ҲӘМШИЙРАЛАР ҚОСЫҒЫ
Халқымызға хызмет етип бәримиз,
Саламатлық сақшылары өзимиз.
Тилек тилеп саў болсын деп дениңиз,
Кишипейил, муләйимдур сөзимиз.
Қәстелерди даўалаймыз бир тынбай,
Ақ халатлы жақсы нийет исимиз.
Нәзеринен халқымыздың ҳеш қалмай,
Арналады билимимиз, күшимиз.
Әмел етип жақсы қатнас, жақсы сөз,
Наўқаслардың кеўиллерин аламыз.
Үмит пенен тигиледи қанша көз,
Даўалаймыз, бизлер шыпа боламыз.
Пидайымыз жәрдемге тақ турамыз,
Аралаймыз ел ишинде жүремиз.
Ақ халаттай аппақ бизиң санамыз,
Бул кәсипти муқәддес деп билемиз.
Наўқасланып қалса егер бир инсан,
Қыйланаман оның ушын күйемен.
Ақ халатта аппақ болып мен турсам,
Жүрегимнен кәсибимди сүйемен.
Ел мақтаса, халқым мени ардақлап,
Аппақ халат ҳүжданымның иреңи.
Ел нәзери топланады мысқаллап,
Ҳәмшийраға алғыс сөз-ғой кереги.
Ақ халатым турса егер жарасып,
Жас жүрегим кетер мениң дүбирлеп.
Үй аралап шықсам турар қарасып,
Кеўиллерге жол табамыз шеберлеп.
Шаршамаймыз, ис қыламыз ҳәр дайым,
Желкемизге елдиң дәртин жүклеймиз.
Ҳеш бир адам аўырмағай илайым,
Биз ҳәмийше ден-саўлықты тиклеймиз.
Абат Крамов.
Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya