4. Пессимист адамларда билим алмайды. Бундай адамлар позитив нәрселерге, жақсы нәрселерге, муҳаббатқа исенбейди. Оларды негатив сезимлери басқарады, ҳәмме нәрсеге тек негатив жағынан қарайды, ҳеш нәрсеге исенбейди, гүманланады, бийкарлайды. Тек ғана негатив нәрселерге исенеди, бир жерде урыс болған, ɵрт болған, авария болған, адам ɵлтирген, жынаят ислеген, урлық болған сыяқлы мағлыўматларға ɵш болады, жан-тәни менен соларды тыңлайды, оқыйды. Сонлықтан бундай адамлар турмыслық машқаласын шеше алмайды, кесел болса саўалмайды, тек биреўлерди айыплап, критикалап жүре береди, усылайынша ɵмири ɵте береди.
5. Сықмар, таўекел ете алмайтуғын адамлар билим алмайды. Бундай адамларды сықмарлығы, екилениўи басқарады. Олар тек бийпул нәрселерди, арзан нәрселерди ойлайды, билим алыўға қәрежет жумсай алмайды, жанынан кɵре пулы қәдирли болады. Кесел болсада қыйналып жүре береди, турмыслық машқалалардан қыйналсада шыдап жүре береди. Олар тек шыдаўға, кɵниўге үйренген болады, налынып, тоңқылдап, ɵкпелеп, ɵкинип жасаўға үйренген. Сылтаў айтыўға, бәне излеўге қатты шебер болады. «Егер менде мынандай пул болғанда билим алған болар едим, егер менде мынандай жумысым болғандай билим алған болар едим, егер мениң жағдайым мынандай болғанда билим алар едим, егер мени үйдегилер түсингенде, мени қоллап-қуўатлағанда билим алған болар едим»- деп ɵзинде, басқалардыда алдап жасай береди.
6. Бузықшылық, қыйсық-қыңғыр ислер менен шуғылланатуғын адамлар билим алмайды. Арақхор, қумарпаз, мошенник, қатынпаз, альфонс, парахорлық, урлық пенен шуғылланатуғын адамлар билим алмайды. Себеби, билимди тек ғана қәлбинде муҳаббаты бар, адамгершилиги, ийманы, инсабы, ҳадаллығы бар адамлар ғана алады. Егер адам билим алмай атырған болса демек, онда жоқарыдағы сыпатлар жоқ болады яки жүдә тɵмен болады. Адамлардың 2 түри болады. Раўажланатуғын ҳәм раўажланбайтуғын, ɵзгеретуғын ҳәм ɵзгермейтуғын түри болады. Билим алатуғын адамлар раўажланады, ɵзгереди, билим алмайтуғын адамлар раўажланбайды, ɵзгермейди. Себеби, билим алыў адамның руўхый дәрежесиниң кɵрсеткиши есапланады, адамның муҳаббатының, ақыл-парасатының кɵрсеткиши есапланады. Психология- бул билим алыў арқалы ɵзлигиңди аңлаў, ɵзиңди ҳәм тәғдириңди ɵзгертиў екенин түсинбейтуғын адамлардың ақыл-парасаты жүдә тɵмен болады, ҳайўаный санада болады. Себеби, ҳайўанларда ақыл-парасат, инсаный сана болмағанлықтан олар билим алмайды, ɵз үстинде шуғылланбайды, инстинктлери менен жасайды.
@psixolog_nukus