СОҢFЫ ҚОҢЫРАЎ
(сәнеге бағышлаў)
Жүреклери ɵзгеше сезимлерге толып, ана мектеп босағасынан жаңа ɵмирге қәдем қойып атырған жаслардың кеўилинен ɵткерген сезимлери тилине кɵшкенде гә күлип, гә жылап бирге оқыған дослары, қанша қыңырлығын кɵтерген устазлары менен хошласатуғын ўақыт жеткенлигин усы қоңыраў сести аңлатып турғандай. Кеўилине жубаныш болып, үлкен ɵмир жолы күтип турғанлығы сергек тарттырса да «тарыдай болып кирип, таўдай болып шығып» баратырған ана мектебин кыймаслық сезимин жүзлеринен байқаў қыйын емес. Мектеп. Биринши муғаллим. Соңғы қоңыраў. Булар ҳәр бир инсанның ким болмасын, не ислемесин ɵмири даўамында есинде сақланып қалатуғын мәўритлери. Бүгин олардың кеўилиндеги балалық әрманлары, алдына қойған мақсетлерине умтылдырып үлкен гүзарға жетелемекте. Жаңа ɵмирге қулшынып турған бул жаслардың нәзери кɵкти гɵзлейди. Биз де ɵз гезегинде олардың ɵмир жолларына сәтли сапар ҳәм бәлент пәрўазлар тилеймиз.