ОН БЕС ЖЫЛЛЫҚ АЙРАЛЫҚ
Бир ҳаял басынан өткен ўақыяларды айтып берди.
Күйеўим жас, өмирге қызығыўшылығы күшли, ҳәрекетшең ҳәм жүдә сымбатлы жигит еди. Ол диндар және минез-қулқы жағынан да тәрбиялы еди. Биз турмыс қурғанымыздан кейин оның ата-анасына ислеген жақсылықларын көрип бәрҳә ҳайран қалар едим. Сонда усындай жигитти мениң маңлайыма жазған Алла таалама шексиз алғыслар айтар едим.
Тойымыздан бир жыл өтип, бизлер қызлы болдық. Арадан азырақ ўақыт өткеннен кейин күйеўимниң жумысы басқа ўәлаятқа өзгерди. Ол бир ҳәпте ислеп, бир ҳәпте дем алатуғын болды. Үш жыл усылай жүргенде қызым төрт жасқа толды.
Еле есимде, сол күни Рамазан айының тоғызыншы сәнеси еди. Күйеўим жумыстан қайтып киятырғанда, жолда авария болып, машинасы аўдарылып, өзи аўыр аҳўалда емлеўханаға жеткизиледи. Мен жетип барсам, күйеўим комада жатқан екен. Шыпакерлер оның бас мийи клеткалары жумысының 95 пайызы жарақатланып, мийдиң жумыс ислеўи тоқтағанын айтты. Бул ўақыя шаңарағымыз ушын үлкен соққы болды.
Әсиресе, қартайған ата-енеме қыйын болды. Әкесин жақсы көретуғын қызым Эсманың саўаллары ишимди тырнар еди. Себеби қызымның жақсы көрген ойыншығын әкеси усы сапары әкеп бериўге ўәде берген еди.
Бизлер күнде емлеўханада нәўбетшиликте отырамыз. Бирақ күйеўимниң жағдайы сирә өзгермеди. Күнлер артынан күнлер, ҳәптелер, айлар өтти. Айлар жылларға жалғасып, арадан бес жыл өтти. Гейбир адамлар маған қазыға барып, күйеўимниң мийи өлгенин, оның тирилип кетиўинен үмит жоқ екенлигин айтып, талақ алыўымды мәсләҳәт етти. Айырым шайхлар күйеўиниң мийи өлген болса ҳаялы талақ алыўы мүмкин деп пәтўә да берди. Бирақ мен оннан үзилди-кесилди бас тарттым. "Мениң күйеўим тири, жүреги урып тур. Мен талақ алмайман," дедим.
Егер күйеўимниң жүрек урысы тоқтап, марқумлар сыяқлы жерленбегенше, Алла бир жолды көрсетпегенше Қудайым мени одан айырмасын," дедим. Күйеўимниң ғам-тәшўишинен аз да болса ойым бөлинсин, деп, пүткил дыққат-итибарымды қызыма қараттым. Қуран ядлап үйренсин деп медресеге апардым. Алла таалама ҳәмдлер болсын, ол он жасқа толмастан, қуранды ядлап алды.
Арадан он жыл өтти. Енди қызым есейгеннен кейин әкесине не болғанын жатығы менен айтып түсиндирдим. Ол әкесин бир минут та ядынан шығармай, сағынған ўақытларында дәртин ишине жутар еди. Алланың қәлеўи менен, өмирдиң бундай сынағы қызымды динге жүдә жақын етип қойды. Ол парыз намазларын қалдырмай, ҳәм түни менен тәҳәжжуд намазын да оқыйтуғын болды. Марқум атасы менен әжесиниң ҳәм мениң де оған жақсы тәрбия бериўиме мүмкинлик берген Алла таалама мың қәтле шүкирлер айтаман.
Қызым күнде мениң менен бирге әкесин көриўге барып, оған сәлем
береди, әкеси ушын дуўа ислеп, арасында әкесиниң атынан садақа етип турар еди.
Бир күни ол маған:
- Анажан, мени әкемниң қасында қалдырың. Түни менен әкемниң қасында түнеп шығайын, - деди. Мен бираз екиленип турдым да, қызымның шын нийет пенен сорап турғанын көрип, келисим бердим.
Кейиннен қызым сол күнди қалай өткизгени ҳаққында айтып отырып:
- Әкемниң қасында отырып Бақара сүресин оқый басладым. Оны оқып болып, буйығып уйықлап кетиппен.