#Қутлықлаў
#Наўрыз_байрамы
#21_март
Ассалаўма әлейкум ҳүрметли заманласлар!
Сизлердиң бәршеңизди Шығыс халықларының жаңа жыл байрамы сыпатында кеңнен нышанланатуғын Наўрыз байрамы менен шын жүрегимнен қутлықлайман! Пайызлы шаңарақларыңызға аман-есенлик, қут-берекет, ығбал-бахыт, беккем аўызбиршилик тилеймен!
Әдиўли халқымыздың қандай бай руўхый қәдириятлары, гөззал үрп-әдетлери бар екенлигин Наўрыз тамашаларынан билип алыўға болады.
Бизди қоршаған дөгерек әтираптағы гөззаллық, жасарыў, жаңаланыў, ояныў ҳәрбир инсанның кеўлине руўхый азық бағышлап, илҳам-йош инам етип, үлкен дөретиўшилик ислерге бағдарлайды.
Байрам мүбәрек!
Байрамнан байрамларға аман-есен жетип жүре бергейсиз!
Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!
Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!
Үлкемде басланып халықлық сейил,
Салтанатлы тойдай қуў бас жумалар.
Көклем инамынан нәр алып кеўил,
Шайыр қосығында байрам жырланар.
Жақынларға айтар кеўил сөзимиз,
Қутлы болсын уллы күни улыстың.
Көклемдей қулпырып ысық жүзиңиз,
Гүллендирип жасағайсыз турмысты!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev