Мақсым менен Кәрамат жигитлердиң мамасы,
қызымыз:
"Қуда қәлесе Мақсым 14 жылдан,
Кәрамат 18 жылдан орта мектепти питкереди.
Бизлер олардың
Гарвард Университети студентлери болыўларын қәлеймиз.
Соның ушын бизлер
усы күннен баслап оларға ғәрежет жыйнап баслаўымыз керек екенлигин мойынлап отырмыз" - деди.
"Ҳәм және тапқан табысымыздың бир бөлегин өзлеримиздиң қандай да бир қуўанышларымыз ушын жумсаў - деген бөлимимиз де бар" деп қосып қойды.
Мине, баллардың финансларының
"Қуўаныш" деген бөлиминен пайдаланып, бизлер тәбият қушағында тып-тыныш ғана жерде
мәс болып дем алып атырмыз.
Кишкенелери менен айқасып жүрип,
қызымыз бир күни онлайн,
және бир күни оффлайн ҳүкиметтиң жумыслары менен
бәрҳа шаба-шапта болады.
Жанында болайық,
аўылда болайық, бәрҳа
баллардан еситетуғынымыз
бир гәп:
"Ўақыт жоқ".
Бизлер де оларға:
"Жас ўақлары жуўырғаныңыз,
шапқаныңыз келешегиңизге жәрдем" - деп айтып отырамыз.
Бизлер Сағын екеўмиз ҳәммеге тилеримиз:
не нийет еткен болсаңыз,
кеўлиңизде қандай әрманлар бар, ойлар бар - қуўатлаўшы бир алла, бәри де иске аса берсин.