Келемиз тәғдирдиң ҳәзилин уқпай
Сап еди ышқымыз таңдағы шықтай,
Арзыўлар көп еди мазалы тутдай,
Ал ҳәзир алыстан ынтықпыз неге?!
Келемиз тәғдирдиң ҳәзилин уқпай.
Бул жазмыш қәлемин сыяға малып,
Жүрекке айралық сүўретин салып,
Сен онда мен бунда интизар кеўил,
Демеди ашықлар қалар-аў налып.
Қоспай бир-бирине қулай сүйгенин,
Заўық алармекен көрсе күйгенин?!
Өтмиште де талай ғана ашықлар,
Ғумшасы солған дер салмай түйнегин.
Сеўги симфониясы жаңласа қайда,
Дирилди тийеди денеме майда,
Есиме түседи биринши вальс,
Бизге ҳәўес еткен сол ақшам ай да.
Жап- жарық сәўлесин аямай шашып,
Алмасын дегендей аяғын басып,
Ҳәр мәўрит есимде қалған сақланып,
Оннан соң кеўилим көрмепти тасып.
Сап еди ышқымыз таңдағы шықтай,
Арзыўлар көп еди мазалы тутдай,
Ал ҳәзир алыстан ынтықпыз неге?!
Келемиз тәғдирдиң ҳәзилин уқпай.
Гулзар Қурбанбаева ✍
Саҳра гүли🌹 24.11.2024.
https://t.me/Sóz_marjanı
Сап еди ышқымыз таңдағы шықтай,
Арзыўлар көп еди мазалы тутдай,
Ал ҳәзир алыстан ынтықпыз неге?!
Келемиз тәғдирдиң ҳәзилин уқпай.
Бул жазмыш қәлемин сыяға малып,
Жүрекке айралық сүўретин салып,
Сен онда мен бунда интизар кеўил,
Демеди ашықлар қалар-аў налып.
Қоспай бир-бирине қулай сүйгенин,
Заўық алармекен көрсе күйгенин?!
Өтмиште де талай ғана ашықлар,
Ғумшасы солған дер салмай түйнегин.
Сеўги симфониясы жаңласа қайда,
Дирилди тийеди денеме майда,
Есиме түседи биринши вальс,
Бизге ҳәўес еткен сол ақшам ай да.
Жап- жарық сәўлесин аямай шашып,
Алмасын дегендей аяғын басып,
Ҳәр мәўрит есимде қалған сақланып,
Оннан соң кеўилим көрмепти тасып.
Сап еди ышқымыз таңдағы шықтай,
Арзыўлар көп еди мазалы тутдай,
Ал ҳәзир алыстан ынтықпыз неге?!
Келемиз тәғдирдиң ҳәзилин уқпай.
Гулзар Қурбанбаева ✍
Саҳра гүли🌹 24.11.2024.
https://t.me/Sóz_marjanı