СЕН СОНДА БИР ҚОСЫҚ, АЙТТЫҢ-АЎ ИНИМ.
Н.Ешмуратовқа.
Жырақ жүрсең, сағынасаң аўылды.
Класслас қыз, дипломын қорғаған күни,
Бир ханаға сыймай, жаслар дүркини,
Жерлеслер жыйналып, қутлықлағанбыз,
Шын жүректен, колда жаслықтың гүли.
Досқа арнап, көп тилеклер айтылды,
Бирақ та қосықлар, болмай тартымлы,
Тамадасы насаз болып кешениң,
Ҳәмме ойлап турдық, үйге қайтыўды.
Бирден қайтып кетиў, натуўры болар,
Кетип калсақ достың, кеўили қалар,
Усы ойлар менен мийманның бәри,
Гидиристик, өз-ара айтысып хабар.
Күтпегенде, сен ортаға шықтыңда,
Жети тарлы, гитараны алдыңда,
Дуўтар етип, әжип сазға салдыңда,
Қарақалпақша нама, шалдың-аў иним.
Әлҳәббиз, әлҳәббиз, дегизип мени,
Жүзлериме урып, денемниң қаны,
Миллий ырғақ, о, уллы миллийлик
Ҳәўиж алып кетти, ортаның өңи.
Қарақалпағымның, миллий намасы,
«Мухаллес», «Сый перде», «Қара жорғасы»,
Анаңа рахмет, өзиңди туўған,
Қарақалпағымның, қара баласы.
Әке-шешем менен туўысқанларым,
Қоңсы-қоба менен дос-яранларым,
Сен шалған намадан, ойыма келди,
Жаслығым, қара қызға хат жазғанларым.
Ат ойнатып минген, қыр, адырларым,
Қыйқыў салып оған, қамшы тартқаным,
Журтласларым менен ылақ таласып,
Оны аўылыма, алып қайтқаным.
Иштеги илҳәмим, түртип қозғандай,
Бир сәйгүлик, тулпарлардан озғандай,
Япырмай-әй, қонақтың ишкен шайлары,
Ишлерине, енди барып қонғандай.
Қолларын шаппатлап, турды қонақлар,
Олардың жүзинде, қуўаныш нур бар,
Қарақалпақшалап, қосық айтқан әғайин,
Сениң жүрегиңде, миллий сезим бар.
Қарақалпақ симфониясы, тилге келгендей,
Әжинияз сағынып, елге жеткендей,
Қамыс-қоға, қосық айтып кеткендей,
Сен әжайып қосық, айттың-аў иним.
Сен сонда бир қосық айттың-аў иним,
Аўылды сағынған, тарқалып шерим,
Орынынан түргелип, турды қонақлар,
Алғыстың орнына, билмей не дерин.
Саў бол, саў бол, иним рахмет саған,
Даўысыңнан, кетейин мен садағаң,
Қәрекеңниң, миллийлиги өлмейди.
Сизлер турсаң, ҳаўазлары жаңлаған.
Қарақалпақ симфониясы, тилге келгендей,
Әжинияз сағынып, елге жеткендей,
Қамыс-қоға, қосық айтып кеткендей,
Сен әжайып қосық, айттың-аў иним.
Сен сонда бир қосық айттың-аў иним,
Аўылды сағынған, тарқалып шерим,
Орынынан түргелип, турды қонақлар,
Алғыстың орнына, билмей не дерин.
Саў бол, саў бол, иним рахмет саған,
Даўысыңнан, кетейин мен садағаң,
Қәрекеңниң, миллийлиги өлмейди.
Сизлер турсаң, ҳаўазлары жаңлаған.
Ж.Қ.Дәўлетмуратов.1988-ж. июнь.
https://t.me/Soz_marjani