Жаратыўшы Адам ата (еркек) менен Ҳаўа енени (ҳаялды) жаратып атырғанда олардың сыпатларын бɵлистирип баслапты. Жынысый сыпаты бойынша сыртта туратуғын жынысый ағза еркекке тийисипти. Еркек жынысый ағзасын алған бойы шапқылап, алдынан не шықса соның үстине мине берипти. Гезектеги бɵлистиретуғын сыпат ақыл екен. Еркек ɵз жынысый ағзасын басқара алмай атырғанын кɵрип, Жаратыўшы ҳаялға қарап,- «Ақылды еркекке бермесек болмайды, болмаса оның аҳўалы қандай болатуғынын мине кɵрип турсаңғо»- деп, ақылды еркекке берипти. «Саған болса ақылданда күшли сыпатты беремен»- деп, Жаратыўшы ҳаялға сезимталлық сыпатын берипти.
Ҳаялда сезимталлығынан кɵре ақылы- логикасы күшейип кетсе ол ҳаял бола алмайды, қәтелеседи, ҳаяллық күшинен айрылады. Ҳаялдың сезимталлығы бәрше нәрсени кɵре алады, сезе алады, түсине алады, аңлай алады, қабыллай алады. Еркектиң ақылы болса анализлей алады, баҳалай алады, анықластыра алады. Соның ушын еркектиң түсингенин ҳаял түсинбейди, ҳаялдың түсингенин еркек түсинбейди. Бирақ ҳаял сезимталлы болса ɵзинде, еркектиде түсине алады, қабыллай алады, жақсы кɵре алады.
Бүгинги күнде ҳаялларда сезимталлығы тɵменлеп, логикасы күшейип кеткенликтен олар еркеклерди жақсы кɵре алмайтуғын, еркекти түсине алмайтуғын болып қалды. Ҳақыйқый ийман- бул жаратылысыңа сай адам болыўың, жаратылысыңа сай болып жасаўың. Адам биринши гезекте мусылман, христиан, индус қылып емес еркек ҳәм ҳаял қылып жаратылған, қарақалпақ, ɵзбек, қазақ қылып емес еркек ҳәм ҳаял қылып жаратылған, шыпакер, педагог, илимпаз, бизнесмен, артист, мийирбийке, уста емес еркек ҳәм ҳаял қылып жаратылған. Сизлерге сораў. Биринши гезекте ким болыўды үйрениў керек?
@psixolog_nukus