Нени кɵп ойлайсаң?
- нени кɵп ойласаң сондай адамға айланасаң (адамлар кɵбинесе ɵзи қәлемейтуғын, жақтырмайтуғын нәрселери ҳаққында ойлап ɵзин-ɵзи қыйнайды),
- нени кɵп ойласаң соны жаратасаң (бахыт ҳаққында ойлансаң бахытты жаратасаң, саламатлықты кɵп ойласаң саламатлықты жаратасаң, наўқас адам кеселлигин кɵп ойлайды, машқалалы адам машқаласын кɵп ойлайды, пулға байланып қалған адам жетиспеўшилик-жоқшылықты кɵп ойлайды),
- нени кɵп ойласаң соны ɵзиңе тартасаң (нени яки кимди жаман кɵрсең соны ɵзиңе тартасаң, адамлар жалатай болып кеткен деп ойласаң сондай адамларды ɵзиңе тартасаң),
- нени кɵп ойласаң соны сɵйлейсең (позитив пикирлейтуғын адамның гәпи мазмунлы болады, негатив пикирлейтуғын адамның гәпи ɵсек-биреўлерди жаманлаў болады),
- нени кɵп ойласаң соны ислейсең (бунда медальдың еки тәрепи болады. Ойларың қәлеўиңе туўры келмеўи мүмкин, ойларың нийетиңе туўры келмеўи мүмкин, ис-ҳәрекетиң ойларыңа, қәлеўиңе, нийетиңе туўры келмеўи мүмкин, сонлықтан бундай адам нервный болады, кесел болады),
- нени кɵп ойласаң соған исенесең (бахытсызлық, кеселлик, жаман-унамсыз нәрселерди кɵп ойлайтуғын болсаң, демек соған исенесең. Яғный, жақсылықтан кɵре жаманлыққа, позитивтен кɵре негативке кɵплеў исенесең).
Ойларын басқара алмайтуғын адам турмысын басқара алмайды. Ойларында позитивлерди, қәдириятларды жарата алмайтуғын адам тәғдирин жарата алмайды, «маңлайға жазған»- деген кɵз-қарас пенен жасайды. Дүньяқарасын позитив тәрепке ɵзгерте алмайтуғын адам минезин унамлы тәрепке ɵзгерте алмайды. Минезин унамлы тәрепке ɵзгерте алмайтуғын адам турмысын- тәғдирин унамлы тәрепке ɵзгерте алмайды. Кеселлик яки шаңарақтағы, турмыстағы машқалалар адамның дүньяқарасында, характеринде негативлердиң сыртқы кɵриниси. Тек ғана ɵзиниң дүньяқарасын ҳәм минез-қулқын унамлы тәрепке ɵзгерте алатуғынлар ғана бул ɵмирде бахытлы ҳәм саламат болып жасайды.
@psixolog_nukus