Соңғы жыллары
Өзбекстан көлеминде өткерилип атырған
ҳәр қыйлы жарысларымызда
Қарақалпақстанлы қосықшыларымыз,
сазенделеримиз қоллап-қуўатлаўшыларының, ықласбентлериниң алғысларына ылайық болып атыр.
Гран-При менен биринши орынлар
ийеси болып атыр.
Ҳәммеси халқымыздың
талантлы ул-қызларын қоллап-қуўатлаўы арқасында иске асып атыр.
Х-Faktor O'zbеkiston
жарысында
жерлесимиз
Ильяс Караматдинов қатнасып атыр ҳәм
усы жылдың 22-декабрь күн
Финал көрсетиўинде
28-декабрь күни болатуғын
Супер финалға жол алды.
Сонша мыңлаған қатнасыўшылардан
2 қатнасыўшы суперфиналға шықты.
Бириншиси: бизиң Ильяс Караматдинов,
екинши атқарыўшылар:
Ришат Rishat - топары ағзалары.
Ильяс - бизиң сүйикли шайырымыз
Ибрайым Юсуповтың қызы
Айжамалдың улы.
Марҳум жасыүлкенимиз,
Кәраматдин Салиевтиң ақлығы.
Конкурстың төрешилер ағзасы,
қосықшы
Лола Юлдашева:
"Бизиң көрсетиўимиздиң
жарқырап турған Қуяшы - бул
бизиң қатнасыўшымыз Ильяс болады" - деп
бизиң баламызға минезлеме берди.
"Қосық айтыў - мен ушын хобби еди" деп Ильяс баламыз қайталап айтқаны менен,
Сахна Ильяс ушын,
Ильяс сахна ушын жарасып-ақ турғаны қуўанышлы жағдай.
Ильяс ҳәр бир қосығын өзи де ҳәз етип атқарады, ҳәм тыңлаўшы да ҳәз етип тыңлайды.
Атқарыўшы менен тыңлаўшы арасында бир әжайып ғана байланыс бар.
Гармония бар.
Жарқырап турған
Қуяш баламызды қоллап-қуўатлайық.
Мияссар Дәўлетбаева
қызымызға даўыс бергенимизде де
биз өзимиздиң аўызбиршилиримизди дәлийллеп едик,
Қуяш - Ильяс баламызға
әўмет тилеймиз,
баламызға
даўыс берип,
қоллап қуўатлайық!