ҒӘРЕМЕТ
(гүрриң)
(Басы жоқарыда)
Ақшаны үйип қойса да тапқанын далаға шашатуғын да Нийетулла, жумысындағы келиншеклер менен хызмет бабы сөйлессе, ойнаслық ететуғын да, бузықларға баратуғын да; той, бәзимде еки кесе «ақ суў» ише ғойса мәскүнем де; дыңғырлыдан қутылайын деп қатынға ашыўланып, бир–еки күн жора–жолдастың үйинде қонып қалса, хожалыққа жаны ашымайтуғын да Нийетулла бола берген. Ғәрежетли жумыста ислеп, пул дегенди үйине буўатлап әкелсе де, айлығын бермейтуғын ол, ал медсестра ҳалына шаңарағын бағып отырған өзи бола берген. Адамгершиликли, табысы мол күйеўиниң қәдирин билмеген. Азық-аўқат пенен тәминлеп отырса да аўқаттың суйығы, қалдығы усыники болған: «Шөмиштен қысқан», «Бул не, гөши қайда?», «Аўқатты мен келиўге таярламайсаң ба, өзлериң ишип, маған аўысқанын қалдырғанша? Өлмесем, жумыстан түсте саат бирден, кеште жетиден қалмай келип жүрмен ғой. Ыссылай ишкенге не жетсин» десе: «Үйде отырғаннан соң аш болып ертелеў писирдим... Тап сен-ақ аўқатқа жыр шығарасаң да отырасаң. Ал бермегеним. Ертеңнен баслап бул жуўындыны да қалдырмайман. Тамағыңа керек болса писирип жейсең» деп жалтарып ҳәм қайта өршеленеди екен. Аўзына муш пенен урғаннан бетер аўыр гәптен соң екинши рет аўқат бойынша «жың» шығарыўға қорқып, қатынның қуйғанына қайыл бола баслаған.
Нийетуллаға жақын, тийисли ағайин, жек-жат, жора-жолдас та бир-еки келгенде тәбизди байқап, келиўди сийреклеткен, базылары улыўма есигин ашыўды қойған. Оған дәрек адам келсе үйде аўқатқа салатуғын гөштен баслап, пияз, дузға шекем жоқ болып шығады. Дәстурханға ярым шөрек қатқан нан қойылады. Бар затты да жоқ деп қапылтады екен.
Ал енди жумыс бабы иркилип, кешлеў, түнлетип келсе, дәрўазаны ашпай дилгир етип қояды екен. Ѳз үйиңе ѳзиң туўры кире алмай турыў қандай аўыр азап екенлигин басынан ѳткерген биледи, депти ғарры.
(Дауамы бар).
8.