ПЕРЗЕНТ ТӘРБИЯСЫ
Перзенти 1-классқа барған ата-аналар:
- Устаз, сизден өтиниш, мениң балам биринши партада отырсын. Анаў-мынаўыңыз болса айта бериң, биз хызметке таяр...
Перзенти 2-классқа өткенде:
- Устаз, баламның үлгерими қалай? Баламның сабағына үйде өзим жәрдемлесип атырман. Рахмет сизге, устаз...
Перзенти 3-классқа өткенде:
- Мениң балам жарысларға, байрамларға қатнассын. Қосығын өзим ядлатаман. Саў болың, устаз...
Перзенти 4-класссқа өткенде'
- Устаз, қалайсыз? Шаршап атырған жоқсыз ба? Мениң баламның әдеби қалай, жақсы ма? Берекет тапқайсыз, устаз, сизге үлкен рахмет!..
Перзенти 5 - классқа өткенде:
- Мениң балам баслаўыш класында ҳәмме сабағынан "5"ке оқыйтуғын еди. Неге Ана тили мугаллими "4" қояды. Өзиңиз класс жетекшисисиз, бир сөйлесип қоярсыз...
Баласы 6 - классқа өткенде:
-Жыйналыс дейсиз бе? Әкеси шет елде еди. Мениң қолым тиймей атыр. Кейинги сапары барарман.
Баласы 7 -классқа өткенде:
- Маған үйге тапсырмаларын таярлап атырман деди ғо! Өзи муғәллимлер бир мениң баламды көрип қалған. Мектепке бара алмайман, ўақытым жоқ!
Баласы 8- классқа өткенде:
- Не, телефон тек мениң баламда ма?! Тартып алыўға не ҳақыңыз бар?! Үстиңизден жазаман!
Баласы 9 - классқа өткенде:
- Ҳе, төбелескен болса тәрбия бериң! Оны несине маған айтып отырсыз?! Сизлер айлық алып отырсыз! Мектептеги проблемаңызды маған айтпаң!
Перзенти 10 - классқа өткенде:
- Устаз, баламның оқыўы жақсы болыўы ушын не ислейин? Ертең жақсы айлық алатуғын оқыўды оқыўы керек. Устаз, өзиңиз жәрдем бериң...
Интернеттен алынды
https://t.me/Soz_marjani