Бабамыз Әжинияз Қосыбай улының 201 жыллығына арнаў
Бул төте жоллардан өтпеген кимлер?!
Адамның басына түсип неее... күнлер,
Кеўлиниң көзинде көргенде шайыр,
Ишине от жаққан қайғылы демлер.
Жаныңды сезиндим азабың зәәрин,
Қағазға төгипсең кешмиштиң бәрин,
Бул дунья әзелден бири кемлиги,
Сиз басып өткен сол жоллардан мәлим.
Сынақтың аўыры абзалдур бәлким,
Төлемин ҳәр қыйлы төлейди ҳәр ким,
Сол заман зәйилин суўретлеп жазып,
Сабақтай қалдырдың әўладқа дәртиң.
Маңлайға жазғаны "мәҳшер"ге қайыр,
Көмилди олар да, қалмай бир сайыл,
Еки ме... еки мың өтседе әсир,
Мен соны түсиндим...ӨЛМЕЙДИ ШАЙЫР!
Дөрелди кимлерден қанша жыр өли,
Бул қара сөз емес қәлибтиң тили,
Жүрегиң еле де урып турғандай,
Қосықта бир руўҳ бар жасайды тири!!!
Қанхорды, жәлладты тутынар ким пир??
Ким уллы дер ханды көрсеткен жәбир,
Жалғыз сиз Устазсыз өлместей тулға.
Усы топырақты буйырған тәғдир.
Зульфия Жийемуратова
Қоңырат 9.04 2025ж
https://t.me/Sos_marjani