Және бир жылымыз өтип баратыр
Утыры келгенде айтайын сөзди,
Қасқағымда ашып жумғанша көзди,
Сабақлары менен есейтип бизди,
Және бир жылымыз өтип баратыр.
Кеше ғана күтип алғандай едик,
Қалай өтип кеткенлигин билмедик,
Шынтлап жақсы жыл болыўын тиледик,
Бизди қыймай бир жыл өтип баратыр.
Иркип болмас ўақыт атлы тулпарды,
Маўқын басып шаппақлыққа қумар дым,
Жақсылыққа шарлағаны унады,
Пәрўаз етип бир жыл өтип баратыр.
Кимге дийдар, кимге сыйлады ҳижран,
Ким жоғалтты, кимлер тапты дүр, маржан,
Ким нийетке жетти, ким етти әрман,
Ойландырып бир жыл өтип баратыр.
Кимлер татыўласты, ким кетти алыс,
Базы дослар бүгин мәзи бир таныс,
Не болса да жылға айтамыз алғыс,
Арпалыслы бир жыл өтип баратыр.
Өз дәўлети менен келеди қонақ,
Қәдирлеп келгенде ашқанбыз қушақ,
Кеўил сезген еди қалмаўын узақ,
Сағындырып бир жыл өтип баратыр.
Бир жыл деген айтар аўызға аңсат,
Қәдирин соңынан билер адамзат,
Жүрекке мөрленип ғәниймет пурсат,
Из қалдырып бир жыл өтип баратыр.
Бул өмирде атыр екенбиз жасап,
Парыз жыл соңында бермеклик есап,
Хошласып турыппыз көзлерди жаслап,
Баўыр басқан бир жыл өтип баратыр.
Атқарды мойнына жүкленген исин,
Халық айтар мақтаўын я кемисин,
"Мениң ўақтым питти" дегендей мисли,
Жанымыздан бир жыл өтип баратыр.
6-декабрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Утыры келгенде айтайын сөзди,
Қасқағымда ашып жумғанша көзди,
Сабақлары менен есейтип бизди,
Және бир жылымыз өтип баратыр.
Кеше ғана күтип алғандай едик,
Қалай өтип кеткенлигин билмедик,
Шынтлап жақсы жыл болыўын тиледик,
Бизди қыймай бир жыл өтип баратыр.
Иркип болмас ўақыт атлы тулпарды,
Маўқын басып шаппақлыққа қумар дым,
Жақсылыққа шарлағаны унады,
Пәрўаз етип бир жыл өтип баратыр.
Кимге дийдар, кимге сыйлады ҳижран,
Ким жоғалтты, кимлер тапты дүр, маржан,
Ким нийетке жетти, ким етти әрман,
Ойландырып бир жыл өтип баратыр.
Кимлер татыўласты, ким кетти алыс,
Базы дослар бүгин мәзи бир таныс,
Не болса да жылға айтамыз алғыс,
Арпалыслы бир жыл өтип баратыр.
Өз дәўлети менен келеди қонақ,
Қәдирлеп келгенде ашқанбыз қушақ,
Кеўил сезген еди қалмаўын узақ,
Сағындырып бир жыл өтип баратыр.
Бир жыл деген айтар аўызға аңсат,
Қәдирин соңынан билер адамзат,
Жүрекке мөрленип ғәниймет пурсат,
Из қалдырып бир жыл өтип баратыр.
Бул өмирде атыр екенбиз жасап,
Парыз жыл соңында бермеклик есап,
Хошласып турыппыз көзлерди жаслап,
Баўыр басқан бир жыл өтип баратыр.
Атқарды мойнына жүкленген исин,
Халық айтар мақтаўын я кемисин,
"Мениң ўақтым питти" дегендей мисли,
Жанымыздан бир жыл өтип баратыр.
6-декабрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev