Алланазар Абдиев творчествосы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Қарақалпақстан Республикасы халық жазыушысы,
Дослық ордени ийеси,
Филология илимлериниң кандидаты,
Антик дүнья халықаралық академия академиги,
Алтын қәлем сыйлығы ийеси.

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


ҒӘРЕМЕТ
(гүрриң)

«Ыссы жан аўырмай турмас» деген. Тымаўрап, ямаса сүрнигип жығылып, аяғын зақымлатып алып жатқандағы қорлыққа қалғанын жылап айтыпты. Аяғым гүп болып исип атса да, аўқат, шайын алдына әкелмепти. Қайта «Пейлин жаман болғаннан соң қудайдың кѳрсетип атырғаны, саған» деп табалайды екен, ҳаялы. «Бул да ҳеш гәп, тѳрт-бес күннен тәўир болып, түргелдим. Егер туралмастай, қолға қарар наўқасқа тап болсам, ямаса қартайғанда ҳалым не кешер екен?!» деп қатты сары уўайымға түсер екен, қатынның пейлинен қорқып.
Ағайин-туўғанлар арасында жаманлап, абыройсызландырған. Перзентлерин де әкесине қарсы тәрбиялаған. Ошақ басында анасының мәтибийлигин көрген ул-қызы үлкейе келе әкесин сыйламайтуғын болған. Бирер жөнсизлигин, я ақыл айтса қарсы сөйлеп, доҳ урып, бетинен алады екен. Ал енди жумыс бабы иркилип, түнлетип келсе дәрўазаны ашпай, дилгир етип қояды екен...
Үйинде күнде урыс, жәнжел. Урысса урысып та көрген, яқ, ҳаял дегенниң арғысында болмаса, уяты болмаса жеңе алмайды екенсең. Жәнжелди баслап, гүна өзинде бола тура қатын айыпты күйеўине төңкериўге шебер екен. Соң-соң, қашанғы бажылдаса берсин, қатын менен қатын болмайын, деп басына боқ үйсе де үнин шығармай баслапты.
Жумысында, халық ишинде «Кимсең? Нийетулла!», адамгершиликли, туўры сөзли, мәдениятлы, саўатлы, мәртебели болғаны менен үйинде ийт-пышық шелли қәдири жоқ бола берипти. Бара бара «отырса опақ, турса сопақ» еткен. Усындай зуғымларын өткерсе де айырылыспай, жары жолда қәйтеди, халықтан уялған, үш перзентин қыймаған, ул-қызларына ширкеў болмайын, абыройларын түсирмейин, деп тисин-тисине басып шыдай берген. Оңыса берейин, депти.
Келин түсирген. Келин ақкөкирек, аяқ-қолы жеңил, тәрбиялы, әдеп-икрамлы, жақсы шығыпты. Сонда да Нийетулланың қатыны (аты Гүлхан) мүнжипти: «Тазалықлы емессең», «Аўқатың мазалы емес», «Дузы кем, я ашшы», деп. Келинди жипә-жиксиз жерден алып, жерден сала бергенине, жеке қалғанда Гүлханға айтып та көрген: «Жаңа түскен келин. Бирден үйренисип, енисип кете алмайды, ҳәр хожалықтың шараяты ҳәр қыйлы дегендей. Әсте-әсте айтып, үйрете бер, әйтеўир нәрсеге шаўлап жанын ала бермей», десе, ақылды алыў орнына қайта: «Сен неге араласасаң? Тынышыңа отыр! Сен сөзин сөйлегеннен соң ол мени тыңлай ма?» деп қарсыласып, дамбалын қолына алып урысыпты. Өзиниң басына боқ үйсе де үндемей қалады екен, лекин жап-жас нәресте келинди қәйин ене Гүлханның наҳақтан, майда-шүйдеге-ақ қағыта бергенине, силкинип, ҳәтте базда қолы менен урып жибергенине шыдамай жуўырып барғанын билмей қалады: арашалаўға ҳәрекет етеди, қатынына урысады екен. Күйеўиниң гәпин қыстырмай, сонда да бийҳая ҳаял келиннен кемшилик таўып, жәбирлей берген. Ўақыяға қанық, келининиң айыпсызлығын көрип турған ҳақыйқатшыл қәйин ата қалай шыдасын, сөзи сөз болмаса да (қалай енди көрип турып, сөйлемессең, жүреги жоқ, темир-робот емессең) арашаға түсе береди, ал ол қатын жинлишиликке салып, қолына не илинсе ылақтыра береди екен. Сондайда бир неше рет келин де, өзи де Гүлханның зыңғытқан кесе, тарелка, үтигинен жарақат алыпты. Ожаў, оқлаўын талай жепти.

(Дауамы бар)
9.


ҒӘРЕМЕТ
(гүрриң)
(Басы жоқарыда)

Ақшаны үйип қойса да тапқанын далаға шашатуғын да Нийетулла, жумысындағы келиншеклер менен хызмет бабы сөйлессе, ойнаслық ететуғын да, бузықларға баратуғын да; той, бәзимде еки кесе «ақ суў» ише ғойса мәскүнем де; дыңғырлыдан қутылайын деп қатынға ашыўланып, бир–еки күн жора–жолдастың үйинде қонып қалса, хожалыққа жаны ашымайтуғын да Нийетулла бола берген. Ғәрежетли жумыста ислеп, пул дегенди үйине буўатлап әкелсе де, айлығын бермейтуғын ол, ал медсестра ҳалына шаңарағын бағып отырған өзи бола берген. Адамгершиликли, табысы мол күйеўиниң қәдирин билмеген. Азық-аўқат пенен тәминлеп отырса да аўқаттың суйығы, қалдығы усыники болған: «Шөмиштен қысқан», «Бул не, гөши қайда?», «Аўқатты мен келиўге таярламайсаң ба, өзлериң ишип, маған аўысқанын қалдырғанша? Өлмесем, жумыстан түсте саат бирден, кеште жетиден қалмай келип жүрмен ғой. Ыссылай ишкенге не жетсин» десе: «Үйде отырғаннан соң аш болып ертелеў писирдим... Тап сен-ақ аўқатқа жыр шығарасаң да отырасаң. Ал бермегеним. Ертеңнен баслап бул жуўындыны да қалдырмайман. Тамағыңа керек болса писирип жейсең» деп жалтарып ҳәм қайта өршеленеди екен. Аўзына муш пенен урғаннан бетер аўыр гәптен соң екинши рет аўқат бойынша «жың» шығарыўға қорқып, қатынның қуйғанына қайыл бола баслаған.
Нийетуллаға жақын, тийисли ағайин, жек-жат, жора-жолдас та бир-еки келгенде тәбизди байқап, келиўди сийреклеткен, базылары улыўма есигин ашыўды қойған. Оған дәрек адам келсе үйде аўқатқа салатуғын гөштен баслап, пияз, дузға шекем жоқ болып шығады. Дәстурханға ярым шөрек қатқан нан қойылады. Бар затты да жоқ деп қапылтады екен.
Ал енди жумыс бабы иркилип, кешлеў, түнлетип келсе, дәрўазаны ашпай дилгир етип қояды екен. Ѳз үйиңе ѳзиң туўры кире алмай турыў қандай аўыр азап екенлигин басынан ѳткерген биледи, депти ғарры.

(Дауамы бар).
8.


Алланазар Әбдиев

ҒӘРЕМЕТ
(гүрриң)

– Мәйли, егер ертең түстен кейин қолым саўаланса жетемен.
«Изленген имкан табады». Дачаға қустай ушқым келген мен ертеңи жумысларымды жуўырып-жортып тез, қыстаўлы питириўге үлгердим. Майда-шүйде бирли-ярымы биринши күнге қалды.
«Жериңди ашыў ушын еки жыл мәкке ек», дегенге мәкке туқым алып бардым. Оның менен тракторшы да қырсық екен, бағана «яқшы келе берсин» деген екен, барсақ: «Бузылды, оңлайман кешке дейин. Күтемен десең түнде сүрип, егип, мала басып беремен. Болмаса ертең азанда жетиде келе ғой», деди. Билип турман, маған қырсыққандағысы. Жақын жерде басқа трактор да жоқ: оны биледи. Жалындырмақшы. Өзимнен де болды: алдын шембиниң азанына келистик те, кейин, екшембиге өзгерттик, енди шембиниң түстен кейини деп отырмыз.
Не дейсең, сениң ким болғаныңның оған парқы жоқ, қайта абырайлы жазыўшы, журналист, алымды жалындырғанына ишлей, жора-жолдасларына масайрайды, мақтанады.
«Түн болса түн, ҳәзир саат түстен кейинги төрт және төрт сааттан түни де келер. Оған дейин Нийетулла ағаның сырын еситейин» деп күтип қалдым.
Қашқынбай ағаның үйиндемиз. Жеңгей де қыдырып кеткен екен, өзи шай демледи.
– Басқа нәрсе керек емес, отырың, – дедим мәйек қуўырмақшы болып май менен табасын излеп атырған оны иркип. – Қәне, айта бериң, тыңлайман.
– Мен де өзиңдей, шыдамсызбан ғой, иним. Ҳажыға бармақшы қатыны ертеңи келеди дегеннен соң кешлетип бардым.
– Келди ме, жеңгем? – десем.
– Аўа, – деди. – Сениң менен бармайман. Өзим жалғыз бараман. Ҳажылық жолында өлип кетсем әрманым жоқ, – депти кемпирге (Шынында да Нийетулла аға «Ҳажыға барсам, қәсийетли Қаратасты айланып жүрип, қарашор мусылманлардың арасында жығылып, аяқлары астында тапланып өлсем, әрманым жоқ еди», дейтуғын еди.) Кемпири өлердеги сөзин айтып, аяғына бас урып жалыныпты, ҳажылықтан соң үйге киргиземен, деген қусайды.
– Қайсы бетим менен бараман, жүзиме қара күйени жағып қойыпсаң. Улдың, келинниң, қоңсылардың бетине тикленип қарай алмасам.
«Талақсаң, талақсаң, талақсаң», деп үш рет айтып, қайтарып жиберген (Алдағы сапары айта алмаған екен).
– Келип жалынса да ҳажылыққа өз есабымнан алып кетейин деп турса да еримейтуғын, жибимейтуғын не өкпе екен? – деп Қашқынбайдан сорайман.
– Мен де соны сорадым. Айтқысы келмеп еди, бул рет қорықпай, талап еттим. Ишиңизде қалса, партлайсаң, ямаса Искендердиң шаштәрезиндей гөне қудыққа айтасыз ба? Жарылсаңыз, жеңиллейсиз, дедим. Ақыры, келисти. Бөтен адамға тисиңнен шығарма деп зинҳарлап еди, бирақ, енди саған ўәдем бар, қалай айтпайман, иним.
– Қояғойса, қәдириңди асыра бермей, – деп ҳәзил шыны оны қағытып қояман. — Ал қулағым сизде.
– Айтыўына қарағанда, мен топшылағанымдай, шынында да Нийетулла аға оқыған-шоқыған, дәўиринде мәкеме баслығы болып, шалқыған жигит екен. Бирақ келиншеги-кемпири жасынан дурыслы емес; көкбет, өзиниң айтқанынан қайтпайтуғын, өжет, тирсек, пайдасына пүтин, айыплы бола тура өзин өзгелерге айыпсыз көрсете аларлық ҳийле-сумлығы да бар, мәккар, оның үстине арқасы бардай қызып кете беретуғын есер де екен. Жасынан келиншегиниң жаман минезин билсе де перзентлерин жетим қылмайын ҳәм тәрбияланып, жақсы болып кетер деп үмитленип жасай берген.

(Дауамы бар)
7.


А. Әбдиев

ҒӘРЕМЕТ
(гүрриң)
(Дауамы. Басы жоқарыда.)

Дачаға келгенде биринши жумысым қатық, сүт алыўдан басланады. Базардан алсаң сүттиң майы алынған «сепаратдики», қатығы желимдей «алматинский» уйытқы салынған болып шығады. Сүтиниң мазасы, қарашайға татымы жоқ, көк суў болса, қатығы ашшы, суйық, ямаса көксуў шығады. Сонлықтан исенимли – биринши қолдың қатық-сүтине жетпейди. Ағарған ишкендей боласаң. Сол себепли жеңгең де зинҳарлап жиберген, өзим де соны қәлеймен. Азанда келе сала Қуўатқа еки баклачка қатық, үш сүтке пул берип, «музлатқышыңда тура турсын, кетерде аламан» дегенмен.
Келин әкелип машинаға салады.
Жума күни түнде қол телефонымнан «Бөрши таўдан күн күлимлеп жадырар, Шығыс жақтан атса таңның шуғласы,...» деп басланатуғын «Тахтакөпир даласы» нама-қосығы жаңғырды (Телефонның шыңғырлаўығына усы қосықты қойыппан. Қосық текстин жазған Әбдимуратов Аймурат ағаға да, бақсы-композитор Аңсатбай Қайратдиновқа да, кәмине келтирип дәслепки атқарған (мендегиси) Периўхан Қыдырниязоваға сирә қайыл қаласаң.).
Телефоным экранына қарасам «Қашқынбай аға дача» екен. Мени сағынады, сөйлескиси келеди. Оның менен өсек урып отыра беретуғын жазыўшыда, журналистте мурша болсашы! Илаж жоқ, алдым, қалай енди, басын қумға тығып, «жасырындым, душпаным көрмейди», дейтуғын страус болайын. Ондай пәслик бизиң минезимизге жараспайды.
Сөйлестим. «Ертең келмесең жериң таптан шығып кетеди. Не егесең, туқымыңды алып кел» демекши, мениң пайдамды айтпақшы екен, ол пақыр.
Шемби күни де жумысым баса баслаўын айттым:
– Екшембиде барарман. Бир күнде таптан биротала шығып кетпес.
– Өзиң билесең, мен айттым, – дейди наразылаў ҳаўазда. Ол өзиниң қарысы менен, мен өзимниң қарысым менен өлшеймиз, яғный маған биринши гезек жумыс, табыс дәреги – жумысым болса, оған – жер.
– Сизге рахмет, берекет табың. Жумыс жағдайы сондай-дә, аға.
– Түсинемен, иним. Мейли, екшемби болса екшемби. Тракторшыға басқалардикин айдай тур дермен. Келгениңде трактордың қол ҳақысы менен жигирма литр солярканың ақшасын да умытпа, лекин.
– Яқшы.
– Айтпақшы, – Оның даўысы қайтадан қуўанышлы епкинге көшти. – Нийетулла ағадан бәрин билип алдым.
– О, зор болыпты! Айт, – десем, көп гәп, оның үстине телефонды биреў тыңлап турған болса, – деп қәдирин асырып, қапылтты.

(Дауамы бар)
6.


🌙 Бүгин Рамазан айының 26-күни

🔴 05:27 ➖ Төрткүл
🔴 05:28 ➖ Елликқала
🔴 05:30 ➖ Беруний
🔴 05:29 ➖ Тахтакөпир
🔴 05:30 ➖ Қараөзек
🔴 05:31 ➖ Әмиўдәрья
🔴 05:31 ➖ Шымбай
🔴 05:31 ➖ Мойнақ
🔴 05:32 ➖ Кегейли
🔴 05:33 ➖ Нөкис
🔴 05:33 ➖ Тақыятас
🔴 05:34 ➖ Хожели
🔴 05:35 ➖ Қанлыкөл
🔴 05:35 ➖ Шоманай
🔴 05:40 ➖ Қоңырат

🔴 Аўыз жабыў дуўасы
Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.
🔴 Мәниси:
Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Алланазар Әбдиев

ҒӘРЕМЕТ
гүрриң.
(Басы жоқарыда)

– Перзентлер алдында бетиме күйе жағып қойыпты ғой, мәккар қатын! Мени — күйеўин наҳақтан жандырып, айыпсызды айыплы еткен ҳүждансыз, иплас қатын енди ҳажылықты күсеп қалыпты! Ҳажылық сениң не теңиң! деп айттым.
– Түсинсем буйырмасын, аға. Кемпириң қартайғанда тәўбеге келип, сени ҳажылыққа апаражақ болса, оның неси жаман?! Өкпе-гийнени умытсеш, – деймен.
– Умытылатуғын нәрсе емес ғой, Қашқынбай иним-аў. Биротала мени тирилей өлтирип, ҳүждан азабына салып, адамларға қарабет етип қойыпты ғой.
Тәўбеге келип емес, жалғыз өзи ҳәмраҳсыз Мәккеге жиберилмейтуғын болғаннан соң ғана илажсыз келип отыр. Болмаса мени көрейин, жарылқайын деп турған адам емес, ол иймансыз. Кемпир деймен-аў, жасына қарағанда да түри жас көринеди: қатын еле. Ҳәзир перзентлериниң табысы көп қатынлар мабаға ҳажылыққа баратуғын болып кеткен ғой. Оның да «кемпир отырыспа»сындағылардың көпшилиги ҳажылыққа барған емиш. Бир-екеўи қалыпты, бармаған. Соған мурны пушық болажақ, бармаса. Сондай, гейпаралар ҳажылықты тәўбеге келиў деп емес, ҳәзирлери мабаға, жарыспаққа, бирпаралары саўда ислеўге барады екен, тоба!
Бизики де сондай, өзин, байлығын көз-көз етиўге, өтимли зат апарып, қайтарда зат алып қайтыўға баратырғаны анық: пейли-ықбалын билемен ғой, оның. Гәптиң тоқетери, кемпир ертең азанда келемен соған дейин ойлан, – деп кетти.
Негизинде өзим де пенсиямды жыйып жүриппен, ҳажылықтан айланып келиўге мол жетеди. Ҳадал пул менен барарман деп едим, енди мынаў ис көлденең шықты. Оның қасына шерик болып, өз жыйғаным менен барсам да болар еди, бирақ оны ертким, улыўма көргим келмейди, қусқым келеди, жүзине қарасам. Бундай ишки кек-әдаўат пенен сыртымыз пүтин, ишимиз жалын, қара түтин болып барғанымыз бенен нийетимиз қабыл бола қоярмекен деген ойдаман. Базы адамлар билмесе, қудай бизлердиң еки дүньяда от пенен суў екенимизди билмей ме?! Әлбетте, биледи!... Ямаса ҳажылықты мақсет еткенге жәрдем бермегеним ҳәсилик, нәшүкирлик, күпирлик болып, гүнаға мен батармекенмен? Сен не дейсең? Жағдайдан шамалы хабарлы болдың ғой.
– Ҳаслында ҳажылыққа кеўли дүзиў, өз қәлеўи менен барыў саўап болатуғын шығар. Сиз қәлемейсиз, оның менен барыўды, онда оның да, сениң де тилеклериң қабыл болады деп айта алмайман.
– Диний жақтан гүнаға батпаспан-аў, я?
– Оны бир Алла биледи. Мениң билерим, кеўил сандықты дурыс услап, ашып барыў тийис. Ондай болмайды екен, бармаған мақул.
– Рахмет, иним. «Бир бастан еки бас жақсы» деген. Мен де усы қарардаман. Сонда да сениң менен мәсләҳәтлесейин дегеним еди. Берекет тап. Көп ўақтыңды алған болсам, кеширерсең.
– Яғ-аў, аға. Алҳамдулла мусылманбыз. Бир-биреўге қолдан келген жәрдемди бериў миннетимиз ғой. Жақсы дем алың, кеўилли түслер көриң, – деп хошласып шығып кеттим, сол күни.
– Азанда келсе ҳажылыққа нәлайық адамды ертип бармайман деймен, – деп қалды изимнен.
– Мине, усындай, Алеке иним, Нийетулла ағаңнан гәп еситсең.
– Жүдә сырлы, қайсар адам екен. Хожалығына, пүткил халыққа қарай алмайтуғындай не гүнасы бар екен? Себепшиси кемпири екен, ол не иследи екен соншелли? – деймен өзимше гүбирленип. Қашқынбай да еситип турыпты.
– Анықламағанша ишиң дүбирлеп, тыныш таппайсаң ғой, енди, жазыўшы иним. Болады, қалай болмасын Нийетулла ағадан билиўге ҳәрекет етемен. «Төриңнен гөриң жуўық», бақый дүньяға алып кетпекшимисең, деп дыңғырыўлап айттыртарман. Сен қәтержам бола бер. Бес-алты күннен соң жериң тапқа келеди, сонда тракторға сүргизиўде өзиң келип басында болмайсаң ба?
– Аўа, аға. Келемен, шембиде. Оған шекем ғарры менен де, тракторшы менен де сөйлесип қоярсыз-дә, – деп хошласып машинама минемен.
– Ҳәй, тоқта, – дейди алдымыздағы қоңсы жигит Қуўат атызында жүрип кетип баратырғанымды гәпимнен аңлап. – Қатық, сүтиңди умытып баратырсаң ғой.
– Ҳо-ҳо! Аўа-аўа! Ядыма салғаның жақсы болды. Әкеле ғойсын.

(Дауамы бар)
6.


Түпәлем, ақлығым, узақ жасап, бахытлы бол!


Бала күлкиси хәр хожалықты гөззаллыққа безей бергей!
Гүлден артық емес пе бала, ақлық деген!




Ассалаума әлейкум, хүрметли дослар!
Сизлер менен және дийдар көрискенимизден қууанышлымыз, Аллаға миннетдаршылығымыз шексиз!
Қайырлы таң!


Репост из: ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
#Сораўға_жуўап
💻

Шынықап (кесеқап). Кесе сынып қалмаслығы ушын усының ишине салып қойылады. Əсиресе, көш пайытында наятый асқатады.
📜
Каналымызға жәрияланған сүўретли сораўымызға бирнешше ықласбентимиз дурыс жуўап берди.
Мәселен:
Лала Қудыярова
Шаригүл Файзуллаева
Феруза Теңелбаева
Айдос, Меҳрибан, Полат ҳ.т.б исмли ықласбентлеримиз дурыс жуўап берген. Бирақ толық түсиндирме менен жуўап жазған ықласбентимиз Алланазар Абдиев болды. Сол ушын усы ағамызды жеңимпаз деп таптық!

Баста бир-еки ықласбентимиз де шала болса да дурыс жуўап берген бирақ, аты-жөни жазылмаған себепли исмин келтимедик!

Жеңимпаз болған Алланазар ағамызды шын-жүректен қутлықлап қаламыз!

https://t.me/ibratli_sozler


Ораза хайт байрамы, оразаның жуумақланыуы— 30 март деп белгиленбекте


"Алланазар Әбдиев шығармалары жақсы жазылған қосық сыяқлы, иштейиң ашылып оқылады.
Егер бул шығармалардан үзинди оқып қалсаң, өзиңди мазалы тағамға шала тойғандай сезинесең, даўамын оқығанша асығасаң.
Мен жазыўшының "Қарақалпақ қосығы" гүррүңин оқығанда өзимде усындай жағдайды сезиндим.
Бул жазыўшының халқымыздың бай сөз ғәзийнесинен утымлы пайдаланыўының нәтийжеси деп билемен"

Раўаж Отарбаев -Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр.


– Ҳаў, ассалаўма әлейкум, аға. Аўа, менмен, – деп жанына жуўырып бардым. Өзиме де сөйлесиўге жолдас керек болып тур еди. Бул жердегилердиң көпшилиги жаслар, олар менен әлпиң алыспайды. Сен «бағдан келсең, олар таўдан келеди». Сен ел тәғдири, жаслар келешеги ҳаққында, ийман-инсап бойынша сөйлесең, олар арақтан, пиводан гәп урады; бузық қызларды көргенин сүўретлейди; базарда ақшаны қалай билдирмей урлағанын айтып мақтанады дегендей. Ондайды жақтырмайман. Унатпайтуғынымды сезген олар да маған жақынлай бермейди. Бақырып, ақыл-нәсият айтаман; жақсы бол, деймен. Бундай гәпим олардың кейпиятын түсиреди.
– Қой-сә, аға. Ҳәзир заман басқа, алдайсаң ба, қорқытасаң ба, урлайсаң ба, алсаң, мәпленсең болды. «Күн көргенниң күни артық» деген емес пе, ата-бабаларымыз да. – Қолын бир силтейди. Гейпара жинли, есерсоқлары боқлап, сөгинеди де. Қайсысы менен қызыл муш бола бересең. «Гөр болың. Мен адам болыўыңды айтып атырман» деймен мен де қолымды силтеп.
Мине дачадағы жағдай усындай болғаннан соң Нийетулла ағаның өзиниң шақырыўы жүдә қуўантты. Сөйлескиси келмегенде жатқан жеринен турармеди?!
Шарбақ ишине киремен дегенше ақ көйлек, ыштанын кийип алды. Тамына баслады.
– Қашқынбай иним, сени оншелли жақын танымайман. Бирақ кеўли ашық, жақсы адам деген пикирдемен. «Алыстағы ағайиннен, жақындағы қоңсы жақын» дегендей, иним, сениң менен бир нәрсени ойласпақшы едим. Усы аўылдың аўзы-сөзи жөнли, дин исламнан да хабардар, бес ўақ намазын қаза етпейтуғын жасыүлкени, деп өзиң менен кеңеспекшимен, – деди ол ишке кирип төсекке отырып, аман-есенлик сорасқаннан соң.
– Ҳаў, аға, жүдә әҳмийетли болса жақыныңыз, дос-яран, ағайинлериңиз жоқпеди? – деймен аўыр жүкли машқала ма, жумыс па, айтар деп қорқашалып, ийменип.
– Менде ағайин де, дос та, яран да жоқ! Жалғызбан!
– «Жалғызлық қудайға жарасады» деген, аға. Саўатлы, мәдениятлы, көпти көрген адамға уқсайсыз. Сиздей адамда ағайин, дос-яран болмаўы мүмкин емес. – Таңланып усы рас айтып атыр ма деп бетине тикленип қарайман.
– Жоқ дедим ғо! – Ол ашыўланайын деди. Егер және езбелесем, өжиреден айдап шығатуғын сыңайы да барлығын жүз-түринен абайладым да, «сындым»:
– Болады, аға. Мәйли, не мәсләҳәтли ис бар? Қолымнан келгенше жәрдем етейин, ақылымды айтайын, – деп былжырақлатып атырман. Басшы болған ба, бурын, сусты басымлаў екен. Ҳәммеден тартынбай сөйлейтуғын, тақылдақ мен оның алдында негедур пышық алдындағы тышқандай сүмирейип қалдым.
– Мен хожалығымнан ўаз кешкен адамман. Перзентлерим, қатыным (ҳәзир кемпир ғой) менен де қатнаспайман. Улыўма ағайин-туўысқан, жора-жолдасқа да көринбеймен, бети жоқ адамман. Неге деп қазбарлап сора ма? Саған тек тийисли жерин айтаман.
– Болады.
– Бағана кемпир келди. Ҳажылыққа бармақшы екен. Соған жолдаслыққа ертпекши. Мениң менен еле некеде болғанлықтан ери бар нашар күйеўисиз бара алмайды, ал ери себепли жағдай менен бара алмайтуғын болса ғана улына келисим бере алады екен. Ҳажылыққа улымның кеўил-хошы жоқлығы себепли маған бас ийип келип жалынды.
– Ҳаў, аға, кемпир жаслықта бас қосқан, көз ашып көрген қәдирдан қостарың болса. Барсаңыз бара бермейсиз бе? Оның не кеңеслиги бар?!
– Ол кемпирди көрерге көзим жоқ. Тек отыз жыллық қослас болғаным ҳүрмети өлтирмедим. Мени усындай аҳўалға салып қойған, қарабет еткен сол атаңа нәлеттиң баласы! – Нийетулла аға қызып, жинлиленип кетти. Бармақлары муш болып түйилип, тула-бедени қалтырады. Ашыў менен маған қол силтеп жибере ме деп қәўипсиреймен. Сөйтип басыў айттым:
– Ҳәй, аға, ашыўланбаңыз. Қатын дегенниң бәри сондай. Күйеўин күйдиреди де жүреди. Перзентлериң ушын кеширесиз-дә.

Дауамы бар.

Алланазар Әбдиев, халық жазыушысы
5.


Ғәремет, гүрриң

Дауамы.

– Он күнликте түнги салқында аўқат сиңирейин, деп айланып жүрсем, үйиниң алдына қурылған пешеханадан шығып, Нийетулла аға:
– Қашқынбайсаң ба? – деп изимнен әсте сүренледи.


Ғәремет

Бул жердиң халқының көпшилигиниң тарийхы усындай – оңлы емес, жалпақ сөз бенен айтқанда, көпшилиги қаңғырған-суңғырғанлар. Лекин кейинги ўақлары дачада үйлердиң арзанлығы, ал қалада қымбатлығы себеп, имарат ямаса жай орын ала алмаған жас шаңарақлар да көплеп келип, шалшық суўға ағын
суў келгендей, адамлардың бир-бирине мүнәсибети, қатнасығы да жақсы жаққа өзгермекте екен. Той бериў, байрамларды биргеликте белгилеў дәстүрге енбекте. Тәбийий газ тартады деген хош хабар да шығып атыр.
Қашқынбай аға адамға сөз бермейтуғын қыйлынан. Насыбай атыўға ыңғайласып, сәл аўзы тынған гезинен пайдаланып, сорадым:
– Аға, бағанағы мениң Нийетулла ағаның иркилмеўине байланыслы сораўыма жуўап бермедиңиз ғой? Я ол ғаррыда да сыр жасырынып жатыр ма екен?
Сәўбетлесим насыбайы тил астында болса да сөйлей алар еди. Гейбир насбайкешлердей аўзынан түпириги шашырамайды. Бирақ сәл тутлықпаланады.
– Енди, кандидат-жазыўшы иним, тап сырдың барлығы усы ғаррыда ма дедим. Мен де оның изин қуўып киятырған адамман ғой, яқ, бала, мениң менен де ашылысып сөйлеспейди. Батареялы радиосы бар, жанынан соны қалдырмай, қулағын бурап жиберип тыңлап жумыс ислей береди. Шебер дийхан, денсаўлығы да жақсы, шапшаң қыймылдайды. Жеринен барлық жемис-жийдегин, қысы менен асарын өндирип алады. Жигирма төрт сотих жерин гүллендирип қойыпты. Жери дәрьяның жағасында ғой, «Әндижан» насос пенен суўды туўры атызына қуяды. Жигирмалаған ешкиси, қойы, жети–сегиз ири малы бар. Қозысын бағып, қошқар, баспағын тана, қашар етеди. Саўынсыз болмайды. Оларды да, басына шаршы тартып, үстине шиймақпал халат кийип, саўа береди. Таўықларының мәйеклерин қуўырып, писирип жейди. Таўық сойып, таза сорпа ишеди. Қулласы, пенсиясы нақ жыйнаўлы, жумсалмайды-аў деген пикирдемен. Өйткени қоңсы ҳаял бар, сүт жыйнап қалаға сататуғын. Сол усы ғаррының аўысық сүт, қатығын арзан алып, үстине бир-еки мың қосып сатып пайдаланады. Ғаррының қант-шай, нан, ун, майын да сол ҳаял әкелип береди. Ғаррының өзи үйинен шықпайды.
– Ўәй, гәпти алып қашасаң-аў, аға, – деймен бәрқулла ўақты зық мен, узын гәпке тақатым болмай. Оның менен ҳәзиллесе берер едик.
– Енди, иним, алып қашпай не қылайын, биреўдиң саған исенип айтқан сырын айта бериўге болмайды-дә!
– Ҳә, бәле, ғаррының сырынан, оның неге сәлемлеспегенинен хабарлы, бир де шерик те екенсең ғо я? – дедим оның жүзине күлимсиреп тик қарап. Негедур менде бул ғаррының тәғдирине қызығыўшылық басым еди. – Екеўиңиздиң тилиңиз бир-аў, я? «Старики – разбойники». – Күлдим.
– Жазыўшы, журналистке айтсаң дуйым журтқа жаяды-аў, – деп бир қағытып өтти.
– Енди аға, өнегели, адамларға пайдасы тийетуғындай сыр – турмыс болса жайғанның не зыяны бар? Со, бағана ғарры сизиң қасыңызда мен болғаннан кейин сизге де тоқтамай кетип қалды-аў, я?
– Мүмкин, солай болыўы. Айттым ғой, ҳеш ким менен ашылыспайды деп. Тек мениң менен ғана азы-кем сөйлесип, қатнасық етеди. Онда да жақыннан берли. Болмаса он жыллық аўылласыман ғой. Ҳеш тиллеспес еди. Сөзге тартсаң да, «яқ», «аўа» дан ары өтпейди, ямаса ийнин қысып, «билмеймен» дегенди билдиреди де, үйине кирип кетер еди. Сөйлесе баслағанының да бәҳәнеси бар екен, кешегиде билдим.
– Не бәнеси бар?
– Пай, иним-ай, қоймадың-дә, қоймадың. Мәйли, өзимниң жақсы көретуғын иним едиң, бирақ ҳеш кимге айтпаў шәрти менен айтаман.
– Болады, – деймен изиндеги сырды сары майдай сақлаў қыйыншылығын ойламай. – Тисимнен шықпайды.
– Солай болсын. Исенимли жигитке усайсаң, – деп те қояды. Жазыўшы, журналистти әпиўайы халық жүдә сыйлайды. Туўры сөзли, сөзине берик деп түсинеди. Аўзымда сөз турмайтуғынын өзим билемен ғой, қысынып баратырман, оның мақтағанына.
Бул ўаққа бизлер жүрип өзимиздиң атызға келип қалған едик. Суў бир жөн ағып атыр. Атыздың жақын арада толатуғын түри жоқ екен, арқайын гүрриңлессек болады. Бизиң атыздың дөңислик мүйешине қурылған илекер қосқа кирдик. Жийдениң астына салынғанлықтан қойыў көлеңкели еди. Күн болса түске таялған, шыжғырып тур, күйдиреди.
– Ал билгениңизди айта бериң, аға, – деймен ағаға банкадан қатық қуйып, клёнка дәстурқанға еки шөрек қойып атырып.
– Мениң менен де бурын сөйлеспейтуғын еди, дедим ғой.
– Аўа, аўа.

Дауамы бар
4.








Бүгинги Жазыушылар ауқамында өткерилген проза сециясының жыллық есабат мәжилисинен.

Показано 20 последних публикаций.