Кеңесбай Рахманов


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Music


КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ – драматург,
Қарақалпақстан халық шайыры,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, жазыўшы.
Бул каналларға ағза болыўды да умытпаң! 👇👇👇
@SHawdirbay_Seyitov @Tolepbergen_Matmuratov

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Music
Statistics
Posts filter


Солдат анты
Тыңла Ўатан, тыңла халқым қаҳарман,
Перзентиңмен орын алған қатардан,
Сениң арың ушын-сениң бахтың ушын,
Суўдан кешип жаўға ғәзеп атарман…

Тыңлаң пүткил халықлар сенде,
Менде күш бар-сана бар
Тынышлыққа шақырған.
Уллы Ўатан-Ана бар,
Қүдиретли мәрт жеңимпаз
Армия бар пана бар.

Тыңла ўақыт- тыңла алтын дәўраным,
Перзентиңмен тапқан мәңги камалын,
Сениң арың ушын сениң бахтың ушын,
Еситермен тынышлықтың самалын,
Сақ қорғайман әзиз Ўатан жамалын.


Ҳүрметли ҳәм әзиз Ўатан қорғаўшылары, тынышлығымыз сақшылары!  Сизлерди бүгинги 14-январь Ўатан қорғаўшылар күни менен қутлықлап, бәршеңизге машақатлы ҳәм ийгиликли жумысларыңызда талмас куш жигер, табыслар тилеймиз.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


МЕН СОЛДАТПАН…

Дақыл ҳәм дийхандай сезер едим мен:
Урыс ҳәм солдатты бала гезимде,
Бирақ, дийхан бахыт табар егиннен,
Ал, урыс солдатты қырар изинде.
Мен ҳәзир түсиндим, түсинип турман:
Дақыл ҳәм дийханның ағайинлигин,
Урыс ҳәм солдаттың душпанлығынан,
Арашалап алдым өмир жигин.
Мен залым Шыңғыстың, я Искендердиң
Қанлы пәнже урған ләшкери емеспен.
Мен Наполеонның, яки Гитлердиң
Қурбанға айдалған әскери емеспен!
Қолымда қурал бар! Урыс қуралы…
Меннен бийрухсат шығармас бир оқ.
Өлим менен өмир қолымда турады,
Өлсем де өмирди қорғайман бирақ.
Мен солдатпан. Солдатыман өмирдиң,
Турман Ўатанымның шегарасында.
«Жасаң, ислең, күлиң халықларым мениң!»
Деймен ана яңлы бесик қасында.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Кеңесбай Рахманов

СОЛДАТЛЫҚҚА АСЫҒЫЎ.

Жолға шықтым.
Жолдаман.
Келемен,
Поезд жүйткир.

Станция,
Разъезд.
Көп мәканға из салмадым еле мен,
Жолларыңда пәрўаз бенен шап, поезд!

Далалардай көкирегим кең болғай,
Жол азабын умыттырған сен болғай.
Еки әтирап қалып атыр қол былғай,
Жолларында жулдыз киби ақ, поезд!

Билемен мен:
шыққаным жок қонаққа,
Киятырман мегзеп қайтпас полатқа.
Ел шақырды,
Асығаман сол жаққа,
Солдатлықтың дәрўазасын қақ, поезд!

Ҳәр секундта туўған елден узайман,
Дөгеректе сарғайыпты гүз айлар.
Айна алдынан қараўшылар азайған,
Зымырай бер, зымырай бер, шап, поезд!

Ел хызмети ушын тасар қуўатым,
Сенсең мениң алып
ушқан қанатым.
Хошласты.
Хошласар.
Күтер елатым,
Жүйрик болсаң, жылдырымдай ақ, поезд!

Көп еситтим.
Көп оқыдым.
Билемен:
Солдат өмири бир жартаста түнеген.
Қыя бассаң, тамам!
Дүзиў жүремен,
Жол-жөнекей саған берген ант, поезд!

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Forward from: ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
#Тәрбиялық

Жоллардан сүринбей өтиў жоқ,
Мақсетке ап-аңсат жетиў жоқ,
Аспанның асты да кеңғой дым,
Сонда да бас алып кетиў жоқ.

Жаслыққа қайтадан барыў жоқ,
Ол жақта баяғы арыў жоқ,
Ғаррылық ҳүрметғой адамға,
Сонда да бурынғы қарыў жоқ.

✍ Кеңесбай Рахманов
Каналымыздан узақласпаң!

https://t.me/ibratli_sozler


Әкем кеште қосық айтса ыңылдап,
Кеўил хошлығының жақсы болғаны.
Анам шайын ишсе буйығып тыңлап,
Демек, дослығының жақсы болғаны.
Бақсы я жыраў жоқ туқымымызда,
Артист бола алмадық мен де, иним де,
Бизлерге туўысқан анаў, үш қыз да,
Азлап қосық айтты тек жас күнинде.
Билмеймен, бизлерге сонша жағады,
Әкемниң кешқурын ыңылдағаны.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


ӘКЕГЕ ЕСКЕРТКИШ

Сизиң қулпытасыңызға жазатуғын сөзлеримди тири гезиңизде журегиңизге жазғанды абзал көрдим, әке.

Биринши қосық
Көп жигит бар,
Көп қызлар бар әкесиз.
Сонда да олар жасап келер қәтесиз.
Өмиримниң не боларын билмеймен,
Егер бир күн ҳайт қойсаңыз әке, сиз.

Қалсамдағы отыз жасқа тақалып,
Баладайман шықпаған дым сақалы.
Сиз кетсеңиз мәңги кететуғындай
Мынаў жердиң үстиндеги аталық.

Ҳаялым бар, перзентим бар,
Бәри бар.
Мийрасым бар мениң де изге қалдырар,
Сиз кетсеңиз қурыйтуғын тәризли
Ақыл булағы ҳағлап турған мол саға.

Әкеси жоқ жораларым көп мениң,
Билмеймен мен не ҳәсирет шеккенин,
Сиз кетсеңиз шеңгел басып кетердей
Бизге узақ жасы үлкенлик өткелин.

Тарығыўды, жоқшылықты билмедим,
Ғурғын заман қушағында гүлледим.
Сиз кетсеңиз, барлығы да бийкардай,
Өтириктей әкели болған күнлерим.

Жыллар сүйрер былай-былай бурылмай
Өмирди де сүрип қалдық бир ыңғай.
О әкежан, сиз кетсеңиз, ендиги
Адамлардан ғарры шықпайтуғындай.

Екинши қосық
Алып ушып жаслық әрман қанатлы,
Адам болдым бир жигиттей саўатлы,
Басқаларды тыңласам да, тек сизден
Уйренгенмен обал менен саўапты.

Тас төбемде қуяш пенен ай турды,
Ерте сездим йошатуғын пайтымды,
Дилўарларды көп билсем де, тек сизден
Уйренгенмен кисиге ақыл айтыўды.

Балалықта өмир қанша пәк едиң!
Улкейгенде билдим парқын қәтениң.
Ғаррыларды көп көрсем де тек сизден
Уйренгенмен уллы жолын әкениң.

Шадлық болды өмирдеги ырысқым,
Қайғыға да мойымаўға тырыстым.
Басқаларға инансам да тек сизден
Уйренгенмен аўыр дәртин урыстың.

Қайдан билсин келер әўлад кейинги,
Сизден алып қалған ашық пейилди.
Жәнжелпазды көп көрсем де тек сизден
Уйренгенмен насазларға кейиўди.

Темир қанат палапаның едим мен,
Бәлент пәрўаз таптым бүгин өмирден.
Уйреттиңиз әкеликти… солай да
Мен–жуқнаңыз, сиз–гәўҳарсыз төгилген.

Ушинши қосық
Көрдиқ көптиң алпыс, жетпис жыллығын,
Оҳо, өмир зытып турған жылдырым.
Қаў қарындай ақ шашыңыз болмаса
Талтайтпапты-аў дүнья деген қурғырың.

Кеше туўған бала бүгин ересек,
Неге бунша асығады келешек?
Сизди ғарры деўге тилим бармады,
Сақалыңызды қыраў шалған демесек.

Әке бир күн жүре алама алаңсыз,
Көлдей тынып, дәрья болып ағарсыз.
Сизге ҳаса услатқан ким?
Бәрин де
Бир тәғдирден көретуғын адамсыз.

Бағ қулпырып, жадыраған жаз ўағы,
Тәғдир салды талай гүлге пазнаны,
О, Сиз түўе, ўа әкежан, мениң де
шашларыма қыраў түсе жазлады.

Кейий көрмең, дәркарма деп уўайым,
Тек шадлықтың соңынан-ақ қуўайын.
Көрсетпейин сизге түскен еңсемди,
Сиз ғаўқыйып жүриў ушын удайы.

Жасаймыз деп қанша айтсақта бәри-бир,
Қартаямыз–тәбияттың заңы бул.
Аман болсын издегилер, тек солар
Бизди мәңги жасартыўшы дәридур.

Төртинши қосық
Шадлығынан ғоддаслап бул әсирдиң,
Гей ўақлары жарасықсыз мәсирдим,
Мақтансам да басқалардың алдында,
Айыбымның бәрин сизден жасырдым.

Көлине мәс шағаладай шарқ урып,
Балалығым өтип кетти-аў жарқылық.
Алжы-булжы болсам да анам алдында,
Сизди көрсем тил қатаман тартынып.

Алыстағын аңсамайық десек те,
Тумлы-тусқа зыңғып жүрмиз кесектей,
Тик болсам да басшылардың алдында,
Сизди көрсем жайыламан төсектей.

Бизиң халық қулыплы турған аршадай,
Ашып көрсең дана сөзге қанша бай!
Басқа алдында данышпанлық етсем де,
Сизди көрсем нәрестемен қаршадай.

Бесинши қосық

Аўыл жолын ала бурқан шаң қылып,
Басқа әкелер «Волга» минип шалқыды,
Мен «Волгаңнан» кем көрмеймен, турса тек,
Ешегиңиз үй алдында аңқырып.

Әтир сеўип жалт-жулт еткен кийимге,
Басқа әкелер том ақтарды үйинде,
Китабыңнан кем көрмеймен қайтсаңыз
Атыз беттен белди салып ийинге.

Халық хызметин көтереди мәрт ыйық,
Басқа әкелер ҳәмел қуўды сәл бийик.
Ҳәмелиңнен кем көрмеймен, кеш қурын
Бизди жумсап отырсаңыз мардыйып.

Алтыншы қосық
Таяқ таслам жол қалды деп алдыңда,
Уўайымның жүги астында талдымба?
Өлим деген қыя салса соқпағын,
Сақалынан ўаз кешежақ ғаррың да.

Әке, сизден өтинемен бирақта,
Екеўимиз миңгеспейик бир атқа.
Мениң жолым басқа, мениң нәзерим
Сиз көрмеген, көрмейтуғын жырақта.

Кийик болып таў булағын табарман,
Ҳәм булт болып шөл үстине жаўарман.
Қызығымды көрсетермен... тек ғана,–
Егленгей дә о дүньялы шабарман.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Әке туўралы

Қартайсаң да жасамағыл бийүмит,
Машақатқа қол қаўсырма ийилип.
Жыллар өткен сайын алдыңнан шығар
Мынаў дүнья түрли липас кийинип.

Көп даңғыл жол қалған менен артыңда,
Жаның бирден тақалмасын алқымға.
Ғаррылық та бул дүньяға жарасар,
Бейимлескен гүл сыяқлы салқынға.

Қартайғанлық – питкени емес сапсеттиң,
Ол да жолын аңлыйды бир мақсеттиң.
Ғаррыларың жүзге шығып өлсе де,
Жылаў керек: «Пай, әкежан, жас кеттиң!»

Еслетсе де қыстың қысқа шуўағын,
Қартаймақлық несип етсе, қуўаның.
Қанша адам кетип атыр қырқында,
Гүзге жетпей солғанындай жуўаның.

Ғаррысыз үй турғандай бир қулазып,
Қазығында қалған яңлы буға жип.
Ақыл айтқан кейиснама даўысы
Шаңараққа болар екен жыл азық.

Ғаррылық та келмес жолдан ап-аңсат,
Қуўанайық ғарры болып атансақ.
Қартайсаң да, енди қалған өмирден
Жақсылықты, ҳадаллықты қал аңсап.

1999


Келген екенсең
Қәпелимде бултлар тарқасып,
Жадыраған қуяш көринди.
Турған еди менде дәрт асып,
Лоқ – лоқ етип қумға төгилди.
Нәзер салсам, о арзыўлым, сен
Дәргайыма келген екенсең.

Кетти қуйын таўланып зыр – зыр,
Тоқтап қалды жағымсыз самал.
Дөгерек – даш кеўлиме арзыр,
Ҳәммесинде бир гөззал жамал.
Қыя бақсам, муҳаббатым, сен,
Жүрегиме енген екенсең.

Сансыз тамшы суўда шоршыған
Тынды бирден жамғыр да тыр – тым.
Тәбиятта бар – аў зор шыдам,
Қулпы дөнип жайнады журтым.
Қарап турсам, қолаң шашлым, сен
Маған мәңги келген екенсең.

Қос жағысқа толқынлар аўнап,
Дәрья енди ҳалласлап ақты.
«Суўсызлықтың жоллары аўлақ» –
Деп ағыслар пәтленди қатты.
Нәзер тиксем, о сүйиклим, сен
Әмиў болып келген екенсең.

Менде гүллеп саҳрайы сана,
Мөлдир булақ кеўлимде турар.
Шөлде өскен бир қара бала
Жасыл бағқа дәрўаза қурар.
Аңласам мен, о нигарым, сен
Бағым болып келген екенсең.
1992 ж.


Forward from: Кеңесбай Рахманов
Гейбиреўлер сахнаға еки ямаса үш адамды шығарып сөйлестире берсек пьеса болады деп ойлайды. Ямаса оның қахарманларының образы ашылмай қалады, пьесаның басынан-ақ аяғы қандай болып питетуғының алдын-ала билип отырасаң. Сахнада сөзден көре ҳәрекет басым болыўы керек, деген менен артықмаш ҳәрекеттиң де кереги жоқ. Адамларды күлдиремен деп келиспеген ҳәрекетлерди қоса бериўге болмайды, сөз бенен ҳәрекет бир жерден шығады. Ҳәрекетти режиссер ойлап табады, сонда да оған ҳәрекет табатуғын жанлы сөзлер, анық ўақыялар керек. Сахнаның сыртында да не болып, не қойып атырғаны сахна ишиндеги болып атырған ҳәдийселерден билиниўи керек. Кеңесбай Рахманов
(«Драматургия ғамхорлыққа мүтәж», «Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 25-июнь 1998-жыл)


Х Х Х
Турмыстан түтигип кетемен,
Шаршайман даўлардан, керистен.
Қан – сөлсиз қасыңа жетемен,
Сол ўақта илҳам бер, периштем!

Әлпетим турса да күлимлеп,
Ҳәммесин сығалап көр иштен.
«Сен мениң булт басқан күним» деп,
Айтқыл да илҳам бер, периштем.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Күнлер өтти қуўанышы, ғамы бар,
Түнлер өтти қараңғысы, таңы бар.
Тулпардың да туяқлары сүринип,
Дананың да базда жағы жаңылар.

Булт келеди нөсер болып, сел болып,
Сайдан жетер лаўзанларға көл болып.
Гейде жақсылардан туўылған жаман,
Шыға бермес тухымындай төл болып.

Ўақыт айырады ақты, қараны,
Оған ҳасла берип болмас параны…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Каналымыз топары:

@Kengesbay_Raxmanov_pikirler


Бул өмир

Айлар, жыллар өтти... Алаңнан астық,
Талай ҳижраннан ҳөлленди дастық.
Мәмелекке ерип жолдан адастық,
Бул өмир қыйқыўлы майдан екен ғой.

Балалық шапқылап изиңде қалар,
Жаслық ҳәксерлери жүзиңде қалар.
Кисилик хүжжет боп дизимде қалар,
Бул өмир санаўлы сайран екен ғой.

Тегис шырайыңды торласа әжим,
Өзиңнен пәслерге етесең тәжим.
Кетерсең басыңда болса да тажың,
Бул өмир түбинде ўайран екен ғой.

Адамнан жоғалса жедел, искерлик,
Жүрегине орнығады қыс дерлик
Тәғдирине ким ете алса үстемлик,
Бул өмир бир келген байрам екен ғой.

Кеңесбай Рахманов каналы: @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Душпанларым ылайтса да көлимди,
Мен оларға тилемеймен өлимди.
Топыраққа ашшы төгин төкпесе,
Жер де оңлап бермейди ғой өнимди.

Душпанларым болса да көп сыналған,
Аўлақ жүрмен өш алыўдай ылаңнан.
Мықлы болыў ушын бизиң денсаўлық –
Дәри ислеўге уў алады жыланнан.

Душпанларым болмаса да ырысқы,
Оларға да қойып жүрмен бир ышқы.
Қутылыўға анаў – мынаў тымаўдан –
Аўқатқа да салып жүрмиз бурышты.

Жаласынан тасалаўға тасам жоқ,
Минезимде дәкки берер асаў жок.
Бизлер мудам тилсиз жаў деп атаған:
От болмаса, суў болмаса – жасаў жоқ!

1993-жыл.

Кеңесбай Рахманов
@Kengesbay_Raxmanov


ЖЫЛ БОЛҒАЙ…
Жасым бир жас улғайды,
Емес бирақ бул қайғы,
Келе бергей жыл сақый,
Бола бергей жыл жайлы.

Жыл болғай бир нәўқыран,
Қыста гүли аңқыған.
Қар жамылған қырымда,
Аппақ өмир шалқыған.

Жыл болғай бир ағыслы,
Өне бойы нағыслы,
Бәҳәрдеги самалы,
Әрман яңлы шабыслы.

Жыл болғай бир нусқалы,
Гөззал тумлы-туслары,
Жазында бағ ырғалып,
Сайрай бергей қуслары.

Жыл болғай бир абадан.
Нәўпир болған сағадан.
Гүзиндеги қырманы,
Асып кеткей шамадан.

Жас бир жасқа узарды,
Күн батар жақ қызарды.
Тағы жаңа жылларға,
Жалғай бергей гүзарды.

Жас емеспен мен енди:
Жиберсем бир кемшилик,
Сөгип-сөгип енемди,
Ететуғын кеңшилик.

Жаслық деген жарықлық-
Алаңғасыр Әлп Дәў,
Дийдарына зар қылып,
Таў артында қалыпты-аў.

Енди бәри өлшеўли,
Ҳаўлығаман қудайдан,
Сәл умытсам мөлшерди,
Көтере алмай қулайман.

Күним өтти мақталған,
Өтти дәўир шарқ урған,
Аға дейди қапталдан,
Аға дейди артыңнан.

Жасыүлкенлик усы ма?
Жолы қыснақ, соқпақ та.
Я өмирдиң қысы ма,
Жаўып атқан аппақ қар…

Кеңесбай Рахманов
@Kengesbay_Raxmanov


Жыл жуўмағы – 2024-жыл.

Төрт ярым мыңнан зыят "👍" реакциясы – бул жүдә әжайып нәтийже. Биз бенен бирге болғаныңыз ушын бәршеңизге қуўанышлымыз. Байрам қутлы болсын.

Кеңесбай Рахманов каналы: @Kengesbay_Raxmanov


Жаңа жыл келер…

Бул ески дүньяға Жаңа жыл келер,
Жанлыға ,жансызға қосылар бир жас.
Бир жыл узақ майдан…Күтип тур нелер?
Есигин қушақлап болайын сырлас.

Бир жыл қосық айтып кележақ тағы,
Болғай –дә қушағы толы таяр ас.
Бир жыл өмирлерге енежақ тағы,
Сықымар болмағай ол журтты аямас.

Ески тозып:азаяды,сийрейди,
Ҳәр жүрекке жаңа сезим орнаўда.
Бас жип тағып әрман мени сүйрейди,
Еле из түспеген жаңа жолларға.

Инсанбыз бәрине көнлигип қалған,
Тиришилик ҳаққы шаптық тум-тусқа.
Пәклик ,суўықлықты алғанбыз қардан,
Гөззаллықты-гүлден өмири қысқа.

Тарийх таўсылмайды, созылар тағы,
Адам бири келер, бирин жер жутып,
Бийшара қойлар да қосылар тағы,
Үш күннен терисин алса да сытып.

Тәғдир базда жасырынбақ ойындай,
Бахыт гөкек берер, өзин таппайсаң,
Адам өтер бул дүньяға тойынбай,
Еле шабыс күсеп турған аттайсаң.

Жаңа жыл әкелгей жаңа несийбе,
Ҳәтте, кийимлер де болғай жаңарақ,
Қайғы, ҳәсирет бас суқпағай ҳеш үйге,
Даўлет қусын күтсин ҳәр бир шаңарақ.

Көз бенен өлшенбес жыллар майданы,
Бес күнлик өмирди етпейик сарсан,
Халық ушын ис етип кетсең пайдалы,
Сен өзиң жоқ жыллар да жасарсаң.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Жаңа жыл қосығы

Хош келдиңиз, Жаңа жылым,
Жаңа жылым-жаңа жырым.
Бугин ёлка әтирапы
Бахты кулген балалығым!

Аяз баба, болың мийман,
Саўға менен бизди сыйлаң.
Қар Қыз бенен қол усласып,
Қалың бизде қоныс басып.

Улкемиз бар кундей кулген,
Қыс болса да гуллей билген.
Жаңа жылдың кешесинде,
Қосық жаңлар турли тилден.

Сәлем, сәлем, Аяз Баба!
Көкирегиң аппақ дала.
Келе бериң азат журтқа,
Жыллар менен Жаңа, Жаңа!

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov

20 last posts shown.