ЖАҢА ЖЫЛ АЛДЫНДАҒЫ ОЙЛАР
Жаңа жыл келди деп ҳәр жыл қуўанып,
Сонша жыл өмирим өтип кетипти.
Көз ашып-жумғанша жасымыз анық,
Пайғамбар жасынан келип жетипти.
Ўа, дариғ,бул ўақыт қандай жылдырым,
Көз ашып-жумғанша өткени неси?
Жыл артынан жыллар келип қулпырып,
Жаслық шақ келмеске кеткени неси?
Кеше бала едик Жаңа жыл келсе,
Шырша әтирапында ойнаған,күлген.
Әттең,сол балалық бир қайтып келсе,
Деген,әрманлар бүгин көксимди тилген.
Мейли өтсин жыллар,өтсин өмирлер,
Мейли бул жалғаншы бизди алдасын.
Сонда да,көп болғай бахытлы күнлер,
Ҳеш кимниң кеўлинде әрман қалмасын!
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
Жаңа жыл келди деп ҳәр жыл қуўанып,
Сонша жыл өмирим өтип кетипти.
Көз ашып-жумғанша жасымыз анық,
Пайғамбар жасынан келип жетипти.
Ўа, дариғ,бул ўақыт қандай жылдырым,
Көз ашып-жумғанша өткени неси?
Жыл артынан жыллар келип қулпырып,
Жаслық шақ келмеске кеткени неси?
Кеше бала едик Жаңа жыл келсе,
Шырша әтирапында ойнаған,күлген.
Әттең,сол балалық бир қайтып келсе,
Деген,әрманлар бүгин көксимди тилген.
Мейли өтсин жыллар,өтсин өмирлер,
Мейли бул жалғаншы бизди алдасын.
Сонда да,көп болғай бахытлы күнлер,
Ҳеш кимниң кеўлинде әрман қалмасын!
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА