Кесел адам болыў ушын не ислеў керек?
Адам ɵзин кесел қылыў ушын жән-тәни менен ҳәрекет етиўи керек, сонда ол ɵз мақсетине ериседи.
- нервный болыўың керек, не болса соған күйип-писип, шыртылдай бериўиң керек,
- ешектей болып жумыс ислеўиң керек, дем алмаўың керек, буның ушын кредит ала бериўиң керек,
- қорқақ болыўың керек, ɵзиңди қорқытатуғын нәрселерди ойлап табыўың керек ҳәм сол қорқыўыңда әмелге асырыўың керек,
- гɵрқаў болыўың керек, кɵзиңе кɵрингенин аўзыңа тығып, не болса соны парықсыз жей бериўиң керек,
- қаңғыбас, арақхор, мәскүнем, отырыспақ қумар, шағал мәсликке ɵш болыўың керек, жылытқан суўдан қалмаўың керек, жасың үлкен болсада балаларға уқсап «игра» ойнап-отырыспақ қурыў керек,
- түнде кеш уйқылаўың керек, түнги нәўбетшиликте ислейтуғын жумыста кɵп жыл ислеўиң керек,
- ериншек болыўың керек, пияда жүрмеў, денсаўлығың ушын пайдалы шынығыўларды ислемеўиң керек,
- пессимист болыўың керек, ɵсек айтыў, биреўлерди жаманлаў, биреўлерди айыплаў, налыныў менен әўере болыўың керек,
- денеңди химикатларға толтырыўың керек, дәрилер, витаминлер, БАДлар сыяқлы химикатларды қабыллай бериўиң керек,
- негативлерге қатты ɵш болыўың керек, интернеттеги негатив мағлыўматларды қабыллап тезирек адамларға тарқатыўға асығыўың керек,
- тырнақ астынан кир излеўге шебер болыўың керек, адамлардан, жақынларыңнан кемшилик излей бериўиң керек, қызғаншақ болыўың керек, урысыўға бәне излеп жүриўиң керек,
- қатты ɵкпелегиш болыўың керек, бәрқулла ɵкпелеў ушын бәне излеп жүриў керек яки ɵзиң ойлап табыўың керек, биреўлер сени ɵкпелете бериўи керек,
- шыдамсыз, ашыўшақ болыўың керек, тек сеники дурыс болып басқалардики қәте бола бериўи керек, адамлар менен тез-тезден урысып турыў керек, перзентлериңе бақырыўың керек, мызылдаўың, тоңқылдаўың керек,
- жақынларың менен мүнәсибетиңде машқалалар болыў керек, жаман кɵриўиң керек, ɵкпелеўиң, тоңқылдаўың, наразы болыўың керек, бәлениң барлығы жақынларыңда болыўы керек, тек сен аппақ болыўың керек ҳ.т.б.
Адамлар ɵзлерин кесел қылыў ушын кɵплеген усылларды ойлап табады, буларды ҳәр күни шеберлик пенен қолланады. Бундай усыллар жүдә кɵп, сонлықтан Медицина, шыпакерлер, дәрилер кесел адамлар алдында әззи, шарасыз. Адамлардың ɵзлерине кеселлик жаратыў усыллары жылдан-жылға кɵбейип атыр. Барлығын бир пост арқалы жеткерип бериўдиң иләжи жоқ.
@psixolog_nukus