Forward from: Kitap sawda
Пай, заманым, заманым
Пай, заманым, заманым,
Күлетуғын жериң жоқ,
Сирә бир де кемиң жоқ,
Әлемлерден теңиң жоқ.
Машқала жоқ, қайғы жоқ.
Қара маңлай териң жоқ.
Шалқып дәўран сүрмеге,
Бәрисиниң қарны тоқ.
Арзаншылық газың бар.
Заўқы-сапа, сазың бар.
Еллерден зор еркинлик!
Еркинликти жазыңлар!
Жумыс жетип ҳәммеге,
Сары май кетер шәмбеге.
Парахорлық не өзи?
Сенде жоқ бир дәме де.
Аспан ашық булт жүзген,
Халқың қыдырып ел гезген.
Байлықларың бир дүнья...
Ҳәмме адам бизнесмен.
Кредит деген ойда жоқ.
Машқаласыз той да жоқ.
Ҳәр бир үйлер сарайдай,
Қыйсық, қахра жай да жоқ.
Суўың тасып теңизден,
Балық шығар семизден.
Машқаласыз ҳаяллар,
Туўып атыр егизден.
Емлеўхана босап тур,
Халқың бахтлы жасап жүр,
Бәри тегин дегенге,
Қазан менен асап тур.
Жақсы болып исим де,
Алтын қуйма тисим де,
Бирден шоршып ояндым,
Бәри болған түсимде.
Қосықты түсин, түсинбе...
15. 11. 2023
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
Пай, заманым, заманым,
Күлетуғын жериң жоқ,
Сирә бир де кемиң жоқ,
Әлемлерден теңиң жоқ.
Машқала жоқ, қайғы жоқ.
Қара маңлай териң жоқ.
Шалқып дәўран сүрмеге,
Бәрисиниң қарны тоқ.
Арзаншылық газың бар.
Заўқы-сапа, сазың бар.
Еллерден зор еркинлик!
Еркинликти жазыңлар!
Жумыс жетип ҳәммеге,
Сары май кетер шәмбеге.
Парахорлық не өзи?
Сенде жоқ бир дәме де.
Аспан ашық булт жүзген,
Халқың қыдырып ел гезген.
Байлықларың бир дүнья...
Ҳәмме адам бизнесмен.
Кредит деген ойда жоқ.
Машқаласыз той да жоқ.
Ҳәр бир үйлер сарайдай,
Қыйсық, қахра жай да жоқ.
Суўың тасып теңизден,
Балық шығар семизден.
Машқаласыз ҳаяллар,
Туўып атыр егизден.
Емлеўхана босап тур,
Халқың бахтлы жасап жүр,
Бәри тегин дегенге,
Қазан менен асап тур.
Жақсы болып исим де,
Алтын қуйма тисим де,
Бирден шоршып ояндым,
Бәри болған түсимде.
Қосықты түсин, түсинбе...
15. 11. 2023
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov