⚡️Қуяш панелин орнатыў мәжбүрий емес ─ Энергетика министрлиги
Соңғы ўақытларда исбилерменлик субъектлери қуяш панеллерин орнатыўға мәжбүрленип атырғаны, айырым жуўапкер шөлкемлер болса рәсмий хат та жиберип атырғаны ҳәм де егер қуяш панелин орнатпайтуғын болса, электр тәмийнатынан үзилип қойылыўы мүмкинлиги ҳаққында қорқытыў болып атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалған еди.
Бул шағымларға Энергетика министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.
Президент қарарына муўапық, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден үнемли пайдаланыў бойынша керекли жумысларды әмелге асырыў, атап айтқандк, қуяш панеллерин ҳәм де қуяш суў коллекторларын орнатыў имканияты бар болған исбилерменлик субъектлери ҳәм халқымызға усы үскенелерди үгит-нәсиятлаў сыяқлы ўазыйпалар көрсетип өтилген.
Бирақ, қуяш панелин орнатыўға мәжбүрлеў, орнатылмаған жағдайда, электрди тармақтан үзип қойыў менен ескертиў мәселеси ҳеш қандай нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленбеген.
➡️ MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!