ЕҢ ЖАҚСЫ ҲӘМ ЕҢ ЖАМАН АДАМ
Әбдурроҳман ибн Әбиў Бәкра разыяллаҳу анҳудан, ол әкесинен рәўият қылады:
«Бир адам: «Ҳәй Аллаҳтың Расулы! Инсанлардың қайсысы абзал?» – деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Өмири узақ болып, әмели шырайлы болғаны» – деди. Ол: «Инсанлардың қайсысы жаман» – деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Өмири узақ болып, әмели жаман болғаны» – деди» (Имам Термизий рәўияты).Саҳабалар разыяллаҳу анҳум Ислам неъматына ерискеннен кейин, дин ҳәм дүньясы ушын ең әҳмийетли болған әмеллерге айырықша итибар берген. Ҳәр еки дүньясы ушын пайдалы нәрселерди билип, үйренип оларға әмел қылыўға ҳәмде зыянлы нәрселерден хабардар болып, олардан узақ болыўға умтылған. Олардың усы қызығыўшылығы ҳәм умтылыслары оларды Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға
«Ең абзал әмел қайсы?», «Кимге көбирек жақсылық қылайын?», «Не қылсам жәннет әҳлинен боламан?», «Жәннетке себеп болатуғын әмеллер қайсылар?», «Инсанлардың ең жақсысы ким?» сыяқлы сораўларды бериўге қызықтыратуғын еди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр бир саҳабаның жасы, жағдайы, мүмкиншилигине қарап ямаса Исламға жаңа киргенин есапқа алған ҳалда жуўап беретуғын еди.
Усы ҳәдисте де бир саҳаба Пайғамбарымыздан
«Ең жақсы инсан қандай болыўы, ең жаманы қандай болыўы» ҳаққында сорады. Пайғамбарымыз алайҳиссәләм оған жуўап қылып узақ өмир сүрип, сол узақ өмири даўамында жақсы, ийги әмеллерди көп қылып, нәтийжеде саўапларын көбейтип алған адам инсанлардың ең жақсысы болыўын айтты. Өз гезегинде узақ өмир сүриўдей имканияттан туўры пайдаланбай пүткил өмирин жаманлық пенен өткерген инсан, ең жаман инсан болып қалыўын атап өтти. Пайғамбарымыз алайҳиссәлләм усы жуўабы менен инсан өмириниң мазмунын белгилеп берди.
Расында, инсан өмирге келеди екен, қашан, қайерде, қайсы жағдайда қайтыс болыўын билмейди. Өйткени, узақ ямаса аз өмир сүриў Аллаҳ тәрепинен болып, инсанның ықтыярында болмаған ис. Себеби өмир Аллаҳтың қолында. Инсанның қолындағы бар нәрсеси болса, сол өмиринде ийги әмел қылып қалыў. Себеби Аллаҳ таала инсанға ақыл берген, китаплар түсирген, Пайғамбарлар жиберген, дәлиллерди баян қылған. Ҳәр бир инсанның ийги әмел қылыўға имканияты бар
Соның менен бирге Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айырым ийги әмеллер инсанның өмири узайыўына себеп болыўын айтқан. Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылған ҳәдисте:
«Ким ырысқысы кең, өмири узақ болыўын қәлесе жақынларына жақсылық қылсын», делинген
(Имам Бухарий рәўияты).Инсанлардың жақсысы өмири узақ болып, әмели гөззал болғаны екен, бәрқулла, Аллаҳтан өмири узын, әмели салиҳ болған бенделерден қылыўын сораўымыз лазым. Мине усыннан ийги әмеллерсиз жасалған узақ өмирде инсан ушын жақсылық жоқ екени мәлим болады. Себеби, гейде узақ өмир инсан ушын жаман ҳәм зыян болып қалыўы мүмкин. Сол себептен айырым уламалар Аллаҳтан узақ өмирдиң өзин емес, таат-ибадатта, ийги әмеллер менен өтетуғын узақ өмирди сораўы лазым болады, деген.
Тийбий раҳимаҳуллаҳ инсан өмириндеги сәтлерди саўдагердиң қаржысына уқсатып мынандай деген:
«Әлбетте, ҳәр сәт ҳәм ўақыт саўдагердиң қаржысына уқсайды. Саўдагер пайда көретуғын ислеринде саўда қылады. Қаржысы қанша көп болса, көретуғын пайдасы да сонша көп болады. Тап сондай инсан да өмиринен жақсы әмеллер қылып пайдаланып қалса, утысқа ериседи. Ким (ўақтын) қаржысын зая қылса, пайда көрмей ашық зыянда қалады».
Мусылман инсан өлимди арзыў қылмайды. Себеби ол өзине берилген узақ өмирди жақсы саўаплы ислер қылыўға имканият деп қабыл қылады. Өмирин өзиниң жақсы ислери менен халқына, динине ҳәм ўатанына пайдасы тийетуғын тәризде өткереди. Нәтийжеде, Аллаҳтың разылығына, халқының дуўасына ерисип, ақыретте де жүзи жарық болады.
Аллаҳ бәримизди узақ өмир сүрип, сол узақ өмир даўамында жақсы әмеллерге жоллап қойыўын ҳәм ақыбетлеримиздиң де гөззал болыўын несип етсин.
Фарҳад ЖЎРАЕВ
Ташкент Ислам институти
Ақаид ҳәм фиқҳий пәнлер кафедраси оқытыўшысы.
Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.
📱http://t.me/nasiyatuz