Ҳақыйқый «гөззал»лар қайда?
Бүгинги дәўирде косметология жоқары дәрежеде раўажланып атыр. Ҳаяллардың сыртқы көринисин гөззал етиўши (терини тазартыўшы, жумсартыўшы, азықландырыўшы кремлер, ерин ботоксы, макияж, татуаж, маникюр, педикюр, шаш түрмеклери) ҳәр түрли усыллар бар. Буннан басқа көплеген косметикалық өнимлерден пайдаланыў модаға айланды. Ҳаяллар сыртқы көринисин гөззал қылыў ушын миллионлаған дәраматларын ҳәм ўақытын сарыпламақта. Буның арқасында косметикалық компаниялар кɵп пул ислеп байып атыр.
Енди бул жағдайға көзимизди ашып қарайық:
- ҳаяллар арасында жынысый ағзалар кеселликлери көбеймекте,
- туўыў үйлериниң патология бөлимине ҳаяллар сыймай атыр,
- туўыўдағы асқыныўлар, ананың ҳәм баланың кеселлениўи,
- операция усылы менен туўыўшылар кɵбейип кетти, ɵзи туўатуғыны 2-3 бала, бурынлары ҳаяллар 8-10 баланы ɵзлери туўған,
- абортлар саны артпақта,
- шаңарақларда ажырасыўлар ҳәм жалғыз баслы ҳаяллар көбейип атыр,
- ҳаяллардың турмысқа шығыўыда қыйынласып атыр,
- бахытлы шаңарақлар саны көбейип атырған жоқ, шаңарақлардағы тийкарғы машқалалар ҳаяллар (ана, ене, келин, қәйин апа, абысын, бийкеш) менен байланыслы,
- тәрбиясы машқалалы балалар саны артып атыр ҳ.т.б.
Бирақ ҳаяллар сыртқы кɵринисин шырайлы қылыў ушын жылдан-жылға кɵп қәрежет жумсап атыр. Сыртқы дүньяңның гɵззаллығы ишки дүньяңның гɵззаллығына сай болыўы керек емеспе яки сырты жылтырақ иши қалтырақ ҳаял болыў үрдиске-модаға айланып қалдыма? Бурынғы ҳаяллар гөззаллық дегенде тек сыртқы кɵринисиниң сулыўлығын емес, ɵзиниң ҳаяллық сыпатларын, беккем денсаўлығын, минез-қулқының ҳәм ишки дүньясының гөззаллығын түсинген. Ҳәзирги ҳаяллар гɵззаллық дегенде нени түсинип атыр? Егер олар гɵззаллықты биринши гезекте «Ишки дүньясының, минез-қулқының гɵззаллығы менен байланыслы»- деп, түсинсе онда олар биринши гезекте нелер менен шуғылланыўы керек?
@psixolog_nukus