Өзимниң кеўлимдей кеўил таппадым
Жақын жанларыма жеңлерим желпи,
Ойламай қойған күн тартқы жип селпи,
Биреўи сырнықса етегим елпи,
Өз кеўлимдей бирақ, кеўил таппадым.
Шапаны келтерсе шалғай жабыстым,
Атлары ҳарыса бирге шабыстым,
Етине ет, тырнақ болып қарыстым,
Өзиме өзимдей дәрман таппадым.
Қой , кеўлим, дуньяны тегислеў қыйын,
Жаманнан болмаса, жақсыдан сыйың,
Жаманға қадириң бир соқыр тийин,
Бойымдай бой таптым, ойлар таппадым.
Жақыным қарманса қулашты жайдым,
Тереңин, сайызын ойламай сайдың,
Сүрниксе сүйедим , сырғанап тайдым,
Өзим тайғанасам таяў таппадым.
Самал ызылдаса солар ма, дедим,
Үсти жеңил болса тоңар ма!-дедим,
Қабағына гирбиң қонар ма -дедим,
Өзимниң кеўлимдей кеўил таппадым.
Өмирде көп қыл қыймастай жақыным,
Аты шапса қысыўлы тур тақымым,
Бурын неге алыспаған ақылым,?!..
Бой таптым, ойымдай ойлар таппадым.
Гүлистан Дәўлетова.
14 июнь, 2024-жыл.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani href='' rel='nofollow'>
Жақын жанларыма жеңлерим желпи,
Ойламай қойған күн тартқы жип селпи,
Биреўи сырнықса етегим елпи,
Өз кеўлимдей бирақ, кеўил таппадым.
Шапаны келтерсе шалғай жабыстым,
Атлары ҳарыса бирге шабыстым,
Етине ет, тырнақ болып қарыстым,
Өзиме өзимдей дәрман таппадым.
Қой , кеўлим, дуньяны тегислеў қыйын,
Жаманнан болмаса, жақсыдан сыйың,
Жаманға қадириң бир соқыр тийин,
Бойымдай бой таптым, ойлар таппадым.
Жақыным қарманса қулашты жайдым,
Тереңин, сайызын ойламай сайдың,
Сүрниксе сүйедим , сырғанап тайдым,
Өзим тайғанасам таяў таппадым.
Самал ызылдаса солар ма, дедим,
Үсти жеңил болса тоңар ма!-дедим,
Қабағына гирбиң қонар ма -дедим,
Өзимниң кеўлимдей кеўил таппадым.
Өмирде көп қыл қыймастай жақыным,
Аты шапса қысыўлы тур тақымым,
Бурын неге алыспаған ақылым,?!..
Бой таптым, ойымдай ойлар таппадым.
Гүлистан Дәўлетова.
14 июнь, 2024-жыл.
Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani href='' rel='nofollow'>