Көп жыллардан бери
"Фортуна" салонда шашымды әшекөйлейтуғын
Шынар деген шебер қызым бар.
Шынар мениң телеграмм каналымның шын ықласбенти.
Ҳәр сапары салоннан айналсам, мәс болып қайтаман.
Бириншиден шашымды формаға келтирип,
екиншиден оқыўшымның
әжайып пикирлерин тыңлап кеўлим толады.
"Каналыңыздағы
Қустың сүўрети бар жемпирге арналған жазбаңыз унады.
Бир ўақлары бизиң үйде де
мамам менен жеңгемниң ортасында
усы жемпирге тийисли үлкен даў -жәнжел болғаны ядыма түсти " - деди бир сапары Шынар қызым.
"Калитни чуўзз" деген жазбаларыңыз оқыўшыға ой салары сөзсиз" - деди және бирде.
Соңғы ирет салоннан айналғанымда, Шынар маған көзи түсиўден, қуўанышлы түрде:
"Кишкене шаҳзада" китабыңыздың
Презентация қутлы болсын " - деп
қутлықлады.
Ҳәм хәр дайым әңгимемиз бизлердиң
Сағын екеўмиздиң саяхатларымыз ҳаққында болады.
Соннан мен Шынарға:
"Қызыңның оқыўына итибар бер.
Жақсы оқысын.
Тил үйренсин" деп қайталап айтып баслайман.
"Сизлерге ҳәўес етемен" деп қайталайды ол.
Ҳәм ҳәр сапары
Мен салоннан үйге қуўанып қайтаман.