Саўға
Француз королы Людовик XIV ҳаялы сарай әтирапындағы бағда жалаң аяқ сейил еткенинде нәзик табанларына майса шөплер батпаўы ушын ол жүретуғын соқпақларда узынлығы бир ярым километрлик қундыз терилерин төсеттирип қойған. Грек миллиардери Аристотель Онассис сүйиклиси Жаклин Кеннедиге Скорпиос атаўын саўға қылған ҳәм сол жәннет мәкан атаўда неке тойын өткерген. Бонни деген гөззал ҳаялды сүйип қалған атағы жер жарған ғәззап-қарақшы Клайд екеўиниң муҳаббатына бағышлап оған кактус плантацияларын инам етипти. Америка ғәзийне излеўшилериниң бири Адриатика теңизи қурдымынан алып шығылған үш сандық толы алтын ҳәм ҳасыл тасларды, фарфор ыдысларды сүйиклисиниң аяқларының астына таслаған…
Еки жүз мың жыл – үш жүз мың жыл бизлерден илгери,
еркек Homo sapiens ҳаялларға не берди?...
Саўға еткен шығар, бәлким, бақаншақ тарақты.
берген шығар тас ийнени яки тас орақты…,
жыртқыш аңнан қорғаныў ушын – сүйек пышақты,
яки жолбарыс тисинен исленген моншақты…,
қысларда тоңбаўы ушын буйволдың терисин,
мамонтлар азыўының ең сақа – ирисин…
Қулласы ҳаяллардың қәлбин ийелеў ушын
еркек гуманоид аямаған ақылын, күшин.
Тарийхта мысаллар дым көп, жан-тәнин аямас,
Жанына тәғдирин қосып, мал-мүлкин аямас:
Уллы сәркарда Марк Антоний Клеопатраға
баҳасы Римнен қымбат мәрўарит сыйлаған.
Ҳәм айтқан: «Унамаса, саған берген бул саўға,
ылақтыр, теңиз, толқын жутсын, зыңғыт сен суўға!...»
Ҳаялларға муҳаббатта түсиниксиз күш бар –
усы тилсим ҳәммемизди сақыйлыққа баслар.
Бабурийлар әўлады ҳүкимдар хан – Шаҳ Жаҳан
Мумтаз Жаҳаны ушын Таж Маҳалды қурдырған.
Шаҳ Жаҳан ханның Мумтаз Жаҳанға сағынышы –
ҳаялына муҳаббаттың шын рәмзи, көриниси…
Бул еркеклер нелерди қылмас, ҳаялларға… деп,
алмаған таў, шықпаған шың жоқ, қыяллары көп…
Биреўлер жананына көл, таўларды сыйлайды,
генийлер дилбарларға Ноу-Хоуларды сыйлайды…
Гейбири гөззалларға атаўларды сыйлайды,
яки микрорайоннан «отаўлар»ды сыйлайды…
Яки гүллер ҳәм гәўҳар, ҳинжи, периўза, зерлер
қәлбимиздиң Қуяшы ҳаялларға берилер.
Саўға – Қудай ғәзийнеси, түрлери мың сандур,
Ҳәр кеўилде миллион қыял, нелер қылмас инсан бул?...
Биз билмеген саўғалар, еситпеген елде көп:
Яр деп, қулағын кесип, берген художник Ван Гог…
Қуўанышбай, айт достым, қосағыңа алдың не?
Француз ароматы – «Диор» яки «Шанель»ме?...
Қандай саўға алдыңыз, достым Қанатбай, Марат?...
«Алтын қуйма билезик?!..» Алмазы неше карат?...
Мен бир мүсәпир шайыр – қорқып жалт-жалт қарайман,
қорқсамдағы қәйтейин, бир нәрсеге жарайман…
Жүрек шайды болғанбыз Ҳаял деген Орайдан…
«Саған саўға аламан…» деп, өзинен пул сорайман…
Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ
https://t.me/Soz_marjani