Алпысбай Султанов


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Қарақалпақ әдебиятында өзиниң тәкирарланбас дөретиўшилик жолына ийе Өзб. ҳәм ҚҚ. Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алпысбай Султановтың (Алп Султан) шығармалары каналы.
Пикир ҳәм усынысларды @is_juritiwshi_bot жолласаңыз болады.

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций




Репост из: Jaslar Tv
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
"Siz súygen qosıqlar táriyxı" Maxset Ótemuratovtıń "Qaraqalpaǵım" qosıǵı haqqında 📺➖ONLINE JASLAR TV       
🌐➖INSTAGRAM                   
✅➖TELEGRAM       
📹➖YOU TUBE   
🟦➖NUKUSFM100.4
🌐➖SAYT                                
✅➖FACEBOOK       
🥳QUTLIQLAW


Репост из: Лола
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Сөзи: Алпысбай Султанов
Намасы: Қәдир Хилалов

💻💽🎞🎙📻📝🔉🎧🎼❤️

Мен қашан да бир нәрселерге қатты қуўансам, кимлердендур қапа болсам, кейпиятым жақсы боп турса, яки бирден албырақлап түскинликке түсип қалсам, өзимди жалғыз сезсем, кимдидур сағынсам, кимнендур кеўлим толып ырза болсам, зериксем, ойыма ҳешқандай пикир, идея келмей қалса, шубалаңқы қыяллар шылбырында қалып қойып оннан шығыў жолын яки адамды излесем, турақсызлық бийлеп дурыс қарар қабыл етиўим қыйынласып қалса, кеўил дүньям дәрьядай тасып әтирапыма қандайдур жақсы нәрселерди инәм етип таратқым кеп қалса, шүкиршилик, өзиме-өзлигиме деген үлкен исеним, беккем мақтаныш сезинсем...ҳәм усы сыяқлы инсаный сезимлер, туйғылар, дебдиўлер тәсирине түскенимде усы қосықты тыңлағым келеди, тыңлайман. Ол маған өзгеше күш-жигер, кейпият, жақты нур, энергия, руўхый беккем қанат береди.
Менимше биразларға бул дөретпе тап солай тәсир етсе керек...❤️👍










Репост из: Рано Казакбаева
Алп Султан Мухаббат мауритлери.pdf
5.0Мб


Репост из: Kegeyli qánigelestirilgen mektebi
Joqarıda berilgen qosıq avtorın durıs belgileń.
Опрос
  •   K.Karimov
  •   A.Sultanov
  •   T.Qabulov
  •   S.Embergenov
333 голосов


Qosıq atı: Qaraqalpaǵım

telegram ☕️ you tube ☕️
instagram ☕️ facebook ☕️


Репост из: Kegeyli qánigelestirilgen mektebi
Joqarıda berilgen qosıq avtorın durıs belgileń.
Опрос
  •   I.Yusupov
  •   T.Qabulov
  •   K.Karimov
  •   A.Sultanov
346 голосов


Qosıq atı: Sayasında otırsam taldıń

telegram ☕️ you tube ☕️
instagram ☕️ facebook ☕️


Репост из: Kegeyli qánigelestirilgen mektebi
Joqarıda berilgen qosıq avtorın durıs belgileń.
Опрос
  •   A.Sultanov
  •   S.Embergenov
  •   K.Karimov
  •   T.Qabulov
342 голосов


Qosıq atı: Yar ıshqı

telegram ☕️ you tube ☕️
instagram ☕️ facebook ☕️


Репост из: Kegeyli qánigelestirilgen mektebi
🧤 #Biz_kútken_ushırasıw
🧤 #Diydar_nesip

Babam qara bórik kiygen,
Arǵı atam Maman biyden-
Kózlerime ısıq túymeń,
Qásterlegen óz qalpaǵın,
Elseń sen, Qaraqalpaǵım

             
           Alpısbay Sultanov

🏔 Kegeyli rayonı Qánigelestirilgen mektebinde kópten kútken ushırasıw.

🏔 22-may kúni mektebimizde joqarıdaǵı názerińizge usınılǵan qosıqlardıń avtorı, talantlı shayır, Qaraqalpaqstan xalıq jazıwshısı Alpısbay Sultanov penen ushırasıw bolıp ótedi.

🏔 Bársheni shayır menen diydarlasıwǵa mirát etemiz!

telegram ☕️ you tube ☕️
instagram ☕️ facebook ☕️


Репост из: Халила Дәўлетназаров
Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!

Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.

Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.

Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.

Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.

Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.

Ғаз қуўға көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.

Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!

Канал: @X_Dauletnazarov


Репост из: ❤️ӨжЕт қоСықлаРы❤️
"ҚАЙЫНЛАР"

(Аллаяр Досназаровтың естелигине)

Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа.
Ойлаған жоқ ҳасла шығарлық жанын
Разы емес жала менен қуллыққа...

Көзин тигер қара бултлы аспанға,
Қыялынан не кешкени белгили.
(Бәрин жазса татырлықтай дәстанға)
Миллетиниң өмири еди ендиги...

Бир неше секундтың ишинде бәри,
Көз алдына келди жас пенен бирге.
Дөҳметлер шашыратқан тилдиң зәҳәри
Арқасына тийген тас пенен бирге...

Қыянетти көрди ҳәтте ярынан,
Кеўили музлады, жүрек сызлады.
Айрылып қалса да мәгәр барынан,
Бүкпеди қәддини, беглик бузбады...

Шыдады, шыдаўға мәжбүрдей болып,
Өзин тыйды өзине зыян етиўден.
Ақыры бул қылық кете алмас озып,
"Дос"лары көрсеткен қыянетинен...

Ол ушын тең еди Қарақалпақлар,
Ғаррысы, баласы, орта буўыны.
Сезилер көзинен, муңлы жалтақлар,
Жоқ болып кетиўден қарқатуғыны...

"Меннен не қалды?!" дер, қарап жән-жаққа,
Кимге айтар еди өкпели зарды?!
(Атам-аў қайғырма, Қарақалпаққа,
"СТАН"ды қостырып кеткениң қалды...)

Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа,
Басылды тепкиси, үзилди жаны,
(Ҳәм сынды есиктен және бир тутқа...)

Неге сес бермейсиз, бәрин көрсеңиз?
Сизлерге өтинип турған жайым бар.
Қәнекей ҳәммесин айтып берсеңиз,
Соңғы демлерине гүўа қайыңлар....

✍️Өжет Байназаров
01.05.2022
@bakhadur92ojet


Репост из: QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASI' ARXIV ISI BASQARMASI'
#Еслеў_ҳәм_қәдирлеў

Аллаяр Досназаров (1896-1937 жж.)тың туўылғанына 128 жыл.

Бүгин 8-май - белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер (Первый ответственный секретарь Обкома КАО (октябрь,1924 г. - июнь, 1925 г.) Аллаяр Досназаровтың туўылғанына 128 жыл толды.

Аллаяр Досназаров 1896-жылы Шымбай уездиниң "Көк өзек" болыслығында (ҳәзир Қараөзек районы) дүняға келген.

Ел перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Досназаровтың естелиги мәңги болсын.


Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасының рәсмий каналы. https://t.me/QRARXIV


Репост из: Әдебий БлоGнот
#романнан_үзинди

БИРИНШИ БӨЛИМ

Нәресте нәпесине мегзес қыстың қысқа күни бираз жылып турды да, таў шоққыларына түскен қуяш кетиўден көп узамай ҳаўа райы бузылды: музлықлар тәрептен суўық самал есе баслады, үңгирлерди тез арада қараңғылық қаплады, кыпырық қар менен араласып, уйтқыған қуйын түнниң ызғырык суўык болатуғынының нышаны еди.
Ҳәп заматта гүллән дөгерек қалың қар менен қапланды. Тәбияттың қүтилмеген ҳәдийселери нәтийжесинде әтирапқа апат дарыған сыяқлы буннан еки қүн бурын тосаттан қалың қар жаўып, соның ақыбетинде Ыссыкөл таў лизбеклери қар менен қапланып жатар еди. Қар боранның ишинде таўлар көзден ғайып болды, аспан түнерип, әтирап-айнала көзге көринбестен қалды. Кейин тынышлык шөкти, ҳаўа райы ашылды. Буннан кейин қыс бораны тынып, ой-қырлары пүткиллей қар қоршаўында қалған таўлар шымыр аязда тып-тыныш үнсизликти сақлап қатып турар еди.
Тек те сол бир күнбатар мезгилинде Узын Шат шоққылары үстинде, шексиз аспан кеңислигинде, булытлар тодасы қойнында, думан астында жатқан Ала-Монгю музлы шығарлығына қарай ушып баратырған аўыр салмақлы вертолёттиң гүрилдеген даўысы кем-кем жақынласып, бетер күшейип барар ҳәмде әтирап-дөгерек даўыс  ҳәм жақтылықтан басқа ҳеш нәрсе жетип бара алмайтуғын шоққылар, таў дизбеклери менен мәңги көк музлықларды пүткиллей өз қарамағына алды. Дәслепкиден бес бетер күшке минген вертолёт пәрриклериниң сести таў менен тасларға урылып, соныңдай қорқынышлы шаўқым салар еди, енди тағы да солай даўам ете берсе, тапбир жер силкингендей, киямет-қайым келип қалатуғындай сезилип турды.
Ушып киятырған вертолёт соныңдай жақынласып қалды, жол үстиндеги самаллар желпип өткен таў жанбаўырларынан гүлдирлиниң тәсирине ушыраған таў таслары бөлекленип орынларынан қозғалды да, соңынан сол заматта домалаўы менен тоқтады. Тап бир соны күтип турғандай, гиддиман ушқыр таслар бирқанша бәлент бийикликлерден түсип, жол-жөнекей шаң-тозаң көтерип, гүрсилди пайда етип төменге қулады. Олар таў жанбаўырына түскенде тап бир зеңбиректиң оғындай гүрсилди сес шығарып жарылып, қызыл тал ҳәм дус келген путаларды женшип өтип, қар тозаңларын көкке суўырып, қорқынышлы сес шығарып қулады. Таў жанбаўырына жетип, гүңиренип түсип атырған таслар жоқарыдан салбырап турған шақалар ҳәм  қойыў путалықлар менен қоршалған үңгирге келип, тәрепи жылға бойына қараған қасқыр ининиң кирер жеринде иркилди. Урғашы қасқыр Акбара жоқарыдан қулаған таслар ҳәм қар жыйындыларынан шоршып кетип, артына қарай шегинип, қараңғы үңгирге қарай ысырылды, желкесиндеги жаллары тикирейип, көзлери ғәзептен от шашып, қандай бәламат болмасын, не болыўына қарамастан оған қарсы ҳүжим етиўге таярланып турды. Лекин ол бийкарға қәўетерленген еди.

Шыңғыс АЙТМАТОВ. ӘЖЕЛ ДАСТЫҒЫ
Русшадан Алпысбай СУЛТАНОВ
аўдармасы

https://t.me/a_blognot


Репост из: Әдебий БлоGнот
#аударма

Шыңғыс АЙТМАТОВ

                      ӘЖЕЛ
                    ДАСТЫҒЫ

                       Роман

Русшадан Алпысбай СУЛТАНОВ
аўдармасы.

Романның бас қаҳарманы Авдий Каллистратов, бурынғы семинар тәрбияланыўшысы, жаслар редакциясының тапсырмасы менен Мойынкөл тропикалық далаларына кендир жыйнаўшы нәшебентлер ҳаққында мағлыўматлар жыйнаўға жибериледи. Ол тек тапсырманы орынлаў ушын емес, түскинликке түскен бийшараларды қутқарып, оларды бурынғы инсан дәрежесине келтириўди мақсет етеди. Ақкөкирек Авдий дүньяны тек те «жақсылық көзқарасынан» көреди, оны өзи де сезбей, гейде ипләслық қуралына айланып та қалады…

https://t.me/a_blognot

Показано 20 последних публикаций.

231

подписчиков
Статистика канала