Репост из: ❤️ӨжЕт қоСықлаРы❤️
"ҚАЙЫНЛАР"
(Аллаяр Досназаровтың естелигине)
Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа.
Ойлаған жоқ ҳасла шығарлық жанын
Разы емес жала менен қуллыққа...
Көзин тигер қара бултлы аспанға,
Қыялынан не кешкени белгили.
(Бәрин жазса татырлықтай дәстанға)
Миллетиниң өмири еди ендиги...
Бир неше секундтың ишинде бәри,
Көз алдына келди жас пенен бирге.
Дөҳметлер шашыратқан тилдиң зәҳәри
Арқасына тийген тас пенен бирге...
Қыянетти көрди ҳәтте ярынан,
Кеўили музлады, жүрек сызлады.
Айрылып қалса да мәгәр барынан,
Бүкпеди қәддини, беглик бузбады...
Шыдады, шыдаўға мәжбүрдей болып,
Өзин тыйды өзине зыян етиўден.
Ақыры бул қылық кете алмас озып,
"Дос"лары көрсеткен қыянетинен...
Ол ушын тең еди Қарақалпақлар,
Ғаррысы, баласы, орта буўыны.
Сезилер көзинен, муңлы жалтақлар,
Жоқ болып кетиўден қарқатуғыны...
"Меннен не қалды?!" дер, қарап жән-жаққа,
Кимге айтар еди өкпели зарды?!
(Атам-аў қайғырма, Қарақалпаққа,
"СТАН"ды қостырып кеткениң қалды...)
Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа,
Басылды тепкиси, үзилди жаны,
(Ҳәм сынды есиктен және бир тутқа...)
Неге сес бермейсиз, бәрин көрсеңиз?
Сизлерге өтинип турған жайым бар.
Қәнекей ҳәммесин айтып берсеңиз,
Соңғы демлерине гүўа қайыңлар....
✍️Өжет Байназаров
01.05.2022
@bakhadur92ojet
(Аллаяр Досназаровтың естелигине)
Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа.
Ойлаған жоқ ҳасла шығарлық жанын
Разы емес жала менен қуллыққа...
Көзин тигер қара бултлы аспанға,
Қыялынан не кешкени белгили.
(Бәрин жазса татырлықтай дәстанға)
Миллетиниң өмири еди ендиги...
Бир неше секундтың ишинде бәри,
Көз алдына келди жас пенен бирге.
Дөҳметлер шашыратқан тилдиң зәҳәри
Арқасына тийген тас пенен бирге...
Қыянетти көрди ҳәтте ярынан,
Кеўили музлады, жүрек сызлады.
Айрылып қалса да мәгәр барынан,
Бүкпеди қәддини, беглик бузбады...
Шыдады, шыдаўға мәжбүрдей болып,
Өзин тыйды өзине зыян етиўден.
Ақыры бул қылық кете алмас озып,
"Дос"лары көрсеткен қыянетинен...
Ол ушын тең еди Қарақалпақлар,
Ғаррысы, баласы, орта буўыны.
Сезилер көзинен, муңлы жалтақлар,
Жоқ болып кетиўден қарқатуғыны...
"Меннен не қалды?!" дер, қарап жән-жаққа,
Кимге айтар еди өкпели зарды?!
(Атам-аў қайғырма, Қарақалпаққа,
"СТАН"ды қостырып кеткениң қалды...)
Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа,
Басылды тепкиси, үзилди жаны,
(Ҳәм сынды есиктен және бир тутқа...)
Неге сес бермейсиз, бәрин көрсеңиз?
Сизлерге өтинип турған жайым бар.
Қәнекей ҳәммесин айтып берсеңиз,
Соңғы демлерине гүўа қайыңлар....
✍️Өжет Байназаров
01.05.2022
@bakhadur92ojet