Әкесин сыйлаған қыз
Асқар таўыңызды сыйлайсыз қатты,
Күшли болар қыз перзенттиң меҳири.
Гөззал тәрбияңыз ҳүрмет оятты,
Қәлбиңизге нур қуйыпты тәңирим.
Әкесин ҳүрметлеп, қәдирлеген қыз,
Жақсы ҳаял болар қурса шаңарақ.
Урпағысыз Қумар ананың нағыз,
Бахыт сыйлар қәлбиңдеги шамшырақ.
Әкесин сыйлаған қызлар, иншалла,
Әкеге мийримли туўар ул-қызлар.
Тәрбия уяда сиңип инсанға,
Көп күттирмей инам етер алғыслар.
Уллы екенлиги әкениң жолы,
Уқтырылар кеңесинде ананың.
Тутқан жолыңызға кеўилим толды,
Сизди тәрбиялы перзент санадым.
26-апрель, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@
BaxitliSaribaevhttps://t.me/Soz_marjani