Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓

Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


ИЙЕСИН ТЕБЕДИ ЕШЕК СЕМИРСЕ.

Жәрдем сорар, адам бели ийилсе,
Жоллары жабылып ҳәмме түңилсе,
Ядда сақлаң бул сөзимди яранлар,
Ийесин тебеди ешек семирсе.

Дәртин айтар адамларда езилсе,
Жаман болар өзин аттай сезинсе,
Адамның болғаны жаман, өзинше,
Ийесин тебеди ешек семирсе.

Жақсы адам пәнт жер екен көбинше,
Адамды мақтама ҳасла көзинше,
Даналық бар қарақалпақ халқында,
Ийесин тебеди ешек семирсе.

Жуўас болар ол арбаға жегилсе,
Мийнет ислеп шаршап тери төгилсе,
Күни келип оған имкан берилсе,
Ийесин тебеди ешек семирсе.

Ең жаман зат адам кеўли түңилсе,
Қыйналасаң, жаслай адам бүлинсе,
Сәл азырақ басың пәске ийилсе,
Ийесин тебеди ешек семирсе.

Ансатбай Каражанов
11.01.2023 Архивтен

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


КИМ БОЛСАҢДА

Турғанда демиңе ҳәзир нан писип,
Ҳаўалап кетпеңлер, жүр жерге түсип,
Тәңирим қойыпты жобасын пишип,
Ким болсаңда қара жерге барасаң.

Минсеңде астыңа тулпардың зорын,
Узатқан жерине жетседе қолың,
Озық болсадағы өзгеден ойың,
Ким болсаңда қара жерге барасаң.

Дәўран атың жетсе мәнзилге барып,
Жүйриктей шапсаңда топ ишин жарып,
Бир гәпти айтайын сизлерге анық,
Ким болсаңда қара жерге барасаң.

Өңириңе алтын медаль тақсаңда,
Дәрья киби бурқасынлап ақсаңда,
Дүнья малды мол-молынан тапсаңда,
Ким болсаңда қара жерге барасаң.

Әмел атын мәңги шаўып турсаңда,
Жасаў ушын алтын сарай қурсаңда,
Кеўил кирин жуўмасаңда, жуўсаңда,
Ким болсаңда қара жерге барасаң.

Ансатбай Каражанов
21.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ТӨРТЛИКЛЕР

Услағанлар еки қайықтың басын,
Бир күн келип жейди тәғдирдиң тасын.
Пул ушын қаққанлар өзгеге қасын,
Сөндирип алады бахыт шырасын.
                         ***
Өзге бағ мийўесин сорамай қағып,
Жесеңлер кетеди ишиңиз ағып.
Керек емес адам бес күн жалғанда,
Өзгеге өзиниң күйесин жағып.
                           ****
Кимге не қылсаңда қайтар өзиңе,
Сонлықтан тек ғана жақсылық қылың.
Көрсетпесин десең Алла көзиңе,
Жаманлық қылмаңлар жақсылық қылың.
                      ****
Алла қәлемеген ҳәр қандай исти,
Бенде мың қәлесин қыла алмайды.
Тил жарып шығады бирақта тисти,
Себеп тарнаў болып тура алмайды.
                      ****
Адамзат үйренсе егерде мутқа,
Бир тийин бергиси келмейди журтқа.
Бирақ сақый етип көрсетер өзин,
Өзин билмейтуғын бийтаныс, сыртқа.
                      ****
Кисиге қылынған ҳәр қандай ислер,
Ўақыт өтип бир күн қайтар өзиңе.
Бир күн ғарғыс тийип бармағын тислер,
Көрсеткенде тәңир Алла көзине.
                      ****
Жаслайыңнан дурыс таңласаң жолды,
Барар мәнзилиңиз анық болады.
Жәрдемге мүтәжге созбасаң қолды,
Өмир жолларыңыз арық болады.

Ансатбай Каражанов
19.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Балам Жумабаев Мусабектиң туўылған күнине қутлықлаў.

Балам саған арнап жазайын қосық,
Болмасын жолыңда ҳеш қашан тосық.
Мениң саған туўылған күн тилегим,
Қызығың көргеймен қатарға қосып.

Алла узағынан бергей жасыңды,
Ғам тәшўиш иймегей ҳасла басыңды.
Мениң саған туўылған күн тилегим,
Муса киби ҳақла Муса атыңды.

Жүзиңнен қуўаныш күлки кетпесин,
Бахыт әўмет ҳасла шетлеп өтпесин.
Мениң саған туўылған күн тилегим,
Тәғдириңе ҳеш жаманлық питпесин.

Муса атаң яңлы елди басқарып,
Жүргениңди көрсин мениң көзлерим.
Муса балам саў саламат жүргейсең,
Еледе көп жақсы тилек сөзлерим.

Басыңнан ҳеш бағ дәўлетиң таймасын,
Бахтың жанып қуяш киби парласын.
Мениң саған туўылған күн тилегим,
Өмир жолың тек мазмунға қайнасын.

Туўылған күниң қутлы болсын, өмир жасың узақ мазмунлы болсын, көзлериң ҳеш қашан жаманлық көрмесин деп әкең Аңсатбай, анаң Дилара, әжағаларың Бердах ҳәм Исламбек.

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ДОС ЯРАНЫ КӨП БОЛМАЙДЫ....

Дос яраны көп болмайды,
дурыс жолдан жүргенниң,
Барлығыда әдил болмас,
әмел атын мингенниң.
Қәсиети жоқ бул өмирде,
қуры босқа күлгенниң,
Түн уйқысы пүтин болар,
тәңирге бас ийгенниң.

Пайдасы жоқ өткен иске,
қуры жанып күйгенниң,
Питпес иске бас қатырып,
терең ойға шүмгенниң.
Барлығыда жаман емес,
әмел атын мингенниң,
Дос яраны көп болмайды,
әдил жолдан жүргенниң.

Бир күн келип жазасы бар,
кеўилге көп тийгенниң,
Барлық ўақыт мазасы бар,
тәңирге бас ийгенниң.
Ҳәр кимниң өз заман бар,
дәўри-дәўран сүргенниң,
Дос яраны көп болмайды,
дурыс жолдан жүргенниң.

Ақылы бар сөйлетпей-ақ,
өзи билип илгенниң,
Ақылы жоқ даў шығарып,
бийкар табан тилгенниң,
Жақсыда бар, жаманда бар,
әмел атын мингенниң,
Дос яраны көп болмайды,
әдил жолдан жүргенниң.

Ҳүрметин қыл сениң ушын,
өз ўақытын бөлгенниң,
Тәрбиясы дүзеў болар,
көргенли ҳәм көргенниң,
Жолы болмас ҳеш ўақытта,
шайтанларға ергенниң,
Дос яраны көп болмайды,
әдил жолдан жүргенниң.

Ансатбай Каражанов
16.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ДҮЗЕЎ БОЛМАСАҢ

Әўел бастан өзиң дүзеў болмасаң,
Бала тәрбиясы дүзеў болмайды.
Ертеңги күн келешекти ойласаң,
Ул-қызыңның ҳасла жүзи солмайды.

Дүзеў болсаң қорқпа атылған тастан,
Жаманлық қылмаңлар ҳеш кимге қастан.
Дурыс жолдан жүриң бес күн жалғанда,
Жерге төңкерилип түсседе аспан.

Жөнсиз өсек сөзди жүргенлер тасып,
Қалады тек ғана соңында сасып.
Өзин дана сезип жүрген шағаллар,
Алғаның жақсыдур өзиңди басып.

Әўел бастан қыйсық өскен теректиң,
Қойыў саясы нә мийўеси болмас.
Ҳадал мийнет етпей тапқан шөректиң,
Порсылдап турсада мазасы болмас.

Әўел бастан өзиң дүзеў болмасаң.
Ўақыт өтип ақсар еки яғың.
Сеннен сабақ алып өскен перзентлер,
Жеп өседи тәғдирдиң тек таяғын.

Ансатбай Каражанов
13.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Өмирлик жолдасым Дилараға арнап жазылған "Дилара" атлы қосығымды усынбақшыман.

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жатқан жериңиз жәннет, руўхларың шад болсын.


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Руухыңыз шад болсын АНАЖАН


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ассалаўма алейкум қәдирданларым бүгин мени дүньяға келтирген анам (мархума) Хожамурат қызы Қызларгүлдиң туўылған күни.

Анамның жайлары жәннеттен топырағы торқа, руўхлары шад болғай.

Шайырман бирақта еле шаламан,
Сиз көрсеткен жолдан жүрип бараман.
Бәри сизиң берген дуўа арқалы,
Анажан мен сизге қайыл қаламан.

Ансатбай Каражанов
11.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ИЗГЕ

Жаз мәўсими нәўбет бергендей гүзге,
Нәўбет пенен әўмет келеди бизге.
Бир нәрсени билип қойың яранлар,
Өткенди қайтарып болмайды изге.

Ҳүждан менен инсап көринер жүзде,
Жүрек таза болса егерде бизде.
Билмесеңлер билип қойың яранлар,
Өткенди қайтарып болмайды изге.

Жаслайыңнан бала көшени гезбе,
Бир сөзди қайталап болмағыл езбе.
Өмир ойнағандай емесдур жезде,
Өткенди қайтарып болмайды изге.

Ҳәзир-ақ тоқтатың жаман ислерди,
Қайрамаң өзгеге ҳасла тислерди.
Жыйнап алың ақыл ҳәмде еслерди,
Өткенди қайтарып болмайды изге.

Келседе қыйынлық машқала сизге,
Өмирден ҳеш қашан үмитти үзбе.
Бир нәрсени ядда сақлаң яранлар,
Өткенди қайтарып болмайды изге.

Ансатбай Каражанов
09.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ЖИГИТ ҲАҚҚЫНДА

Жигиттиң болмаса ары, уяты,
Берсеңлер тегин деп алабереди.
Ол жигиттиң ертеңги күн зүрияты,
Өзгермей өзиндей қалабереди.

Жигитке жараспас шығымсыз болыў,
Өсек сөзди айтыў ҳәм оны шолыў.
Бул өмирде мениң жеке пикирим,
Болған жақсы жигит өмирде қойыў.

Береди екен деп алаберместен,
Жақсы көреди деп бараберместен.
Жигит жасаў керек жигиттей болып,
Өзим десе өгиз болаберместен.

Бирлик болсын деген жигит жумыста,
Қуштар болмас даў-жәнжелге урысқа.
Ҳәмме тең тартпаса егер арбаны,
Болады билсеңлер кеўил суўыспа.

Ҳәмме бир жағадан шығарып басты,
Ислесе тас-талқан қылады тасты.
Суў ишкендей шигин салы себепли,
Бундай етип ишпең ҳеш қашан асты.

Жигит өлшенеди кеңлиги менен,
Ҳәмде әдиллиги теңлиги менен.
Мақтасаң арзыйды ер жигитти тек,
Қылған жақсылығы, ерлиги менен.

Ансатбай Каражанов
04.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ЗУЛЫМЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА.

Өткермеңлер зулымлықты ҳеш кимге,
Билсеңлер қонақсыз өзи бес күнге.
Зулым қылып азар берсең мазлумға.
Аллаҳ сени түсиреди мүшкилге.

Өзгени қыйнасаң егер жазықсыз,
Қаласаң бир күни өзиң азықсыз.
Зулым қылып азар берсең мазлумға,
Адамгершиликтен бираз арықсыз.

Өзгени қыйнаўды қылсаңлар әдет,
Онда жоқ дегени бундайда әдеп.
Өзгеге зулымлық өткеребермең,
Әмел тийгенинде қолыңа ҳә деп.

Жөн сөз бенен айтқан жақсы адамға,
Кемситип бақырыў тәндур наданға.
Ең соңында қара жерге барады,
Бай ҳәмде пақырда, қара табанда.

Өзиңди санасаң өзгеден артық,
Қаласаң бир күни "шалшық"та қалқып.
Дурыс жолдан жүрген жақсы яранлар,
Биймәлел өзиңниң арбаңды тартып.

Қамшыңнан тамбасын адамның қаны,
Аллаға аманат бендениң жаны.
Зулымлық себепли азайып кетти.
Жақсы адамлардың бүгинде саны.

Ансатбай Каражанов
02.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai




ӨЗИМИЗДИ АЛДАЙМЫЗ

Қам сүт емген бендемиз деп,
өзимизди алдаймыз.
Өмир бақый бул өмирде,
ҳеш биримиз қалмаймыз.
Қыйсық емес дурыс сөзге,
неге қулақ салмаймыз.
Писик емес еле бери,
билсеңизлер қамдаймыз.

Қам сүт емген бендемиз деп,
өзимизди алдаймыз.
Өзимизге өгиз бирақ,
өзге ушын жанбаймыз.
Иман жүзли болсақ ғана,
туўры жолды таңлаймыз,
Қыйсық жолдан жүрсек егер,
мәнзилге дәл бармаймыз.

Қам сүт емген бендемиз деп,
өзимизди алдаймыз.
Гейде тасып турған дәрья,
гей ўақытта қумдаймыз.
Саўап иске қолды урсақ,
ҳеш ўақытта сынбаймыз.
Жасаў ушын азанлы кеш,
ҳәрекеттен тынбаймыз.

Қам сүт емген бендемиз деп,
өзимизди алдаймыз.
Жасы үлкен ақыл айтса,
бирақ қулақ салмаймыз.
Тыныш ҳәмде дүзеў жүрсек,
ярым жолда қалмаймыз.
Адамбыз деп мақтанамыз,
өзи бизлер қандаймыз.

Қам сүт емген бендемиз деп,
өзимизди алдаймыз.
Достай болып жүрген менен,
негизинде жаўдаймыз.
Жаман атты таңымазда,
жақсы атты таңбаймыз.
Билмесеңлер билип қойың,
мәңгиликке қалмаймыз.

Ансатбай Каражанов
01.02.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ӨЗИҢИЗДИ

Ойланыңлар, ашың енди көзиңизди,
Ойлап сөйлең сөйлейтуғын сөзиңизди.
Басқаларды өзиңизден төмен көрип,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Жақсы болып қалдырыңлар изиңизди,
Тығабермей өзгелерге бизиңизди.
Зорға көрип жүрип алып күниңизди,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Жас үлкенниң айтқанына қулақ салмай,
Жас кишини жутайын деп шайнап, жалмай.
Дана адам ақыл айтса оны алмай,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Бирге жүрген жораңызға дузақ қурып,
Билмейди деп тәрезиден ҳақын жырып.
Ишип алып аяғыңда зорға турып,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Умытып кешеги жүрген күниңди,
Сойлейсең таңлайға төсеп тилиңди,
Артпай турып кеўилдеги кириңди,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Ансатбай Каражанов
26.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ҚАРАҚАЛПАҚПАН.

Тарийхын айтсам мен әўели бастан,
Ҳәр бир батырының өзи бир  дәстан,
Сабырлықта беккем ҳәттеки тастан,
Ар-намысқа қанық Қарақалпақпан.

Жолына қойғанда душпанлар қақпан,
Тек жәрдем сораған жаратқан ҳақтан,
Ҳадал мийнет етип ырысын тапқан,
Ар намысқа қанық Қарақалпақпан.

Бул журтқа жерленген Ҳәким Улықпан,
Ата бабам оның жолларын тутқан,
Ғам шексе билдирмей ишине жутқан,
Ар-намысқа қанық Қарақалпақпан.

(Өтирикти ырас етип айтпаған,)
Ҳақты айтып сөзинен ҳеш қайтпаған,
Намыс ушын туўған елин сатпаған,
Ар-намысқа қанық Қарақалпақпан.

Ансатбай Каражанов
Ташкент
Архивтен

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


МУҒАЛЛИМ

Муғаллим бақырса жүрмең шағынып,
Ашыўланып қабақ үйип, қағынып,
Келешек сизлерден оқыўшы жаслар,
Оқың бәрҳә муғаллимге бағынып.

Болсын дейди ол сизлерди билимли,
Туяна ҳәм оқымыслы, илимли,
Муғаллимниң қулақ салып гәпине,
Ең жақсысы оқығаның тийимли.

Билим алған пайдалы тек өзиңе,
Қулақ салың оқыўшылар сөзиме.
Тапсырманы орынламай берилген,
Шөп салмаңлар муғаллимниң көзине.

Муғаллим бул жол жарытқыш шырақдур,
Жаманлықтан анағурлым жырақдур,
Жаслайыңнан билим менен суўғарған,
Уллы, Әзийз, кәраматлы булақдур.

Муғаллим бул оқыўшының панасы,
Мийримли ҳақ кеўил ата-анасы,
Жасларға тәлим ҳәм тәрбия берген,
Адамлардың ақыллысы, данасы.

Ансатбай Каражанов
25.01.2024

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ТАРЛЫҚ ЕТКЕН ЖАРАСПАЙДЫ.


Берилмеңлер бул гәпиме ашшыға,
Сырттан емес жүзге айтқан жақсы-дә.
Билмесеңлер билип қойың яранлар,
Тарлық еткен жараспайды басшыға.

Асын қызғанғанды мийманнан келген,
Бундай жигитлерди деседи өлген.
Тарлық етсең бул өмирде яранлар,
Ҳеш қашан болмайды орының төрден.

Ўақыт өтип билинеди барлығы,
Кимниң кеўили кең яки тарлығы.
Жалатайдың шығаберер соңынан,
Шалалығы, шийкилиги, қамлығы.

Ашыўланып үйебермей қабақты,
Алған жақсы бул өмирден сабақты.
Ас пискенде созаберсең табақты,
Жақтырмайды ҳеш ким тегин тамақты.

Мүтәж емес келген қонақ асыңа,
Бул гәплерди айтпадым мен асыра.
Қосық қылып төгип салдым қағазға,
Отыра алмастан ишке жасыра.

Ансатбай Каражанов
25.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АРАҚ ҲАҚҚЫНДА

Бул гәплерди қуйып алың қулаққа,
Бул өмирде барғың келсе узаққа,
Дус келгенде қыйынлыққа, сынаққа,
Қуштар болыў керек емес араққа.

Жеткиң келсе мақсетиңе муратқа,
Ишип алып сәўир ярды жылатпа.
Бар пулыңды ислетпестен тамаққа,
Қуштар болыў керек емес араққа.

Ишимликке жолдас болсаң жасыңнан,
Ғам-тәшўишлер үйиледи басыңнан.
Ишип келип түсиниксиз сөз сөйлеп,
Шаңарақтың берекетин қашырмаң.

Ишеберсең таўсылады қуўатта,
Ең соңында қаласаң тек уятқа,
Ишип тура алмағанша аяқта,
Қуштар болыў керек емес араққа.

Шаңараққа ишип келиў дурыспа?
Усындайдан болар кеўил суўыспа.
Билсеңизлер Арақ деген тек ғана,
Сыйып турар шийше деген ыдысқа.

Ансатбай Каражанов
23.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai

Показано 20 последних публикаций.