Репост из: Әдебий БлоGнот
#романнан_үзинди
БИРИНШИ БӨЛИМ
Нәресте нәпесине мегзес қыстың қысқа күни бираз жылып турды да, таў шоққыларына түскен қуяш кетиўден көп узамай ҳаўа райы бузылды: музлықлар тәрептен суўық самал есе баслады, үңгирлерди тез арада қараңғылық қаплады, кыпырық қар менен араласып, уйтқыған қуйын түнниң ызғырык суўык болатуғынының нышаны еди.
Ҳәп заматта гүллән дөгерек қалың қар менен қапланды. Тәбияттың қүтилмеген ҳәдийселери нәтийжесинде әтирапқа апат дарыған сыяқлы буннан еки қүн бурын тосаттан қалың қар жаўып, соның ақыбетинде Ыссыкөл таў лизбеклери қар менен қапланып жатар еди. Қар боранның ишинде таўлар көзден ғайып болды, аспан түнерип, әтирап-айнала көзге көринбестен қалды. Кейин тынышлык шөкти, ҳаўа райы ашылды. Буннан кейин қыс бораны тынып, ой-қырлары пүткиллей қар қоршаўында қалған таўлар шымыр аязда тып-тыныш үнсизликти сақлап қатып турар еди.
Тек те сол бир күнбатар мезгилинде Узын Шат шоққылары үстинде, шексиз аспан кеңислигинде, булытлар тодасы қойнында, думан астында жатқан Ала-Монгю музлы шығарлығына қарай ушып баратырған аўыр салмақлы вертолёттиң гүрилдеген даўысы кем-кем жақынласып, бетер күшейип барар ҳәмде әтирап-дөгерек даўыс ҳәм жақтылықтан басқа ҳеш нәрсе жетип бара алмайтуғын шоққылар, таў дизбеклери менен мәңги көк музлықларды пүткиллей өз қарамағына алды. Дәслепкиден бес бетер күшке минген вертолёт пәрриклериниң сести таў менен тасларға урылып, соныңдай қорқынышлы шаўқым салар еди, енди тағы да солай даўам ете берсе, тапбир жер силкингендей, киямет-қайым келип қалатуғындай сезилип турды.
Ушып киятырған вертолёт соныңдай жақынласып қалды, жол үстиндеги самаллар желпип өткен таў жанбаўырларынан гүлдирлиниң тәсирине ушыраған таў таслары бөлекленип орынларынан қозғалды да, соңынан сол заматта домалаўы менен тоқтады. Тап бир соны күтип турғандай, гиддиман ушқыр таслар бирқанша бәлент бийикликлерден түсип, жол-жөнекей шаң-тозаң көтерип, гүрсилди пайда етип төменге қулады. Олар таў жанбаўырына түскенде тап бир зеңбиректиң оғындай гүрсилди сес шығарып жарылып, қызыл тал ҳәм дус келген путаларды женшип өтип, қар тозаңларын көкке суўырып, қорқынышлы сес шығарып қулады. Таў жанбаўырына жетип, гүңиренип түсип атырған таслар жоқарыдан салбырап турған шақалар ҳәм қойыў путалықлар менен қоршалған үңгирге келип, тәрепи жылға бойына қараған қасқыр ининиң кирер жеринде иркилди. Урғашы қасқыр Акбара жоқарыдан қулаған таслар ҳәм қар жыйындыларынан шоршып кетип, артына қарай шегинип, қараңғы үңгирге қарай ысырылды, желкесиндеги жаллары тикирейип, көзлери ғәзептен от шашып, қандай бәламат болмасын, не болыўына қарамастан оған қарсы ҳүжим етиўге таярланып турды. Лекин ол бийкарға қәўетерленген еди.
Шыңғыс АЙТМАТОВ. ӘЖЕЛ ДАСТЫҒЫ
Русшадан Алпысбай СУЛТАНОВ
аўдармасы
https://t.me/a_blognot