Соңғы ўақларда
Тармақларда
китап саўдасына арналған көплеген каналлар жумыс ислеп тур.
Бул қуўандырарлық жағдай.
Бирақ, мен сол каналларда
гейбир оқыўшылардың:
"Мына китаптың мазмунын айтып жибересиз бе?
Ол китаптың не ҳаққында екенин жазып жиберсеңиз?" - деген
өтинишлерин оқып ҳайран қала беремен.
"Сатып атырған
китабыңыздың мазмунын жазып жибериң..."
13.11.2024
Нөкис
ХХХХХХХХ
Бундайлар көп ғо.
Өткен жылы
"Университеттиң дизайнер бөлиминде оқыйман.
Конкурсқа қатнасып атыр едим, сизге жиберди" деп алдыма
бир студент қыз келди.
"Әдебий китаплардың бәрин оқып шығыўға ўақтым жоқ.
Сиз оқыған китапларыңыздың мазмунын айтып берсеңиз" деп қолына блокноты менен ручкасын алып
"Мен жазып аламан" дейди ғо. Оған не деримди билмедим. Ақыры оны маған жиберип турған ортадағы жасыүлкен апайдың ҳүрмети ушын
сол жердеги кабинетимдеги шкафта бар китаплардың бир қатар мазмунын айтып бердим. Арадан бир ҳәпте өткеннен кейин "Ўақыт таўып өзиң де оқып шық" деп берип жиберген китапларымды қайтарып алып келипти.
- "Сизге көп көп рахмет.
Биринши орынды алдым , "китапларымды жойтып алмай қайтар" дегениңнен соң алып келдим.
Ашып көриўге ўақтым болмады. Сол сизиң айтып берген китаплардың өзи жеткиликли болды .
Ҳәммеден көп китап оқыған мен екенмен" дейди.
Уялмайды да.
Ал, бизлерге студентлик ўақтымызда сабақ берген устазымыз
Юнус аға Пахратдинов тапсырманы сорап атырып: "Китаптың муқабасы қандай реңде еди?" деп сорайтуғын еди. Студенттиң сол китапты оқығанлығын ямаса оқымағанлығын усылай сынап билер еди.
Бүгингиниң жаслары китаптың мазмунын басқалардан еситкенин айтып берип ақ
орын алып,
өзлерин өзлери алдап жүргенлигин көрип ишим ашыйды.
Зульфия ӨСЕРБАЕВА