📨 Муғаллимниң имтиханлар алдынан ата-аналарға жоллаған хаты
"Ҳүрметли ата-аналар!
Жақында балаларыңыздың имтиханлары бар. Билемен, олардың имтиханларды жақсы тапсырыўын уўайымлап, сиз жүдә қәўетердесиз.
Бирақ, мен мыналарды еслеп қалғаныңызды қәлеймен: имтихан тапсыратуғын балалардың арасында математика қәжет емес актерлар бар. Әдебият тарийхын түсиниў шәрт емес исбилерменлер де бар. Музыкашылар бар, олар ушын химия пәнинен баҳалар әҳмийетли емес. Физикадан гөре дене шынығыўы сабағынан үлгериўи әҳмийетлирек спортшы да бар.
Егер сизиң балаңыз жоқары балл алса, бул жүдә жақсы! Бирақ егер олай болмаса, оның өзин-өзи баҳалаўы менен қәдир-қымбатын жоқ қылмаң. Оған: «Болады балам, бул әпиўайы имтихан-ғо» деп айтыңыз. Алдында оларды буннан да маңызлы жумыслар күтип тур. Оларға айтып қойың, баҳаларына қарамастан, сиз оларды бәри бир жақсы көре бересиз ҳәм ҳеш қашан оларды айыпламайсыз.
Өтинемен, сизден сорағанымды орынлаңыз, кейин... балаңыздың жетискенликлерин көресиз. Бир имтихан ямаса жаман баҳа оның әрманын, талантын алып қоймайды. Ҳәм тек шыпакерлер, юристлер ҳәм банктегилер ғана бахытлы бола алады деп ойлағанды тоқтатың.
Ийгиликли тилеклер менен…".
P/S: Бала өзи қызығатуғын нәрсе менен шуғылланса, ол ертең өз жумысын (кәсибин) үлкен қызығыўшылық пенен атқаратуғын болады.
Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi