз, қолында қәлем,
Шадлығы қосықтан кейин болады.

Еслейди аўылын, балалығын ол,
Қала шаўқымына қулағын тығып.
Тоғайдай турмыстан излер дүзиў жол,
Қыял дәрьясында ескексиз ығып.

Шайыр бола алмас ҳеш қашан бийғам,
Пал иштим деп жүрип зәҳәрден татар.
Мынаў жер үстине күш пенен сыйған
Ғаўға
жүрегиңде тыпыршып жатар.

Оны алаң етпең, адам ғой ол да,
Өмир қысқа, туўрап қалсын бир пайын.
…Үйинен Соршаға дейинги жолда
Дүньяны умытып уйқлар арқайын…
1992 ж.


Х Х Х
Келип атқан, кетип атқан адамлар,
Өмир деген–тынымы жоқ дәрўаза.
Кеткенлерге жаслы көзде қараңлар,
Келгенлерге өмир тилең пал–маза.

Жер үстине олар шырлап келеди,
Көз ашыўдан көрсин қандай дүнья бул…
Таяр болсын қәжетине кереги,
Ҳәм кеңейсин алақандай дүнья бул!

Келгенлерге турмыс тарлық етпесин,
Келмесе де олар сырттан қыр асып,
Олар ушын зат болмасын жетпесин,
Ҳәммеси де тура бергей сығасып.

Қарамасын жас тамызған көзлерге,
Күлки ойнаған келбетлерге тигилсин.
Апыл–тапыл қәдем атқан гезлерде
Жер астында жатырғанлар тирилсин!

Несип етсин бир жасамақ әндаза,
Орынлансын арзыў, мақсет–мурады.
Өмир деген–айқара ашық дәрўаза
Келгенлерге «Хош келдиң!» деп турады.
1992 ж.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


КЕЛЕМЕН

Қараңғыны қақ жарған
Шырақ болсам деген ем,
Енди үрккен көкжалдан,
Ылақ болып келемен.

Өзимди көп қыйнадым,
Үйирилди ийманым,
Барар жери биймәлим
Пырақ болып келемен.

Бирин тапсаң, бири жоқ,
Майдасы бар, ири жоқ,
Кеўил таппай кири жоқ,
Булақ болып келемен.

Қатып қалған муң бар ма,
Аўызларда қум бар ма?
Журтты теңдей тыңлаўға
Қулақ болып келемен.

Жақсылардан саўықтық,
Жаманлардан жалықтық,
Жүргенлерге аўытқып
Турақ болып келемен.

Қәдимги бир «шылық»тан
Ислерим көп былыққан,
Жаман–жәўтик қылықтан
Жырақ болып келемен.

Тыныш жүрсем ылықпай,
Дәўир ғой бул пилик бай,
Таўсылмаса жилик май,
Шырақ болып келемен.
1992 ж.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Жоллар

Еле көп жоллар бар аяқ баспаған,
Еле көп жоллар бар түспеген бир из.
Еле талай-талай жаўар аспан-әм,
Еле талай-талай күлер көгимиз.

«Үмитсиз – шайтан» дер. Алдымыздағы
Дәўир дәрўазасын ашайық шаққан.
Бәлким, аржағында бахтымыз бағы
Күтип атырғанды бизди көп ўақтан.

Қәнекей, жигитлер, атларға қоның,
Бизге ақ пәтия бериң, халайық!
Ҳәтте, ата-баба билмеген жолын –
Жәннетий дәўранды таўып алайық.

Унжырғаң түспесин, басыңды көтер,
Жигитке айланар атлы ғаррылық.
Сен қалғаның менен басқалар кетер,
Көл излер қуслар да қанат талдырып.

Сездим бул жоллардың аңсат емесин,
Жәзийра–шөллерде әптап топылар.
Тоғайлар жутады үмит елесин,
Гә шақырық, гә жаназа оқылар.

Бул жоллар өткелсиз таўлардан өтер,
Күтпеген теңизлер, дәрьялар шығар.
Мақсет қай ўақ–бир ўақ дийдине жетер,
Бир нурлы келешек атты қамшылар!
1992 ж.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


НӘСИЯТ
Нәсият та айтарман шайырман енди,
Баратқанды жолдан қайырмаң енди,
Ҳәзир алтыннан да артықмаш болған –
Адамгершиликтен айырмаң елди.

Күлки күсеп турсын аларған көзлер,
Ескини жутпасын жаңарған сөзлер.
Бахыт қусын қырғаўылдай қәстерлеп,
Кеўил қорығында сақлаң бул гезлер.

Қай жерде отырсаң, сол мәкан–көшкиң,
Жолыңнан тайынсаң аямас ҳеш ким.
Батырлық болмаса, жылтыр сөз бенен
Ҳеш қашан түспеңлер алдына көштиң.

Бабалар руўхын умытпаң ҳаслан,
Оларды яд етип уллы ис баслаң!
Бизлер жер болайық, олар мудамы
Болсын жарқыраған қуяшлы Аспан!

Биреў жылар болса көз жасын сүртиң,
Оған дәрман болсын шадлығың, күлкиң.
Ҳеш қашан жаманға ҳәмрақ болмаңлар,
Ол қәдем таслаған жоллардан үркиң.

Ел ушын мүшкилге барып қайтыңлар,
Мәртлик иске алғыс деген қайтым бар.
Еле Айдос, Ерназар, Әжинияз,
Бердақлардың тири екенин айтыңлар!
1992 ж.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Алыстағы ағайин
«Алыстағы ағайиннен,
жақындағы жат жақын».
(нақыл)
Хош келдиңиз, алыстағы ағайин!
Отыр едим: «Қанатымды қағайын,
Киндик қаным тамып өскен жериме
Балалықтың изин қуўып барайын».

Көп ўақ болды келмедиңиз ҳеш бириң,
Қандай жақсы, сәўбетлесип кешқурын,
Бир дастурхан әтирапында отырсақ,
Нырқын айтып малдың, қойдың, ешкиниң.

Сонда гәп қанғыйды тум–тусты гөзеп,
Ишип алғаннан соң тийиспес гезек.
Ушластырмас бирин – бирине ҳасла,
Өмир деген жутып атқан бир өзек.

Бирақ, муң дегенниң жоқдур заў – заты,
Писип қалар Қалжанның да аўқаты,
Кеўиллер де жазылысып, түседи
Қатмар – қатмар сағыныштың ҳәр қаты.

Бәрин азап көрип жүрген мен екен…
– Қонақ келсе, болса я бир мерекең,
Аўылға кел, қанша қымбат болса да,
Жалғыз малын аямайды қаракең…

– Бизиң үйдиң қой – ешкиси бир қора,
Сойыслыққа керек болса бар, жора!
– Қойса! Ал, мен беде менен бағаман,
Сениң малларыңның жегени сора…

Ҳаял пахыр шийшелерди әпкелер,
Ҳәр киргенде жуптан – жуптан төкпелер.
Ишкен сайын бири айтса хош хабар,
Биреўинен шығады гил өкпелер…

…Азан менен шығып бастың мең – зеңи,
Зорға – зорға көтеремиз еңсени.
Түнде болған тонна – тонна сақыйлық,
Оянғанда болып шығар онсери.

– Есимде жоқ не айтып, не қойғаным,–
Десип олар бәнелейди бойларын.
Ҳаял айтар: «Кеткен сонша араққа
Алар едик базардың – ақ қойларын…»

Алыстағы ағайинлер, оңалың,
Сизлер – мениң жылынарым, тоңарым.
«Бары жақсы бақыраўық түйениң»,
Тез-тез болың ғаўқылдасқан қонағым!

1992-жыл

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Периштем болдың да сен мениң,
Жадырап көриндиң алдымда.
Бир қарыс бәлентлеп өңменим,
Өзиңнен илҳамды алдым ба?

Бул бахыт буйырмас көплерге,
Отырман муҳаббат тахтында.
Төбемди жеткерип көклерге,
Өзиңнен йошымды таптым ба?

Сағыныш дәрти де жер иштен,
Алдымда болмасаң, периштем…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Тәғдирдиң суўында ықтым мен,
Қартайдым, шашларым сабалақ.
Сонда да алдыңнан шықтым мен,
Муҳаббат тулпарын сабалап.

Билмеймен қандайын өзгениң,
Кеўлимде ҳәр күни найзағай.
Шаншылған қап – қара көзлериң
Жүрекке қадалар найзадай.

Жадырап бир күлген ўағыңда
Жүрермен муҳаббат бағында.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Мен сени сүйейин аймалап,
Мен сениң жүзиңнен өбейин.
Болса да жолларың тайғанақ,
Түнлерде сүринбей келейин.

Қой, енди басқаға умтылма,
Басқадан тиленбе муҳаббат.
Бәҳәрдиң өткинши бултында
Тамар ол бизлерден жырақлап.

Мен сени сүйиўге инкарман,
Басқаның ықласын унтарман.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov

20 last posts shown.