ЕКИ СЫЙЫР
#Ертек
Бурынғы өткен заманда бир жайлаўды жайлаған еки сыйыр болыпты. Екеўи татыў, аўызбиршиликли өмир сүрипти. Қасқырлар шабыўыл қылса, екеўи бир-бирине артын тиреп, алдынан келгенлерин сүзип майырып жақынластырмайтуғын екен. Ақырында шамасы келмейтуғынын билген қасқырлар сумлық қылыўға өтипти. Олар ала сыйырдың алдына келип: "Ҳәй ала сыйыр, сен қуры айқаса бермей ақылға кел. Қызыл сыйырды бизлерге бер. Сонда бул жайлаўдың ҳәммесинде бир өзиң жайлайтуғын боласаң. Биз сени өзимиз қорғап жүремиз", - деп сыбырлайды. Басында ала сыйыр келиспейди. Бирақ бул гәп қайта-қайта айтыла бергеннен кейин, ала сыйыр бир күни қызыл сыйырды таслап кетеди. Қасқырлар қызыл сыйырды қалай жегенин сырттан көрип турады. Бир, еки кун өткеннен кейин қасқырлар қарны ашқанын айтып қайтадан келеди. Ала сыйыр албырап: "Сизлер маған ўәде берген едиңиз-ғо?!", - дейди. Олар: "Қасқырдың ўәдесинде турғанын қашан көрдиң?", - деп ўаҳаҳалап күледи. Кейин ҳәр жағынан жабылып ала сыйырды жығады. Ала сыйыр алданғанын билип, қатты өкинип: "Сизлер мени ҳәзир емес, қызыл сыйыр менен бирге жеген екенсизлер..." - деп соңғы сөзин айтқан екен.
📱http://t.me/nasiyatuz

АЛТАЎ АЛА БОЛСА АЎЫЗДАҒЫНЫ АЛДЫРАДЫ,
ТӨРТЕЎ ТҮЎЕЛ БОЛСА ТӨБЕДЕГИНИ ТҮСИРЕДИ.
📱http://t.me/nasiyatuz